Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
6.49K subscribers
36.4K photos
4.41K videos
29 files
16.3K links
Download Telegram
Көрисиў күни кеўилли байрам болды

Қоңыраткөл АПЖ аймағында "Амал келди-жыл келди" атамасында театрластырылған музыкалы әдебий саз-саўбетли байрам кешеси өткерилди. Мусылманның жаңа жыл басы келиўи менен қазақ миллетиниң ата- бабаларынан мийрас болып келген дәстүрий көрисиў күни бул аймақта кең түрде белгиленди. Туўысқан қазақ халқының миллий мийраслары ҳәм салт-дәстүрлерин келешек әўладқа жеткерип бериў мақсетинде бул күнге жақсы таярлықлар көрилди. Районлық мәденият бөлимине қараслы "Саржайлаў" қосық хәм ойын халық жәмәәти менен 18-санлы улыўма билим бериў мектеби жәмәәти тәрепинен "Көрисиў", "Тусаў кесер", "Күмис илиў" композициялары, қосық ҳәм аяқ ойынлары жыйналғанлар нәзерине усынылды. Қазақ хәм қарақалпақ қара үйлери тигилип, миллий көргизбелери шөлкемлестирилди, палўанлар гүреси, қораз урыстырыў, сондай-ақ ләйлеклер ушырылыўы байрамның мазмунын байытты.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Forwarded from Karakalpakstan.uz
Президент Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлардың презентациясы менен танысты.

Улыўма баҳасы 887 миллион доллардан аслам болған және 711 жойбар ҳаққында мағлыўмат берилди. Олардың нәтийжесинде дерлик 222 миллион доллар муғдарындағы ислеп шығарыў қуўатлылығы шөлкемлестирилиб, 22 мыңнан аслам жаңа жумыс орынлары жаратылады.

Мәмлекетимиз басшысы ресурсларды толық иске қосып, қайта ислеўди тереңлестириў, адамларға турақлы дәрамат дерегин жаратыў бойынша көрсетпелер берди.

Каналға ағза болыў: @QResMinistrlerKenesi
ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРДЫ ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАЎ, ОЛАРДЫҢ ЖӘМИЙЕТЛИК ТУРМЫСТА БЕЛСЕНЕ ҚАТНАСЫЎЫН ТӘМИЙИНЛЕЎ СИСТЕМАСЫН БУННАН БЫЛАЙ ДА ЖЕТИЛИСТИРИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

https://kknews.uz/kk/75703.html

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
ҚАРАҚАЛПАҚСТАНДА ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЛАТУҒЫН ИНВЕСТИЦИЯЛЫҚ ЖОЙБАРЛАР ТАНЫСТЫРЫЛДЫ

https://kknews.uz/kk/75770.html

дәрек:👇
https://t.iss.one/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
"ASIA VOICE" таңлаўында жеңимпаз болды

Тахтакөпир районлық мәденият бөлимине қараслы орайлық мәденият орайы жанындағы "Шуғла" қосық ҳәм миллий ойын халық ансамбли қосықшысы Рахат Жиемуратов Қазақстан Республикасы Нурсултан қаласында онлайн тәризде өткерилген "ASIA VOICE" атамасындағы Республикалық вокаль таңлаўында 1-орынды жеңип алды. Жеңимпаз арнаўлы диплом ҳәм де медаль менен сыйлықланды. Район ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық мәселелери бойынша орынбасары Б.Танирбергенов таңлаў жеңимпазын қутлықлап, жетип келген хошаметлеў сыйлықларын тапсырды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Өзбекстанға Россиядан суўық ҳаўа ағымы кирип келеди

Усы жылдың 13-14 март күнлери Өзбекстан аймағына Волгабойы арқалы Россияның (Москва ўәлаяты) Европа аймақлары үстинде қәлиплескен суўық ҳәм ызғар ҳаўа массалары кирип келеди. Бул ҳаққында Гидрометеорология хызмети орайы хабар берди.

13-14-март күнлери Республикада жаўын-шашын (14-мартқа өтер кешеси жаўын  қарға айланады), айырым жерлерде күшли болады. 

