Tashkent qalasında ótkerilgen Mental arifmetika boyınsha Respublika ashıq olimpiadasında Shomanay rayonı mektep oqıwshıları múnásip qatnasıp, derlik barlıǵı ózleriniń jas shegarası boyınsha birinshi orındı jeńip alıwǵa miyassar boldı. Jeńimpazlar 33-sanlı mektepten Ájimuratov Oralbay hám Sársenbaev Abbaz, 16-sanlı mektepten Maratov Ramazan, Maratova Gúldana, Orınbaev Quwanısh, Asqarov Karamat,
Atamuratova Sapura, Rametullaev Paraxat, Saparbaev Umar, Atamuratova Perdexan, Maratova Albinalar 1-orındı jeńip alıwǵa miyassar bolıp, Qazaqstan, Dubay, Turkiya hám Rossiya mámleketlerinde bolıp ótetuǵin olimpiadaǵa jollamanı qolǵa kiritti.
Oqıwshılarımızǵa kelesi basqıshta da usınday joqarı nátiyjelerdi qolǵa kiritiwinde áwmetler tileymiz.
Shomanay rayonı hákimligi málimleme xızmeti
@Shomanay_rayon

Forwarded from Karakalpakstan.uz
Forwarded from Karakalpakstan.uz
⚡️Қабыллаў
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары Н.Ерлепесов өзиниң жеке қабыллаўын өткерди. Қабыллаўда пуқаралар тәрепинен жаңадан үй бақшасын шөлкемлестириў, медициналық жәрдем, үй-жай менен тәмийинлеў, материаллық жәрдем ҳәмде исбилерменигин баслаў ушын жеңиллетилген кредит алыў мәселелери бойынша мүрәжатлар билдирилди.
Мүрәжатлар тийисли тәртипте көрилип шығылды ҳәм бир неше мүрәжат сол ўақытта өзиниң унамлы шешимин тапқан болса, айрымлары жеке қадағалаўға алынды.
Каналға ағза болыў

Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Тахтакөпир районын раўажландырыў бағдарында әмелге асырылған жумыслар сын көз-қараста талқыланды
Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев Тахтакөпир районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы жумыслар, белгиленген мәселелер ҳәм орынланған ўазыйпаларға арналған мәжилис өткерди.
Айтып өтиў керек, районда әмелге асырылыўы тийис жумыслар жуўапкерлерге белгилеп берилген еди. Деген менен, берилген тапсырмалар ҳәм ўазыйпалардыӊ орынланыўы бойынша районда бир қатар кемшиликлерге жол қойылған.
Атап айтқанда ҳаял-қызларды, жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменлигин жолға қойыўы ҳәм кредит қаржыларын алыўына көмеклесиў жумыслары талап дәрежесинде алып барылмай атыр.
Жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша 2023-жылы районда бағдарлама тийкарында 5360 жумыс орынларын шөлкемлеситириў белгиленген. Соннан, усы жылдың биринши ярым жыллығында реже орынланғаны бойынша есабат берилген. Бирақ, усынылған есабатлар асырып көрсетилгенлиги анықланған.
Қурылыс тараўында да нызамбузыўшылық жағдайлары, ҳүжжетлерди рәсмийлестириўде кемшиликлерге жол қойылғаны, жаңа көп қабатлы турақ жайларды қурыў дурыс шөлкемлестирилмегени, айырым басшылардың өз жумысына немқурайдылық пенен қарағаны сыяқлы кемшиликлер анықланған.
Мәжилисте өз ўазыйпасын атқарыўға немқурайдылық пенен қарағанлығы ушын район ҳәкиминиң орынбасары — Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы, Мәҳәллебай ислесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў орайы баслығы, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик бөлими баслығы, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлими баслығы, Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими баслығы ҳәм мәденият бөлими баслығына интизамый жаза шарасы қолланылды.
Толық мағлыўмат
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM