Samarqand mámleketlik veterinariya medicinası, sharwashılıq hám biotexnologiyalar universiteti Nókis filialı | Rásmiy
1.07K subscribers
12.8K photos
1.87K videos
119 files
5.76K links
SamVMShBU Nókis filialınıń rásmiy kanalı
Web-sayt:https://www.sdvunf.uz
Facebook: https://www.facebook.com/samvminf.samvminf.5
Instagram:https://instagram.com/samvmshbunf?
Bizge múrájat etiw➡️igshid=YmMyMTA2M2Y= https://
https://t.iss.one/pressa_murajat_bot
Download Telegram
Нөкис қаласында Наўрыз байрамына арналған халық сейиллери 19-март күни болып өтеди

Пайтахтымыз Нөкис қаласында «Әлем сениң менен нурға толады, наўрыз!» атамасындағы улыўма халықлық Наўрыз сейилине бағышланған театрластырылған ҳәм әдебий музыкалы хореографиялық байрам тамашалары 19-март күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры жанында ҳәм «Дослық» каналы бойында болып өтеди.  

Байрам сейиллери жоқары кейпиятта көркем өнер шеберлери атқарыўындағы саз-сәўбетлер, театрластырылған көркем-әдебий шығыўлар, миллий халық ойынлары ҳәм басқа да байрам тамашалары менен көтериңки рухта өткериледи.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
"Дослық" каналының бойы Наўрыз тамашалары ҳәм сейиллери өткерилиўине таяр

"Дўстлик" каналининг бўйи Наврўз томошалари ва сайиллари ўтказилишига тайёр



Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Елимизге жаңаланыў, кеўиллерге мийрим-шәпәәт ҳәм қәдир-қымбат бағышлаған байрам салтанаты болып өтти

Әсирлер даўамында қəлиплескен Наўрыз – бул халқымыздың гөззал қәдириятларын өзинде жәмлеп, ата-бабаларымыздан бийбаҳа мийрас сыпатында қəстерлеп-сақланып киятырған миллий байрам сыпатында кеўиллерден терең орын ийелейди. Ол соңғы жыллары ояныў ҳәм жасарыў тымсалы сыпатында халқымыз асығып күтетуғын, шын мәнидеги улыўма-халықлық байрамға айланып келмекте.

Әсиресе, быйылғы жылы бул байрам Ҳүрметли Президентимиз тǝрепинен қабыл етилген арнаўлы Қарар тийкарында пүткил елимиз бойлап  «Әлем сениң менен нурға толады, наўрыз!» сүрени астында көтериңки руўхта өткерилмекте. Әлбетте, бунда терең мəни бар. Себеби, улыстыӊ уллы күни саналған Наўрыз байрамы инсанлар арасында мийрим-шəпəəтлилик, қайыр-сақаўатлылық орталығын жəне де беккемлеўде, жас әўладты миллий дәстүрлеримиз бенен қәдириятларымызға ҳүрмет, ана-Ўатанымызға садықлық руўхында тәрбиялаўда, өз-ара дослық, аўызбиршилик, миллетлер-аралық татыўлықты жəне де күшейтиўде айрықша орын ийелейди.

Толық оқыў


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter