Бухоро вилоятига сафарини давом эттирар экан, Президент Шавкат Мирзиёев 22 январь куни тонгда Баҳоуддин Нақшбанд мақбарасини зиёрат қилди.
Ўтганлар хотирасига Қуръон тиловат қилиниб, Аллоҳ таолодан юртимизга тинчлик-фаровонлик, халқимизга саломатлик ва саодат тилаб дуо ўқилди.

Президент Шавкат Мирзиёев продолжает поездку в Бухарскую область. Утром 22 января глава государства посетил мавзолей Бахоуддина Накшбанда.
Декламированы суры из Корана в память об ушедших, прочитана молитва с просьбой ко Всевышнему о ниспослании мира и спокойствия нашей стране, здоровья и благополучия народу.

#Mirziyoyev #safar #Buxoro #ziyorat

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты баслығы Т.Норбоева ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы М.Камалов Мойнақ районында болды.

Мойнаққа сапары даўамында Аралдың ултанында алып барылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты.

Аралдың ултанында сексеўил егип атырған пидайы тараў хызметкерлерине өзлериниң миннетдаршылығын билдирип, азық-аўқат өнимлери менен керекли буйымлар тапсырылды.

Сондай-ақ, олар ушын концерт бағдарламасы қойып берилди.

Каналға ағза болыў: @QResMinistrlerKenesi
ОЛИЙ МАЖЛИС ДЕПУТАТЛАРЫ СОЦИАЛЛЫҚ ТАРАЎ ЖУМЫСЛАРЫН ҮЙРЕНДИ.
Бүгин районда Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлары Э.Асланова М.Валиевлар район аймағындағы бир қатар социаллық тараўдағы исленип атырған жумыслар менен танысты. Ондағы тийкарғы мақсет келешек әўладлар ушын жаратылып атырған имканиятлар ҳәм темир дәптер, жаслар ҳәм ҳаяллар дәптерине киритилген пуқаралардың социаллық турмыс шараятларын жақсылаў ҳәм оларға әмелий жәрдем бериўден ибарат. Үйрениў даўамында тараўлардағы хызметкерлердин ҳәм пуқаралардың пикир усыныслары тыңланды.
Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
Ҳүрметли пуқаралар!!!

Елимизде ҳаўа-райының кескин суўытып кетиўи себебли қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиң.
Қазанханалардың (котёл) морыларын тазалатың, морылардың насазлығы ис-гәзинен зәҳәрлениўге алып келеди.
Үйди ысытыўшы қазанханалардың ҳәдден тыс қызып кетиўине жол қоймаң, қазанхана морыларының ҳәдден тыс қызып кетиўи өрт келип шығыўына себеб болады.
Ханаларды ысытыў ушын газ плиталарынан пайдаланбаң, хана ишин жылытыўда ашық оттан пайдаланыў ханадағы кислородларды жағып таўысады ҳәм адамда кислород жетиспеўшилиги келип шығады.
Ис-газиниң ең қәўипли тәрепи, инсан өзиниң зәҳәрленип атырғанын сезбейди. Ис-гәзи дәмсиз, ийиссиз ҳәм реңсиз болады. Ис-гәзинен зәҳәрлениўдиң тийкарғы белгиси, бас аўырады, кеўил айныйды ҳәм ҳәлсизлик басланады. Егер Сизде усындай жағдайлар сезилип атырған болса дәрҳал "103", "104" яки "1050" қысқа номерине хабар бериң.
Өз басымшалық пенен дәрилерди қабыл етпең. Ҳүрметли пуқаралар, өзиңиздиң ҳәм шаңарақ ағзаларының өмири ҳәм ден-саўлығына бийпәрўа болмаң!!!

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы.

@QaraozekHakimligi.
ОҚЫЎШЫЛАР АШЫҚ САБАҚҚА БЕЛСЕНЕ ҚАТНАСТЫ
Қараөзек районы 16-санлы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде сүўретлеў-өнери бойынша ашық сабақ болып өтти. Ашық сабақты мектеп муғәллими И.Сейдимов алып барды ҳәм оған 3-класс оқыўшылары белсендилик пенен қатнасты. Онда Реңли-сүўрет пәнинен "Гипсли адам басы менен дүзилген натюрморт , Гризайл усылы" темасында сабақ өтилди. Сабақ барысында таза теманы түсиндириўде аўыз еки баянлаў, түсиндириў, көргизбели, әмелий шынығыўлар орынлаў дидактикалық ойын усылларынан пайдаланып мазмунлы алып барды. Ашық сабаққа мектеп оқытыўшылары қатнасып гүзетип барды ҳәм тәжирийбелер алмасты.👇
@QaraozekHakimligi.
Кейинги мәнзил Мойнақ экология музейи болды. Бул жерде Олий Мажлис Сенаты баслығы Т.Норбоева ҳәм Жоқарғы Кеңес Баслығы М.Камалов музейдеги экспонатлар менен танысты.

Жас сүўретши, дизайнер қызлар менен жақыннан сәўбетлести.

Мойнақ районы Мәденият сарайында шөлкемлестирилген "Модалар көргизбеси"ниң ашылыўында болып, дизайнерлер тәрепинен жаратылған липаслар менен танысты.

Каналға ағза болыў: @QResMinistrlerKenesi
"Халықтың бәнтлиги ҳаққында"ғы нызам күшке кирди

Нызамға муўапық, жумыссызлық напақасы 12 айлық дәўир ишинде көби менен 26 ҳәпте даўамында төленеди.

Жумыссызлық напақасының муғдары төмендегише көбейтиледи:

жумыстан ҳәм айлық мийнет ҳақысынан (мийнет дәраматынан) кейинги 12 айлық дәўир ишинде айрылған шахсларға - алдыңғы жумыс орнындағы орташа айлық мийнет ҳақының 50 пайызы муғдарында, бирақ мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары- 679 330 сўмнан кем болмаған муғдарда;

жумыстан ҳәм айлық мийнет ҳақысынан (мийнет дәраматынан) айрылған ҳәм көп ўақыт (1 жылдан аслам) дем алыстан кейин мийнет жолын қайта баслаўға ҳәрекет етип атырған шахсларға - мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 1 есеси муғдарында;

Алдын ислемеген, биринши мәрте жумыс излеп атырған шахсларға-мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 75 пайызы муғдарында бериледи.

Дерек:@QResMinistrlerKenesi

@QaraozekHakimligi