#online Бүгин Шоманайлы Рашид Каримовқа «Омад шоу» телелотериясынан утып алған «Спарк» маркалы автомашинаны салтанатлы тапсырыў мәресими болып ѳтпекте. @shomanay_rayon
Шоманайлы әўметли жигит Рашид Каримовқа
(«Омад шоу» телелотериясынан «Спарк» маркалы автомашина утып алыўы мүнәсибетине)


Рашид оң болсын утқан көлигиң,
Тойға минип, мазалай бер өнимин,
«Омад шоу»дан әўметиңиз келипти,
Аязийде хош хабардан көриндиң.

Утысыңыздың маркасы «Спарк»,
Бул әўмет – басқадан етеди парық,
«Тарлан»ыңды рәҳәтиңе мине бер,
Уй ишиңди той-жыйынға апарып.

Биз қуўандық бул кеўилли мәўритте,
Ал, сен иним марапаттан ҳәўликпе,
«Аўылластың аты озсын» деген бар,
Сизиң финиш «Әўмет» деген тезликте.

Қудай және берсе де сынды бузба,
Әўметлилер көбейсин журтымызда,
Сыртыңыздан басқалар қызықсынып,
Ҳәўес пенен қарасын турқыңызға.

✍️Алпысбай ИБАДУЛЛАЕВ
@shomanay_rayon
Шоманай районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы
5-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Президентимиз алға сүрген 5 аҳмийетли басламасының 5-бағдарына тийкар оқыўшылардың қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде Шоманай районы "Мамый" аўыл пуқаралар жыйыны "ПРОМ-СЕРВИС" ЖШЖ кәрханасына саяхат шөлкемлестирилди.
@shomanay_rayon
Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими қәнигелери улыўма халықлық Наўрыз байрамы алдынан районымыздың шарўашылық тараўының раўажланыўына мүнәсип үлес қосқан марҳум А.Гайпов шаңарағынан хабар алынды ҳәм азық-аўқат өнимлери берилди.
@shomanay_rayon
Forwarded from Press_Shomanay (Yusup Seydullaev)
Шоманай районында 2021-жыл даўамында жаслар менен ислесиўдиң жаңаша системасын енгизиў бойынша ис-илажлар режеси тастыйықланған еди. Усы ис-илажлар бағдарламасына тийкар жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың машқалаларына унамлы шешимлер табыў мақсетинде Шоманай районы ҳәкимлигинде “Call-center” орайы шөлкемлестирилди. Егер сизди қыйнап киятырған машқалалар болса “Call-center” орайында шөшлкемлестирилген (61)346-21-30 номерине байланыссаңыз болады.
@shomanay_rayon
13-14-март күнлери улыўма халықлық шембилик күни мүнәсибети менен Шоманай районында бир қанша жумыслар әмелге асырылды. Шембиликке 4500 пуқара қатнасып соннан 2311 пуқарасы жасларды қурайды.
Шембилик даўамында 6,5 га жер майданы абаданластырылып, 2500 дана тереклерге кѳринис берилип, ҳәкленди. Бул абаданластырыў жумысларына 11 техника қамтып алынды.
Шембилик жумыслары еле даўам етпекте.
@shomanay_rayon
Forwarded from Karakalpakstan.uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
📹 2021 йил 9-13 март кунлари Ахборот ва оммавий коммуникациялар агентлиги Давлат бошқаруви академияси билан ҳамкорликда Қорақалпоғистон Республикаси Вазирлар Кенгаши, вилоятлар ва Тошкент шаҳар ҳокимликлари ҳамда туманлар ва шаҳарлар ҳокимликлари ахборот хизматлари раҳбарлари учун махсус ўқув-семинар ташкил этди.

🖊 Унда 220 нафар матбуот котиби иштирок этди.

Эътиборингизга ушбу ўқув-семинарга бағишланган видеороликни ҳавола этамиз.

https://t.iss.one/aoka_uz
Жаслар менен ашық сәўбетлесиў

Толық мағлыўмат

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
@shomanay_rayon
Ёшлар билан очиқ мулоқат

Батафсил маълумот

Шуманай тумани ҳокимлиги матбуот хизмати
@shomanay_rayon
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Янгиликлар 24 | Матбуот котиблари учун ўқув семинари
#14mar #uzbekiston24

mtrk.uz | Youtube | Facebook | Telegram
Ўзбекистон Президенти Шавкат Мирзиёевнинг ҳафта давомидаги фаолияти ҳақидаги «Махсус ракурс» кўрсатувини қуйидаги ҳавола орқали томоша қилинг:
https://youtu.be/iKL2uXIYmqs

Смотрите передачу “Особый ракурс” о деятельности Президента Узбекистана Шавката Мирзиёева за прошедшую неделю по следующей ссылке:
https://youtu.be/JEjLj__TPKE

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Шоманай районындағы бос жумыс орынлары

Кориў


@shomanay_rayon
Ўақыт барында әдебий шығармаларды оқып қалың, кейин кеш болады!
Генри Дэвид Торо

https://t.iss.one/UZBNnashriyoti
Бүгин, 15-март күни күтилетуғын ҳаўа-райы ҳаққында мағлыўмат

👉https://makan.uz/kk/article/16553

@makan_uz
Forwarded from Karakalpakstan.uz
📢 Ҳүрметли журналистлер ҳәм блогерлер!

Қарақалпақстан медицина институты
нда әмелге асырылған жумыслар ҳәм оны раўажландырыў бойынша баспасөз конференциясы шөлкемлестирилмекте.

Конференцияға барлық ҒХҚ ўәкиллерин (телевидение, радио, газета-журнал, интернет журналистлери ҳәм блогерлер) мирәт етемиз.

🏢 Мәнзил: Нөкис қаласы, А.Досназаров көшеси 106-үй (ҚМИ имараты)

☎️Тел: (61) 222-84-32, 222-84-36

🕗 Басланыў ўақты: 15.03.2021 жыл саат 16:00

Каналға ағза болыў: @QResMinistrlerKenesi
2021 жыл 16 март күни саат 16:00де Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы тәрепинен өткен 2020 жылда əмелге асырылған жумыслар, ерисилген нәтийже ҳәм тийкарғы көрсеткишлер ҳәмде 2021 жылға белгиленген режелер, сондай-ақ, бажыхана төлемлеринен қолланылатуғын жеӊилликлерден пайдаланыў тәртиплери бойынша баспасөз конференциясы өткериледи.

Усы баспасөз конференциясына барлық ҒХҚ ўәкиллери (телевидение, радио, газета-журнал, интернет журналистлери ҳәм блогерлер) мирәт етиледи.

Мәнзил: Нөкис қаласы Т.Қайыпбергенов көшеси, 57 үй

Мағлыўмат ушын телефон: +99861 224 97 00
Өзбекстан Республикасында 2023-жылда халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткизиў тәртиби ҳаққындағы нызамының улыўмалық қағыйдалары


Толық мағлыўмат
Шоманай районы статистика бѳлими
@shomanay_rayon
Кем тәмийинленген шаңарақларға қайырқомлық кѳрсетилди

Толық оқыў

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
@shomanay_rayon