Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
6.08K subscribers
35.9K photos
4.37K videos
29 files
16.1K links
Download Telegram
Awqattan za’ha’rleniw – botulizm keselligine alıp keledi

Botulizm keselligi awqattan záhárleniwdiń eń awır túri esaplanıp, ayırım jaǵdaylarda úy shárayatında tayarlanǵan 🍅pomidor, 🥒qıyar hám 🥫konserva ónimlerin paydalanıw nátiyjesinde payda boladı.

Húrmetli puqaralar!

📍Egerde, konserva ónimlerin paydalanǵannan keyin ózińizde hálsızlenıw, kewil aylanıwı, qaytarıw kibi belgilerdi sezseńiz dárhal shıpakerge xabarlasıń.

📌Botulizm kesseligine shatılmaw ushın hár bir insan tómendegilerge ámel etiwi kerek:

👉úy shárayatında pomidor, qıyar baklajan ikraları h.t.b konserva ónimlerin tayarlamaw;
-👉hár qanday konserva ónimlerin ashıwdan aldın onı shayqamastan jaqsılap kózden keshiriw, qaqpaǵı kóterilmegenligine, suyıqlıǵınıń tınıqlıǵı hám ónimlerdiń ezilmegenligine itibár beriń!

Rayonlıq Ayrıqsha jaǵdaylar bólimi


Kanalımızǵa qosılıń
📍https://t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
#Бүгин

Елимиз бойлап даўам етип атырған #Жасыл_аймақ жойбары тийкарында нәл отырғызыў жумысларына бүгин районлық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими ҳәм "Мәҳәлле" қайырқомлық жәмийетлик фонды районлық бөлимшеси хызметкерлери белсендилик көрсетти.
"Әҳмийетли 40 күн" акциясының бул жумысларына район ҳәкими Жамбул Адилов қатнасты.


Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
📍https://t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Ана тилим, сен - басқадан айырмам...

Ана тили ҳәр бир инсанның балалығынан қәлиплеседи. Сөз үйрениўди тили шыққан бала дәслеп шаңарақтан, соң балалар бақшасынан үйренеди. Сонлықтан да мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери балалардың тил қатнасына айрықша кеўил аўдарыўы керек.
15- санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде "Ана тилим-байлығым!" сүрени менен кишкенелер ушын ертелик шөлкемлестирилди.Шөлкемде балаларды миллий дәстүрлеримизге үйретиўде айрықша итибар қаратылған.


Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
📍https://t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati