ТАЛАБАН МЕНЕН УШЫРАСЫЎ БОЛЫП ӨТТИ
2020-жыл 20-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң босаған орынларына депутатлар сайлаўы болып өтеди. Усы сайлаў алдынан депутатлыққа талабанлардың өз сайлаўшылары менен ушырасыўлары болып өтпекте. Қараөзек районындағы 63-санлы "Қарақөл" сайлаў округинен Өзбекстан Экологиялық партиясы тəрепинен усынылған талабан Камалов Мурат Қаллибекович пенен өз сайлаўшыларының ушырасыўы болып өтти.Ушырасыўда талабанның исенимли ўəкили Мəмбеткаримов Абдикерим талабанның өмир жолы сайлаў алды бағдарламасы менен сайлаўшыларды таныстырды. Буннан соң талабанның өзи шығып сөйлеп, алға қойған мақсет ўазыйпалары ҳəм халықтың мүтəжликлери менен машқалаларын тереңнен үйренип, бул бойынша əмелий жəрдемлер беретуғынлығына исеним билдирди.Ушырасыў соңында бир қатар аўыл турғынлары нураныйлар менен жаслар шығып сөйлеп,талабанның сайлаў алды бағдарламасын қоллап-қуўатлап, өзлерине исенимли талабанларға даўыс беретуғынлықларын билдирип өтти.
Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi

19-СЕНТЯБРЬ – ДҮНЬЯ ЖҮЗЛИК ТАЗАЛЫҚ КҮНИ
Дүнья жүзлик тазалық күни- бул инсаният өзи жасап турған аймақта тазалықты орнатыў идеясын аңлатады. Тазалықты тәмийинлеў ҳәр биримиздиң пуқаралық парзымыз есапланады.
«19-сентябрь – Дүнья жүзлик тазалық күни» мүнәсебети менен районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 2-санлы ҚМУББ мектебинде «Биз келешек ушын жуўапкермиз!» атамасында ушырасыў болып өтти. Ушырасыўға Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети районлық инспекциясы баслығы С.Султанов, инспекторлар Т.Пирниязов ҳәм Қ Дилекеевлер, Республика Руўхыйлық ҳам ағартыў орайы районлық бөлими бас қәнигеси М.Палўаниязовлар қатнасты. Илаж даўамында тараў қәнигелери тәрепинен ушырасыў қатнасыўшыларына кең түрде түсиниклер берип өтилди.

Контрактта оқыйтуғын студентлерге 10 пайызлық жеңиллик берилетуғын болды
Контракт тийкарында оқыйтуғын студентлерге берилетуғын 10 пайызлық жеңиллик барлық мәмлекетлик Жоқарғы оқыў орынларында әмел етеди.
Пандемия дәўиринде халықтың дәраматы азайғанлығы себепли күндизги бөлим студентлери ушын контракт муғдары 10 пайызға азайды. Бул жеңилик күндизги бөлимниң стипендия төленетуғын ҳәм төленбейтуғын студентлерине тийисли.
Егер бул мәселе бойынша сораўлар болса @otvmurojaat_bot боты арқалы мүрәжат жоллаў имканиятына ийе боласыз.
Дерек: @Kar24uz

Өзбекстанға коронавирусқа қарсы гүресиўде жәрдем бериў мақсетинде 35 россиялы қәниге келди
Россияның ең көзге көринген эпидемиолог, пульмонолог, анестезиолог-реаниматологлары аймақлық шыпакерлер менен наўқасларды емлеўде қатнасады.
Дерек: @Kar24uz
@QaraozekHakimligi
Россияның ең көзге көринген эпидемиолог, пульмонолог, анестезиолог-реаниматологлары аймақлық шыпакерлер менен наўқасларды емлеўде қатнасады.
Дерек: @Kar24uz
@QaraozekHakimligi
Қарақалпақ мәмлекетлик университетине жаңа проректор тайынланды
Толық оқыў:https://kar24.uz/?p=15259
@QaraozekHakimligi
Толық оқыў:https://kar24.uz/?p=15259
@QaraozekHakimligi
ТЕРБЕНБЕС ЖЕҢИМПАЗ БОЛДЫ
Өзбекстан Республикасы футбол бойынша II-лигасының Қарақалпақстан Республикасы 27 чемпионатының аймақлық басқышы Қараөзек районында болып өтпекте. Районның спорт майданшасында Шымбай районының “Шахтемир” футбол командасын Қараөзек районының “Тербенбес” футбол командасы өз майданшасында қарсы алды. Жарысты район ҳəкиминиң орынбасары А.Джуманиязов ашып , спортшыларға табыслар тиледи. Жарыс кескин беллесиўлерге бай тəризде өткерилип, районымыздың спортшылары қарсылас командадан бираз үстин келип, шырайлы ойын көрсетти. Жарыс даўамында Тербенбес командасының ҳүжимшиси Əрман Қəўендеров қарсылас команданың дəрўазасына биринши топты киргизип есапты ашып берген болса, екинши бөлимде Рупат Кемалов мийманлардың дəрўазасына екинши топты киргизиўге еристи. Солай етип жарыс жуўмағында 2:0 есабында районның “Тербенбес” командасы жеңимпазлықты қолға киритти. Бизде командамыздың ойыншыларына алдағы ойынларында жеңимпаз бола бериўине тилек билдирип қаламыз.