#Сектор_баслықлары_халық_арасында
Райондағы 4 сектор басшылары тәрепинен “Дәўир” МПЖ аймағында жасаўшы пуқаралар, жаслар менен көшпели қабыллаў өткерилди. Ушырасыўда халықтың машқалалары бойынша мүрәжатлары тыңланды.
Ушырасыў даўамында аймақ турғынларының напақалар тайынлаў бойынша мүрәжатларына пенсия қоры районлық бөлими тәрепинен ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди. Пуқаралар Г.Кулбаева, Г.Ғаниевалардың жумыс пенен тәмийинлеў ҳаққындағы мүрәжатларына тийкарланып, халық бәнтлигине көмеклесиў орайы тәрепинен районда шөлкемлестирилиўи режелестирилген инвестиция жойбарлары бойынша ашылыў алдында турған жумыс орынларына жайластырыў мәсләҳәтлесип алынды. Г.Турсынова, Г.Хожаниязова, Р.Бердимуратов ҳәм М.Гулмановалардың ишки жолды оңлаў, көп квартиралы үй алдынан тасланды ушын орын таярлап бериў, саламатлығы ушын дәри-дәрмақтан жәрдем, жеңиллетилген кредит ажыратыўға еткен мүрәжатлары бойынша тараў басшыларына тийисли көрсетпелер берилди.
Каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati

Халықты дизимге алыў ҳәм оның абзаллығы
Қолымызда Өзбекстан Республикасы картасы, оған қарап аймақларға тийисли бирлемши мағлыўматларды алыўымыз мүмкин. Мәселен, Сурхандәрьяда неше билим алыў мектеплери бар, Ферғанада халық саны қанша, усыған уқсас керек мағлыўматлар. Бирақ бундай көрсеткишлер менен бүгинги тез раўажланып атырған дəўирде узақты гөзлеп реже дүзиў кыйын, əлбетте. Керисинше, колымызда ҳəр бир аймаққа тийисли анық фактлер болса, режелеримиз манзилли ҳәм пуқта болады. Бизге республика бойынша исенимли мағлыўматлар керек ҳəм оларды жаңалап барыўымызға туўра келеди. Бундай анық мағлыўматлар халықты дизимге алыў жолы менен əмелге асырылады. Соған қарап өткен дəўир ҳəм бүгинги күн хаққында ой-пикир жүритиў және келешекти режелеп алыўымызға болады. Сондай-ақ, бул арқалы халықтың жасы, жынысы, миллети, мағлыўматы, шаңарақ жағдайы, бəнтлиги бойынша ҳəм басқа да мағлыўматларды алыўдың бирден-бир жолы болып табылады.
Районлық статистика бөлими

Тахтакөпирде шигит егиси 10-апрельден басланады
Тахтакөпир районы А.Адилов атындағы АПЖ аймағындағы «Даўытсай дала» фермер хожалығында «2021-жыл зүрәәти ушын шигит егисин белгиленген агротехникалық илажлар тийкарында шөлкемлескенлик пенен өз ўақтында өткериў бойынша» көргизбели семинар кеңес болып өтти. Райондағы 114 фермер хожалыкларында 2021-жылдың зүрәәти ушын
3450 гектар майданға пахта егиў, соннан 3163 гектар майданға С-4727 сортын ҳәм 287 гектар майданға Ч-5018 сортын егиў режелестирилип, «Qoraqalpogiston Аgrocluster» ЖШЖ менен контрактация шәртнамалары дүзилди.
Шигит егисин 10-апрельден баслап 20-апрель күнине қысқа 10 күн муддетте жуўмақлаў ушын 10 отряд шөлкемлестирилген.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Кинематография тараўында мәмлекетлик басқарыў системасын жетилистириў ҳәм тараў ўәкиллериниң дөретиўшилик жумысы ушын мүнәсип шараят жаратыў ҳаққында
https://kknews.uz/kk/77875.html
https://kknews.uz/kk/77875.html
Салтанатлы күнге бағышланды
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы 1993-жыл 9-апрель күни он екинши шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң он екинши сессиясында қабыл етилген.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы алғы сөз, 6 тараў, 26 бап, 121 статьядан ибарат.
Мине ертең Конституциямыздың қабыл етилгенине 28 жыл толады. Усы байрам салтанатына бағышлап районлық мәденият орайында мәжилис болып өтти. Онда район ҳәкими Жамбул Адилов жыйналғанларды байрам менен қутлықлады. Шығып сөйлегенлер Конституцияның қабыл етилиў тарийхы ҳәм абзаллықлары ҳаққында айтып өтти. Байрам кешесине арналған мәжилис йошлы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы 1993-жыл 9-апрель күни он екинши шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң он екинши сессиясында қабыл етилген.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы алғы сөз, 6 тараў, 26 бап, 121 статьядан ибарат.
Мине ертең Конституциямыздың қабыл етилгенине 28 жыл толады. Усы байрам салтанатына бағышлап районлық мәденият орайында мәжилис болып өтти. Онда район ҳәкими Жамбул Адилов жыйналғанларды байрам менен қутлықлады. Шығып сөйлегенлер Конституцияның қабыл етилиў тарийхы ҳәм абзаллықлары ҳаққында айтып өтти. Байрам кешесине арналған мәжилис йошлы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
3 күн даўамында банклер ҳәм мобиль қосымшалар арқалы ҳәкимшилик жәриймаларды төлеў имканияты болмайды
https://kknews.uz/kk/77892.html
https://kknews.uz/kk/77892.html