Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
7.63K subscribers
39.9K photos
4.87K videos
31 files
17.5K links
Download Telegram
Қурылыс жумыслары депутатлар қадағалаўында

Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаевтың район аймақларында мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм берилген тапсырмаларды қадағалап барыў бағдарында Жоқарғы Кеңес депутатларына берген тапсырмасы бойынша 45-санлы «Шоманай» сайлаў округинен сайланған Жоқарғы Кеңес депутаты, сенатор Улуғбек Жалменов Шоманай районы «Қарабайлы» МПЖ аймағындағы 32-санлы мектептиң 220 орынлы жаңа оқыў имараты ҳәм спорт залы қурылысының барысы менен танысты.

Толық мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
FVV OGOHLANTIRADI!
IS GAZI HAYOT UCHUN XAVFLI!
- - - - - - - - - - - - - -
МЧС ПРЕДУПРЕЖДАЕТ!
УГАРНЫЙ ГАЗ ОПАСЕН ДЛЯ ЖИЗНИ!

Boshqa
yangiliklar👇

Fvv.uz | Facebook | Telegram | Youtube | instagram
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🔹3-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис қаласының шетки аймақларының бири болған “Бес төбеˮ мәҳәллеси пуқаралары менен ушырасқан еди.

🔹Ушырасыў даўамында жаслар машқалалары, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў сыяқлы мәселелер де итибардан шетте қалмады.

🔹Бүгин Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы П.Махсетбаев ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Спортты раўажландырыў министри ў.ў.а А.Алланазаровлар “Бес төбеˮ мәҳәллесине барып, мәҳәлле жаслары менен ушырасты.

🔹Ол жерде жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўлери ушын мектеп спорт залы саат 18:00 ден кейин мәҳәлле жаслары ықтыярына берилетуғын болды.

🔹П.Махсетбаев ҳәм А.Алланазаров өзлери менен алып барған спорт инвентарларын мектеп жәмәәтине тапсырды.

Каналға ағза болыў
e-auksion.uz арқалы 1362 ге жақын автотранспорт қуралларын сатып алыӊ

🔸 439 жеӊил (қараңыз)
🔹 252 жук (қараңыз)
🔹 4 мото (қараңыз)
🔹 40 автобус (қараңыз)
🔹 1 миниавтобус (қараңыз)
🔹 6 микро автобус (қараңыз)
🔹 60 трактор (қараңыз)
🔹 64 тиркемелер (қараңыз)
🔹 190 арнаўлы техникалар (қараңыз)
🔹 88 мәмлекет қатнасындағы карханалардыӊ автомототранспортлары (қараңыз)
🔸 213 "Ўзпахтасаноат" АЖ автотранспортлары (қараңыз)



👇Хабардар болыў ушын👇
Telegram | Facebook | Instagram | Youtube
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Ахборот 24 | Сув таъминотини яхшилашга оид лойиҳалар кўриб чиқилди
#5dec #uzbekiston24

mtrk.uz | Youtube | Facebook | Telegram | uztv.tv | TV-dastur
Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң елиў бесинши сессиясы болып өтти.

Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезектеги елиў бесинши сессиясы болып өтти. 
Сессияға районлық Кеңестиң депутатлары, сектор басшылары, өзин-өзи басқарыў уйымлары, мəкеме, шөлкем басшылары  қатнасты. 
Сессия күн тәртибине муўапық район ҳәкиминиң орынбасары, инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бөлими баслығы Қ. Дарибаевтың
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 11-ноябрь күнги “Қарақалпақстан Республикасын комплекс социал-экономикалық раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында районда әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша есабаты тыңланды. 
Соның менен бирге:
-“Ҳаяллар дәптери”ниң үшинши басқышына киргизилген ҳаялларға материаллық жәрдем ажыратыў;
-район аймағындағы социаллық қорғаўға мүтәж пyқараларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде “Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды ҳәм “Сақаўат ҳәм көмек” қоры есабынан қаржы ажыратыў;
-район ҳәкимлиги жер фонды есабында турған жер майданларынан дийқан хожалығын шөлкемлестириў ҳәм аўыл хожалығы кәрханаларына жер майданларын ажыратыў бойынша ашық электрон таңлаўға шығарылған жойбарларды тастыйықлаў;
-“Темир дәптер”, “Ҳаяллар дәптери” ҳәм де “Жаслар дәптери” не дизимге алынған пуқараларға көрсетилип атырған әмелий жәрдемлердиң ҳалатын үйренип шығыў нәтийжелери;
-район халқын ҳәм де социаллық тараў объектлерин электр энергиясы ҳәм тәбийий газ бенен тәмийинлеў ҳәм авариялық жағдайлардың алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар;
-Жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен 2022-жыл даўамында әмелге асырылған қурылыс оңлаў жумысларының барысы ҳәм де Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2022-жыл 7-ноябрьдеги 954-санлы қарары менен “Қарақалпақстан Республикасы бюджетиниң 2022-жыл III шерек дәраматлар режесиниң артық орынланған бөлеги есабынан районға ажыратылған қаржыларды тастыйықлаў мәселелери бойынша тийисли мәкеме, шөлкем басшылары менен депутатлардың  мәлимлеме ҳәм есабатлары тыңланды.
Сессия күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар тәрепинен тийисли шешимлер қабыл етилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети  
https://t.iss.one/taxtakopir_hakimligi
Қарақалпақстанда «Меҳир ҳәрекети» басланды

Шараяты аўыр бул шаңарақларда жасап атырған пуқаралардың кими жалғыз баслы, кими бағыўшысынан айырылған, кими көп балалы, және басқалары майыплығы болған шахслар болып, оларға бүгинги күнде жәрдем көрсетилиўи керек.

Ең баслысы бул шаңарақлардың қыстың қыраўлы күнлеринен аман алып шығылыўын тәмийинлеў, денсаўлығына қараў ҳәм бәҳәр басланыўы менен ең биринши гезекте олардың турақ жайларын шиферлап ҳәм поллап берип, турмыс машақатларын жеңиллетиў зәрүр ҳәм шәрт.

Бир сөз бенен айтқанда Қарақалпақстанда «Меҳир ҳәрекети» басланды.

Толық мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter