Forwarded from Karakalpakstan.uz
Хизматлар соҳасини ривожлантириш бўйича амалга оширилаётган ишлар натижадорлиги ва келгусидаги устувор вазифалар юзасидан видеоселектор йиғилиши ўтказилди.
Соҳани кенг ривожлантириш, фойдаланилмаётган имкониятларни ишга солиш масалалари муҳокама қилинди.
Давлатимиз раҳбари бу борада ҳар бир ҳудудга алоҳида ёндашув зарурлигини таъкидлади. Туман ва шаҳарларнинг аҳоли сони, географик жойлашуви, иқтисодий салоҳиятидан келиб чиқиб, 3 та йўналиш белгиланди.

Состоялось видеоселекторное совещание, посвященное результативности проводимой работы по развитию сферы услуг и дальнейшим приоритетным задачам.
Обсуждены вопросы широкомасштабного развития сектора услуг и использования незадействованных возможностей.
Глава государства подчеркнул необходимость особого подхода к каждому региону. Исходя из численности населения, географии и экономического потенциала районов и городов выделены 3 направления развития сферы.

#Mirziyoyev #videoselektor #xizmatlar #bandlik

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
#Ózbekstan_jaslar_forumı_2021
#Ertekler_eline_sayaxat

«Ózbekstan jaslar forumı 2021» sheńberinde Shomanay rayonı Mádeniyat bólimi tárepinen bir qansha ilаjlar ámelge asırılmaqta.
Usı jıldıń 13-14-dekabr kúnleri rayon orayındaǵı 1-4-8-sanlı mektepke shekemgi bilimlendiriw shólkemlerinde «Erinshek bala» atlı ertek tamashaları shólkemlestirildi.
Balalardı kitap oqıwǵa qızıqtırıw, erinshekligin joq qılıwǵa qaratılǵan ertek qaharmanları qatnasında saqnalastırılǵan bul ertek balalarda úlken qızıǵıwshılıq oyattı.
«Erinshek bala» atlı ertek tamashaları barlıq mektepke shekemgi bilimlendiriw shólkemlerinde dawam etedi.

@shomanay_rayon
#LIVE
Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңесиниң қырық үшинши сессиясы басланды.

Бүгин Шоманай районы ҳәкимлиги мәжилислер залында Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңесиниң қырық үшинши сессиясы болып ѳтпекте.
Сессияға Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңеси депутатлары 4 сектор баслықлары, ҳәким орынбасарлары ҳәм аўыл мәкан пуқаралар жыйынлары баслықлары, сондай-ақ ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнаспақта.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
@shomanay_rayon
#LIVE
Сессия күн тәртибиндеги мәселе бойынша Шоманай районын 2021-жыл социаль-экономикалық раўажландырыў жуўмағы ҳәм де 2022-жылғы режелери бойынша район ҳәкими Б.Янгибаевтың мүрәжати тыңланбақта.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
@shomanay_rayon
#LIVE
Сессия ҳәкимликтиң fаcebook социаль тармағы арқалы туўрыдан-туўры жанлы эфирге узатылмақта.
Сессияда Шоманай районы ҳәкиминиң район халқына мүрәжати тыңланғаннан соң додалаўға қойылды. Додалаў ушын сѳзге Халық депутатлары районлық Кеңеси депутаты С.Адакаев шығып ѳз пикир усынысларын билдирди.
Шоманай районын 2021-жыл социаль-экономикалық раўажландырыў жуўмағы ҳәм де 2022-жылғы режелери бойынша исленген ҳәм келесиде ислениўи режелестирилген жумысларын қоллап-қуўатлаўды усыныс етти.
Күн тәртибиндеги мәселе додаланып Халық депутатлары районлық кеңеси депутатлары тәрепинен тастыйықланды.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
@shomanay_rayon
Сессия күн тәртибиндеги мәселелер додаланып, тастыйықланды ҳәм сессия жабылды. Соң ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын баспасѳз конференциясы ѳткерилди. Бунда Шоманай нуры газетасы бас редакторы М.Байдуллаева ҳәм Қарақалпақстан телевидениесиниң хабаршысы У.Насировлар ҳәм «Шоманай24» телеграмм каналынан Н.Қадирбердиевлер район ҳәкиминиң мүрәжатинен келип шығып, районда әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм қәте кемшиликлер, сондай-ақ, мәҳәллелердеги жаңадан тайынланып атырған ҳәким жәрдемшилери, мәҳәлле баслығының жаслар мәселелери бойынша орынбасарларының ўазыйпалары ҳаққында сораўлар берилип, район ҳәкими тәрепинен жуўап берилди.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
@shomanay_rayon