Күн тәртибиндеги кейинги мәселе районларда аўыл хожалығы тараўындағы исбилерменлик субъектлери тәрепинен шәртнама талапларына әмел етилиўи, пайдаланыўда болған аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден нәтийжели ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў барысы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң есабаты туўралы болып, бул мәселе бойынша Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Д.Кайпов баянат жасады.

Халықтың бүгинги күндеги өсиў пәти тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлерин жетистириўди асырыў, баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў ҳәмде базарларда тийкарғы түрдеги аўыл хожалығы өнимлерин халыққа сапалы жеткериў бойынша тийисли илажлар көриўди талап етпекте.

Бүгинги күнде районларымызда 5185 фермер хожалықлары жумыс алып бармақта. Усы фермер хожалықлары ҳәм аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен халықтыӊ азық-аўқат өнимлерине болған талабын толық қанаатландырыў мақсетинде аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў бойынша илажлар белгилеп алынған.

2024-жыл зүрәәти ушын районларда 314 мың 621 гектар майданға аўыл хожалығы егинлери жайластырылған. Режедеги егинлердиң толық егилиўи бойынша мониторинг жумыслары алып барылып, өним жетистириў бойынша дүзилген шәртнамалардың орынланыўы қадағалаўға алынған.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Соның менен бир қатарда, районларда аўыл хожалығы тараўындағы исбилерменлик субъектлери тәрепинен аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден нәтийжели ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў барысы тийисли исши топарлар тәрепинен үйренилип шығылды.

Үйрениў нәтийжелерине бола 339 субъектлер тәрепинен 2024-жыл зүрәәти ушын жайластырылған егинлерден тысқары нызамсыз ҳәм өзбасымшалық пенен егинлерди егиў фактлери анықланды ҳәм тийисли шаралар көрилди.

Соның менен бирге, азық-аўқат өнимлерин жетистириўди арттырыў, баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў, кепилленген резервти жаратыў ҳәмде базарларда тийкарғы түрдеги аўыл хожалығы өнимлерин халыққа сапалы жеткериўге айрықша итибар қаратылмақта.

Быйылғы жылы хожалықлар тәрепинен азық-аўқат өнимлерин жетистириў бойынша, айтып өтетуғын болсақ, соннан, тийкарғы майданлардан жәми 632,7 мың тонна азық-аўқат өнимлери, тәкирарий майданлардан жәми 124,1 мың тонна азық-аўқат өнимлери, бағ ҳәмде жүзим қатар-араларынан жәми 13,2 мың тонна азық-аўқат өнимлери жетистириледи.

Күн тәртибиндеги бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Сессияның қүн тәртибиндеги кейинги мәселе Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитети баслығының орынбасарын сайлаў ҳаққында болды. Конституциялық бақлаў комитети баслығының орынбасары лаўазымына Ибрагимов Шерзод Махсудовичтиң кандидатурасы усыныс етилди.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди ҳәм Ш.Ибрагимов Конституциялық бақлаў комитети баслығының орынбасары болып сайланды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.

Депутатлар бул мәселе бойыншада тийисли қарар қабыл етти.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң елиў биринши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында халық депутатлары районлық Кеңесиниң шөлкемлестириў мәселесине арналған гезексиз 86-сессия басланды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы Аманбай Орынбаев қатнаспақта.

Қораўзак тумани ҳокимлигининг мажлислар залида халқ депутатлари туман Кенгашининг ташкилий масалага бағишланган навбатдан ташқари 86-сессияси бошланди.

Унда Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев иштирок этмоқда.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Қараөзек районы ҳәкими тайынланды

Бүгин, 7-август күни халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниң гезексиз 86-сессиясы болып өтти.

Сессияның күн тəртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Сессияда Қараөзек районы ҳәкими лаўазымына Баймуратов Анвар Махсетовичти тайынлаў мәселеси көрип шығылды.

Усынылған талабанды районлық Кеңестиң бир қатар депутатлары қоллап-қуўатлап шығып сөйледи.

Сессияда Баймуратов Анвар Махсетович Қараөзек районы ҳәкими етип тайынланды.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, А.Баймуратов мийнет жолы даўамында бир қатар жуўапкершиликли лаўазымларда жемисли мийнет еткен.
Ол бүгинги күнге шекем Қараөзек районы ҳәкими орынбасары – инвестиция ҳәм сыртқы саўда бөлими баслығы лаўазымында жумыс алып барған.

Усыныӊ менен халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниң гезексиз 86-сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қораўзак тумани ҳокими тайинланди

Бугун, 7-август куни халқ депутатлари Қораўзак туман Кенгашининг навбатдан ташқари 86-сессияси бўлиб ўтди.

Сессиянинг кун тартибида ташкилий масала кўриб чиқилди.

Унда Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев иштирок этди ва сўзга чиқди.

Сессияда Қораўзак тумани ҳокими лавозимига Баймуратов Анвар Махсетовични тайинлаш масаласи кўриб чиқилди.

Таклиф этилган номзодни туман Кенгашининг депутатлари қўллаб-қувватлаб сўзга чиқди.

Сессияда Баймуратов Анвар Махсетович Қораўзак тумани ҳокими этиб тайинланди.

Маълумот ўрнида айтиш жоиз, А.Баймуратов фаолияти давомида қатор масъулиятли лавозимларда ишлаган. У бугунги кунга қадар Қораўзак тумани ҳокимининг ўринбосари - инвестициялар ва ташқи савдо бўлими бошлиғи лавозимида фаолият олиб борган.

Шунинг билан халқ депутатлари Қораўзак туман Кенгашининг навбатдан ташқари 86-сессияси ўз ишини якунлади.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
«А. Досназаров» аўыл пуқаралар жыйынында мәдений-ағартыўшылық илаж өткерилди.

⚡️“Биз бир болсақ – бир халықпыз, бирлессек – ўатанбыз!”
сүрени тийкарында районымыздағы "А. Досназаров" аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 4-санлы мектебинде мәдений-ағартыўшылық илаж шөлкемлестирилди.
Илажда жасларымыздың кеўил кейпиятын көтериў мақсетинде викториналық ойынлары өткерилип, белсенди жасларға саўғалар тапсырылды.
Илаж соңында районлық мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы аймақ турғынларының нәзерине усынылып, жоқары көтериңки кейпият инам етти.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме баслығы.

➡️@QaraozekHaimligi
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев Қозоғистон Республикаси Президенти Қасим-Жомарт Тоқаевнинг таклифига биноан давлат ташрифи билан ушбу мамлакатга жўнаб кетди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасы Президенти Қасим-Жомарт Тоқаевтың мирәт етиўине бола мәмлекетлик сапар менен усы мәмлекетке жөнеп кетти.

#Mirziyoyev #tashrif #Qozogiston

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев давлат ташрифи билан Қозоғистонга келди. Остона халқаро аэропортида давлатимиз раҳбарини Қозоғистон Республикаси Президенти Қасим-Жомарт Тоқаев кутиб олди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мәмлекетлик сапар менен Қазақстанға келди. Астана халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын Қазақстан Республикасы Президенти Қасим-Жомарт Тоқаев күтип алды.

#Mirziyoyev #tashrif #Qozogiston

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X