Қарақалпақстанда 13-мартта қар жаўады, базы жерлерде күшейиўи мүмкин. 

14-15-мартта ҳаўа температурасы Қарақалпақстанда түнде 10-15° суўыққа дейин, күндизги күнлери 2-7° суўыққа дейин пәсейеди.

13-14 мартта республика бойынша айырым жерлерде самал 17-22 м/с дейин, ал айырым жерлерде болса 25-28 м/с дейин күшейиўи мүмкин.
https://hydromet.uz/uz/news/397-ahborot-habari.html

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Қарақалпақстанда шарўашылық, балықшылық ҳәм қусшылық бойынша әмелге асырылатуғын жойбарлар нәтийжесинде 7 мыңға шамалас адамлар жумыс пенен бәнт болады

Қарақалпақстанның аўыл хожалығы тараўындағы имканиятлары да жүдә кең. Мәселен, шарўашылық, балықшылық ҳәм қусшылық бойынша 117 жойбар ислеп шығылған. Олардың нәтийжесинде 7 мыңға жақын адамның бәнтлиги тәмийинленеди. Әҳмийетлиси, 24 жойбар гөш, сүт ҳәм терини қайта ислеў, аралас жем ислеп шығарыўға бағдарланған.

Мәмлекетимиз басшысы сырт ел тәжирийбесин енгизген ҳалда, нәсилли шарўашылық ҳәм балықшылықты раўажландырыў зәрүрлигин атап өтти. Ресурсларды толық иске қосып, қайта ислеўди тереңлестириў, адамларға турақлы дәрамат дерегин жаратыў илажлары бойынша көрсетпелер берди.

Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлардың презентациясында мағлыўмат берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.


Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
#Қутлықлаймыз

Халқымызға белгили болғанындай, Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысларды және де жетилистириў ис-илажлары ҳаққында"ғы 2018-жыл 2-февраль күнги Пәрманына муўапық, "Муътабар аёл" көкирек нышаны шөлкемлестирилген еди.
Быйылғы жылы Тахтакөпир районынан көп жыллық шыпакерлик мийнети арқалы халқымызға жақсы таныс болған ҳүрметли дем алыстағы нураный, акушер-гинеколог Бийбимәрьям Мусаеваға усы "Муътабар аёл" көкирек нышаны несип етти.

Б.Мусаеваны бул сыйлығы менен шын кеўилден қутлықлаймыз.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Бизиң каналымыз!
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Нөкис қаласындағы «Имам Ийшан Муҳаммед» жәмәәтлик мешити Өзбекстан бойынша «Ең абат мешит» деп табылды

https://kknews.uz/kk/75814.html

Бизиң каналымыз!
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Мәлимлеме хызмети басшылары Президент академиясында оқытылмақта

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы қала ҳәм районлардың Мәлимлеме хызмети басшылары Мәмлекетлик басқарыў академиясында қәнигелигин арттырыў бойынша үш күнлик оқыў курсларын баслады.

Оқыў курслары даўамында Мәлимлеме хызмети басшыларының мәлимлеме сиясаты тараўындағы билимлерин арттырыў, әмелий ҳәм теориялық көнликпелерин жетилистириў нәзерде тутылған.

Мәмлекетлик басқарыў академиясында шөлкелестирилген оқыў курсларына Өзбекстан Республикасындағы ўәлаят, қала ҳәм районлардан 206 Мәлимлеме хызмети басшылары тартылған.


@QResMinistrlerKenesi

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Садир Жапаровнинг мамлакатимизга ташрифи бошланди

Олий мартабали меҳмон ҳурриятимиз, порлоқ истиқболимиз ва эзгу ниятларимиз рамзи бўлган Мустақиллик ва эзгулик монументи пойига гул қўйди.

📍https://uza.uz/posts/247992
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ ОН ЖЕТИНШИ СЕССИЯСЫ ҲАҚҚЫНДА МӘЛИМЛЕМЕ

https://joqargikenes.uz/6068.html