Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
7.46K subscribers
40.5K photos
4.98K videos
32 files
17.8K links
Download Telegram
Бүгин «Даўытсай» мəкан пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) ушын болып өткен сайлаўда, пуқаралар жыйыны баслығы лаўазымына Есемуратов Талғат Есемуратович ҳəм Ешмаханов Асқар Қуўандықовичтиң кандидатурасы усынылды. Сайлаў нəтийжесине көре «Даўытсай» мəкан пуқаралар жыйыны баслығы лаўазымына көп даўыс топлаған ҳалда Есемуратов Талғат Есемуратович сайланды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Президент нефть-газ хомашёсини қазиб олиш ва маҳсулот ишлаб чиқаришни кенгайтириш масалалари муҳокамаси бўйича йиғилиш ўтказди.
Нефть-газ соҳасида ҳисоб-китоб механизмлари шаффофлигини таъминлаш, операцион самарадорликни ошириш вазифалари қўйилди.
Ресурсларни ҳозирдан тежаш, муқобил энергиядан фойдаланишни рағбатлантириш муҳимлиги таъкидланди.

Президент провел совещание по вопросам расширения добычи нефтегазового сырья и производства продукции.
Поставлены задачи по обеспечению прозрачности механизмов учета, повышению операционной эффективности в нефтегазовой отрасли.
Подчеркнута важность экономии ресурсов, стимулирования использования альтернативных источников энергии.

#Mirziyoyev #yigilish #energetika #neftgaz

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Дыққат таңлаў!

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими бир қатар бирге ислесиўши мәкемелер менен биргеликте «Пидайы жаслар жетекшиси» Республикалық таңлаўын жәриялайды.

Толық видеороликте тамашалаң👆

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
Мактабларни битирувчи ўғил-қизларга табрик

Поздравление всем выпускникам школ

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Forwarded from Joqarǵı Keńes.uz
Коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери додаланды

Мәжилиске Өзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги директорыныӊ орынбасары У.Тухташева, Бас Прокуратура басқармасы баслығыныӊ орынбасары Ш.Мухаматов ҳәм Саўда-санаат палатасыныӊ басқарма баслығы Б.Ибадуллаев, сондай-ақ, Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық кеӊеси ағзалары, мәмлекетлик басқарыў уйымлары басшылары, министрликлер, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм видеоконференцбайланыс арқалы қала ҳәм район ҳәкимлери қатнасты.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары А.Давлетов ашты ҳәм басқарып барды.

Өткен жылы республикадағы түрли дәрежедеги 202 лаўазымлы шахслар, 94 тараў хызметкерлери, 54 пуқара, усы жылдыӊ 4 айы даўамында болса, 98 лаўазымлы шахслар, 36 тараў хызметкерлери, 18 пуқара коррупция менен байланыслы жынаят ислеп, жуўапкершиликке тартылған.

Толық мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

website |facebook | telegram
Бүгин барлық улыўма орта билим бериў мектеплериниң 11-класын тамамлап, үлкен өмир жолына қəдем қойып атырған питкериўши жаслар ушын умытылмас күн, себеби бул күн питкериўшилерди жаңа өмир ҳəм үлкен жолға қəдем таслаўына бағдарлаўшы күн.
Ерте таңнан районымыздағы барлық улыўма орта билим бериў мектеплеринде соңғы қоңыраў сеслери жаңлады.
5-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде өткерилген бүгинги “Соңғы қоңыраў” кешесине район ҳəкими Ж.Адилов ҳəм кең жəмийетшилик ўəкиллери қатнасты.
Илажда район ҳəкими тəрепинен Президентимиздиң питкериўши жасларға жоллаған байрам қутлықлаўы оқып еситтирилди
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati