Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
6.49K subscribers
36.5K photos
4.43K videos
29 files
16.3K links
Download Telegram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
"Саламат шаңарақ-саламат жәмийет" сүрени менен үгит-нәсиятлаў айлығы шеңберинде ушырасыў өткерилди.

Эфирде: Тахтакөпир районы

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Жаңа китаплар саўғасы келди

Қарақалпақстан Республикасы қазақ миллий мәдений орайы тәрепинен жөнелтилген қазақ тилиндеги жаңа китаплар топламы Тахтакөпир районындағы "Қоңыраткөл" АПЖ "Кендирли" аўылында жайласқан 22-санлы орта мектебіне жетип келди. Онда Қазақстан Республикасынан басып шығарылған әдебий китаплар, туўысқан қазақ халқының халық қосықлары, ертеклер, аңыз гүрриңлер жыйынтығы топланған.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
АҚШ Миллий гвардиясының жүзлеген әскерлери коронавирус жуқтырып алған

Капитолий имараты алдында шөлкемлестирилген тәртипсизликтен кейин Вашингтонға жиберилген АҚШ Миллий гвардиясы әскерлериниң бир неше жүзлегени коронавирусқа шатылғаны анықланған, олардың көпшилиги пайтахт мийманханаларында карантинде сақланбақта, деп мәлим етеди “Politico” баспасы.

Толық:
📍https://uza.uz/posts/236420

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Мектеплерде «Тәрбия» сабағын қайсы пән муғаллимлери өтетуғыны мәлим етилди

https://kknews.uz/kk/72333.html

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Бүгин тәғдир қалдырды ма мазаққа,
Жаның төзбей турыпсаң ба азапқа.
Әўмет сеннен кетсе бүгин узақлап,
Шыда бирақ, сен баслысы тирисең.
Ҳүжданы бар адамлардың бирисең.

Дәўлет деген адамға бир қонақтай,
Кетсе сени көплер қалар унатпай.
Барлығы да өтип кетер сынақтай,
Шыда бирақ, сен баслысы тирисең,
Инсабы бар адамлардың бирисең.

Денсаўлығың болса бәри табылар,
Қарыз-парыз бәри изи жабылар,
Таўсылмайды тағы-тағы, тағылар,
Шыда бирақ баслысы сен тирисең,
Имкәны бар адамлардың бирисең.

Өмир сүйер сабырды ҳәм шыдамды,
Сынақларды жеңип өткен адамды.
Кешир саған зулым еткен наданды,
Баслысы сен бул өмирде тирисең,
Ийманы бар адамлардың бирисең!


Абадан ТУРДЫМУРАТОВА
Ашық сабақлар өткерилди

Орта билимлендириў системасындағы ашық сабақлар - устаз бенен оқыўшылар арасындағы байланысты, оқытыўшының билимин, оқыўшының қызығыўшылығын көпшилик кәсиплеслер менен биргеликте бақлаў, оларды баҳалаў усылы болып табылады.
Районымыздағы 3-санлы қәнийгелестирген улыўма орта билим бериў мектебинде бүгин тәбийий пәнлер болған химия, биология, физика пәнлеринен ашық сабақ өткерилди. Ашық сабаққа барлық улыўма орта билим бериў мектеплериниң пән оқытыўшылары қатнасты. Бунда "Хлор" темасында ҳәр қыйлы методлардан пайдаланса, "Репродуктив саламатлық" темасында интеллект карта методы, машқалалы тәлим технологиясы, үй тапсырмасында PISA тестлерден нәтийжели пайдаланды. Балаларға "Ас сиңириў системасы органларының дүзилиси ҳәм функциясы», "Асқазан-ишек кеселликлери ҳәм олардың алдын алыў" темаларында сабақ өтилди. Кәсиплес устазлар өтилген пән сабақлары бойынша өз-ара пикирлер алысты.


Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Президент: Бугун кечагидек яшашга ҳаққимиз йўқ - уйғониш керак, ҳаммамиз бирлашишимиз керак

Президент: У нас нет права жить как раньше - всем нам нужно проснуться, объединиться

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Тахтакөпир районлық ХББ қараслы 3-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма орта билим бериў мектебинде ашық сабақлар өткерилди.

Интервью: Галя Сейдаметова -
усы мектептиӊ химия пәни оқытыўшысы.


Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
📌Ҳаяллар организминде еркеклердикинен 6 есе көп алтын болады.

☝️Инсан организминде орташа 0.2 миллиграмм алтын бар
Нийет ҳәм ҳәрекет

Бир қайықшының киши қайығы бар екен. Қайықтың бир ескегине “нийет”, екиншисине болса “ҳәрекет” деп жазылған. Қайыққа минген адамлар бул жазыўлардың себебин сораса, қайықшы былай жуўап береди екен:
“Егер мен тек ғана “нийет” деп жазылған ескекти ҳәрекетлендирсем, онда қайық бир жерде айланып қалабереди. Егер тек ғана “ҳәрекет” деп жазылған ескекти ҳәрекетлендирсем де, қайық бир жерде айланабереди. Егер екеўин теңдей айландырсам, сонда ғана қайық мәнзилге жетеди.

Инсан да тек нийет қылса, бирақ ҳәрекет етпесе, бир жерде айланған қайық сыяқлы мәнзилине жетпейди. Мақсетке жетиў ушын әўели “нийет” және “ҳәрекет” болыўы керек”. "Ҳәрекетке - берекет" деген сөз қайдан келип шыққан дейсиз?!


Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati