МУЎАПЫҚЛАСТЫРЫЎШЫ КЕҢЕС МӘЖИЛИСИ ӨТКЕРИЛДИ
Қараөзек районы ҳəкимиятының мəжилислер залында район прокуратурасының муўапықластырыўшы кеңес мәжилиси болып өтти.
Оған райондағы төрт сектор басшылары, ишки ислер бөлими хызметкерлери, өзин-өзи басқарыў уйымлары менен мәкеме, кәрхана ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Мәжилисте район прокуроры Б. Аберкулов, 2024-жылдың 6 айы даўамында районда нызамшылықты беккемлеў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў, жынаятшылық, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша орынланған жумыслар ҳәмде алдағы исленетуғын ўазыйпалар бойынша баянат жасады.
Баянатта бир қатар тараўлардағы жиберилген қәте кемшиликлер айтып өтилип, тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.
Буннан соң, бир қатар мәкеме басшылары шығып сөйлеп, жиберилген кемшиликлерден тийисли жуўмақ шығаратуғынлығын билдирип өтти.
Мәжилис соңында, баянатта атап өтилген кемшиликлер ҳәм алдағы исленетуғын ўазыйпаларды белгилеп алынды.

Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
Әзиз Ўатанласлар!

Бәринен бурын сиз әзизлерди Халықлар дослығы күни мүнәсибети менен қызғын қутлықлайман.

Ҳүрметли Президентимиз басшылығында басланған реформалар негизинде миллетлер аралық татыўлық, кеңпейиллик ҳәм аўызбиршилик орталығын беккемлеў баслы ўазыйпа етип белгиленген ҳәм бул ўазыйпа әмелде өз көринисин таўып атыр.

Бугин мәмлекетимизде 130 дан аслам миллет ҳәм елат ўәкиллери жақын туўысқан болып жасап келмекте.

Бир шаңарақтың перзентлериндей тыныш-татыў ҳəм абадан турмыс кеширип атырған көп миллетли халқымыздың аўызбиршилиги – бул елимиздиң ҳəр тəреплеме раўажланыўын ҳəм келешегин белгилейтуғын оғада əҳмийетли факторлардан саналады.

Сонлықтан да миллетлер аралық татыўлық, өз-ара аўызбиршилик ҳəм дослық қатнасықларын көздиң қарашығындай қəстерлеп сақлаў – ҳəр биримиздиң Ўатан алдындағы перзентлик парызымыз болып табылады.

Қәдирли Ўатанласлар!

Сизлерди және бир мәрте бүгинги сәне мүнәсибети менен қутлықлап, шаңарағыңызға аманлық ҳәм татыўлық, аўызбиршилигимиз даўамлы, елимиз абадан, тынышлығымыз мәнги болыўын тилеп қаламыз.

Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы



Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
12:00  29.07.2024

OAV VAKILLARI TADBIRKORLAR FAOLIYATI BILAN TANISHDILAR

#Qoraqalpog‘iston

muxbir: Tamara Jumaniyazova

https://t.iss.one/zamon_lavhalar
⚡️Қараөзек районы ИИБ баслығы орынбасары ҳәм «Инсан» социаллық орайы хызметкери қатнасында Қараөзек районы ИИБ ЖҚХ Пробация топары есабында жаза өтеп атырған шахслар менен  ушырасыў өткерилди.
Ушырасыў даўамында тийисли хызметкерлер тәрепинен Пробация есабында турыўшы шахсларға ