Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
6.25K subscribers
36.9K photos
4.47K videos
29 files
16.4K links
Download Telegram
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
TV Anons | TELEDEBAT | Prezidentlikka nomzodlarning vakillari ishtirokidagi qizg`in bahs-munozaralar | 2021-yil 19-oktabr soat 17:00 da
#18sept #uzbekiston24

mtrk.uz | Youtube | Facebook | Telegram | uztv.tv
Россиядан Өзбекстанға жолаўшы поездиниң арнаўлы рейслери жолға қойылады

https://kknews.uz/kk/89655.html

Дәрек:👇
https://t.iss.one/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
#Сайлаў_2021

МҮДДЕТИНЕН БУРЫН ДАЎЫС БЕРДИ

Тахтакөпир районындағы сайлаў участкаларында мүддетинен бурын даўыс бериў даўам етип атыр. 437-сайлаў участкасында пуқара Г.Давкенова хызмет ўазыйпасы себепли мүддетинен бурын өз талабанына даўыс берди.
Сайлаў күни өзи жасайтуғын жерде болыў имканиятына ийе болмаған сайлаўшы мүддетинен бурын даўыс бериў ҳуқықына ийе.

(Орайлық сайлаў комиссиясының усы жыл 5-октябрьдеги 1142-санлы қарарына тийкар мүддетинен бурын даўыс бериў 14-20-октябрь күнлери азанғы 09:00 ден кешки 19:00 ге шекем әмелге асырылады).

Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 57-статьясы.


Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға қосылың:👇
https://t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Qaraqalpaqstan Respublikası Joqarǵı Keńesiniń Prezidium qararı menen Ózbekstan gereńler jámiyeti Qaraqalpaqstan bólimine Nexia 3 markalı xızmet avtomashinası tapsırıldı.

Kanalǵa aǵza bolıw: @QResMinistrlerKenesi
#Билесизбе

📌Штандарт – арнаўлы түрдеги байрақ.

‼️Шет мәмлекетлерде штандарт (байрақ) президентлик белгиси есапланады.

Штандарт (байрақ) Президент қатнасатуғын барлық әҳмийетли илажларда, инаугурация (ант қабыл етиў) пайытында және Президент резиденциясы имаратлары ҳәм хызмет ханаларында көтериледи.

Президент штандартының (байрағының) мәмлекетлик байрақтан айырмашылығы сонда, мәмлекет байрағы барлық мәмлекетлик уйымлар, усы мәмлекеттиң дипломатиялық ўәкилликханалары, консуллық шөлкемлериниң имаратларында тағы басқа жерде ҳәм жағдайларда көтерилсе, Президент штандарты (байрағы) жеке Президентке бириктириледи ҳәм тек ол тәрепинен пайдаланылады.

Дәрек:
https://t.iss.one/huquqiyaxborot

Каналымызға қосылың:👇
https://t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Үшинши басқышқа жоллама

Алдын хабар бергенимиздей, мектептиң жоқарғы класс оқыўшылары арасында бир ҳәпте даўамында алып барылған пәнлер олимпиадасының районлық екинши басқышы жуўмақланды. Олимпиада жуўмағында 117 оқыўшы жеңимпаз деп табылды. Олар районлық Халық билимлендириў бөлими тәрепинен хошаметленди ҳәм келеси республикалық дәрежеде өткерилетуғын үшинши басқышқа жолламалар алды. Оқыўшы жасларымыздың келеси сынақтан да сүринбей, үлкен нәтийжелерге ерисиўине тилеклеспиз. Оқыўшының жеңиси - устаздың мийнетиниң жемиси екенин мойынлайтуғын ўақыт жетти.
Әўмет сизлерге, олимпиада қатнасыўшылары!


Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға қосылың:👇
https://t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Аймағында шаңарақлар саны мыңнан аслам болған мәҳәлле хызметкерлериниң айлықлары көбейеди

“Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары хызметкерлерин социаллық қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы Президент пәрманы (ПФ–6324-сан, 18.10.2021-ж.) қабыл етилди

🔰 Пәрманға көре, 2021-жыл 1-ноябрьден:

аймақта шаңарақлар саны мың ҳәм оннан да көп болған пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары хызметкерлериниң айлық лаўазым пуллары 35 процентке арттырылады;

пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары хызметкерлерин хошаметлеў, оларға бухгалтерия хызметин көрсетиў ўазыйпасы район (қала) ҳәкимликлеринен район (қала) мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлимлерине өткериледи;

район (қала) мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлимлери жанында юридик шахс болмаған Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары хызметкерлерин хошаметлеў қоры шөлкемлестириледи.


Дәрек:
https://t.iss.one/huquqiyaxborot

Каналымызға қосылың:👇
https://t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati