Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
6.54K subscribers
36.2K photos
4.4K videos
29 files
16.2K links
Download Telegram
АҚШ Миллий гвардиясының жүзлеген әскерлери коронавирус жуқтырып алған

Капитолий имараты алдында шөлкемлестирилген тәртипсизликтен кейин Вашингтонға жиберилген АҚШ Миллий гвардиясы әскерлериниң бир неше жүзлегени коронавирусқа шатылғаны анықланған, олардың көпшилиги пайтахт мийманханаларында карантинде сақланбақта, деп мәлим етеди “Politico” баспасы.

Толық:
📍https://uza.uz/posts/236420

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Мектеплерде «Тәрбия» сабағын қайсы пән муғаллимлери өтетуғыны мәлим етилди

https://kknews.uz/kk/72333.html

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Бүгин тәғдир қалдырды ма мазаққа,
Жаның төзбей турыпсаң ба азапқа.
Әўмет сеннен кетсе бүгин узақлап,
Шыда бирақ, сен баслысы тирисең.
Ҳүжданы бар адамлардың бирисең.

Дәўлет деген адамға бир қонақтай,
Кетсе сени көплер қалар унатпай.
Барлығы да өтип кетер сынақтай,
Шыда бирақ, сен баслысы тирисең,
Инсабы бар адамлардың бирисең.

Денсаўлығың болса бәри табылар,
Қарыз-парыз бәри изи жабылар,
Таўсылмайды тағы-тағы, тағылар,
Шыда бирақ баслысы сен тирисең,
Имкәны бар адамлардың бирисең.

Өмир сүйер сабырды ҳәм шыдамды,
Сынақларды жеңип өткен адамды.
Кешир саған зулым еткен наданды,
Баслысы сен бул өмирде тирисең,
Ийманы бар адамлардың бирисең!


Абадан ТУРДЫМУРАТОВА
Ашық сабақлар өткерилди

Орта билимлендириў системасындағы ашық сабақлар - устаз бенен оқыўшылар арасындағы байланысты, оқытыўшының билимин, оқыўшының қызығыўшылығын көпшилик кәсиплеслер менен биргеликте бақлаў, оларды баҳалаў усылы болып табылады.
Районымыздағы 3-санлы қәнийгелестирген улыўма орта билим бериў мектебинде бүгин тәбийий пәнлер болған химия, биология, физика пәнлеринен ашық сабақ өткерилди. Ашық сабаққа барлық улыўма орта билим бериў мектеплериниң пән оқытыўшылары қатнасты. Бунда "Хлор" темасында ҳәр қыйлы методлардан пайдаланса, "Репродуктив саламатлық" темасында интеллект карта методы, машқалалы тәлим технологиясы, үй тапсырмасында PISA тестлерден нәтийжели пайдаланды. Балаларға "Ас сиңириў системасы органларының дүзилиси ҳәм функциясы», "Асқазан-ишек кеселликлери ҳәм олардың алдын алыў" темаларында сабақ өтилди. Кәсиплес устазлар өтилген пән сабақлары бойынша өз-ара пикирлер алысты.


Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Президент: Бугун кечагидек яшашга ҳаққимиз йўқ - уйғониш керак, ҳаммамиз бирлашишимиз керак

Президент: У нас нет права жить как раньше - всем нам нужно проснуться, объединиться

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Тахтакөпир районлық ХББ қараслы 3-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма орта билим бериў мектебинде ашық сабақлар өткерилди.

Интервью: Галя Сейдаметова -
усы мектептиӊ химия пәни оқытыўшысы.


Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
📌Ҳаяллар организминде еркеклердикинен 6 есе көп алтын болады.

☝️Инсан организминде орташа 0.2 миллиграмм алтын бар
Нийет ҳәм ҳәрекет

Бир қайықшының киши қайығы бар екен. Қайықтың бир ескегине “нийет”, екиншисине болса “ҳәрекет” деп жазылған. Қайыққа минген адамлар бул жазыўлардың себебин сораса, қайықшы былай жуўап береди екен:
“Егер мен тек ғана “нийет” деп жазылған ескекти ҳәрекетлендирсем, онда қайық бир жерде айланып қалабереди. Егер тек ғана “ҳәрекет” деп жазылған ескекти ҳәрекетлендирсем де, қайық бир жерде айланабереди. Егер екеўин теңдей айландырсам, сонда ғана қайық мәнзилге жетеди.

Инсан да тек нийет қылса, бирақ ҳәрекет етпесе, бир жерде айланған қайық сыяқлы мәнзилине жетпейди. Мақсетке жетиў ушын әўели “нийет” және “ҳәрекет” болыўы керек”. "Ҳәрекетке - берекет" деген сөз қайдан келип шыққан дейсиз?!


Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Ўзбекистон Президенти Шавкат Мирзиёевнинг Бухоро вилоятига ташрифи ҳақидаги махсус репортажни қуйидаги ҳаволалар орқали томоша қилинг:

Смотрите специальный репортаж о поездке Президента Узбекистана Шавката Мирзиёева в Бухарскую область по следующим ссылкам:

https://youtu.be/mEUAOu9DB48

www.facebook.com/Mirziyoyev/videos/412602719856072

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Шавкат Мирзиёев Бухараға сапары пайытында ўәлаят прокуроры лаўазымына тайынланған Маҳмуд Истамовқа: «Прокурорға адамлар жарық жүз бенен қараўы керек, урыға уқсап емес», – деди.

Президент Өзбекстанда коррупцияны жоқ етиў қыйын болып атырғанын, соның ушын нызам үстинлигин тәмийинлеў зәрүрлигин атап өтти.
Ҳүрметли пуқаралар!

Райондағы "Айдынжол" мәкан пуқаралар ҳәм "Белтаў" аўыллық пуқаралар жыйыны аймақларында бүгин 25-январь күни саат 10:30 минут өткеннен 18:00 ге шекемги аралықта 108-172-129-130-132-145-159-санлы трансформаторларда киши оңлаў жумыслары жүргизилиўине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақытша тоқтатылады.
Бул үзилислер ушын тутыныўшылардан кеширим сораймыз.


Районлық электр тәмийинлеў кәрханасы

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Дыққат, таңлаў!

Әсирлик тарийхқа ийе халқымыздыӊ юмор-сатира жанрындағы дөретпелерин келешек әўладларға жеткериў, оны заманымызға сай бағдарда раўажландырып барыў мақсетинде «Лаққылар» республикалық таӊлаўыныӊ районлық басқышы усы жылдың 20-февраль күни саат 10:00 де орайлық мәденият орайы залында өткерилетуғынын хабарлаймыз.

Таңлаўға 18-40 жас аралығындағы лаққышылық, юмор, сатира, ўақыялар, анекдотлар, қосықлар, ушырма сөзлерге қызығыўшы профессионал ҳәм ҳәўескерлер қатнасыў ҳуқықына ийе.Таңлаўға қатнасыўшылар тәрепинен төмендеги ҳүжжетлер усынылады:
- Мағлыўматнама (объективка)
- Паспорт көширмеси
- 3х4 өлшемдеги 2 дана сүўрет.

Таңлаў шәртлери 2 басқыштан ибарат болып :
1-басқыш “Лаққының сәлеми” атамасында көринис (монолог, қосық, тақмақ этюд, пантомима, пародия), ўақты 6 минутқа шекем;
2-басқыш, “Лаққыдан лап” атамасында таярланған сөз шеберлигин сәўлелендириўши көринис (монолог, қосық, тақмақ ), ўақты: 5 минутқа шекем.

Баҳалап барыў төмендеги шәртлер тийкарында әмелге асырылады:
- Қатнасыўшылардың актёрлық шеберлиги,
- Дөретиўшилик қәбилети,
- Сахнада өзин тута билиўи, кийиниў мәденияты,
- Ҳәр қыйлы жағдайлардан шығып кетиўи.
Төрешилер тәрепинен қойылған баҳалар қайта додаланбайды.
Таңлаўға белсене қатнасқан жеӊимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен дипломлар менен сыйлықланады ҳәм республикалық көлемдеги басқышқа жоллама алады.
Таӊлаў ҳаққында түсинбеген сораўларыңыз болса төмендеги телефон номерлерине:

90-651-32-13 Г.Бектемирова,
99-746-15-70 Б.Өтемуратованың телефон номерлерине хабарласыўға болады.

Районлық мәденият бөлими


Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati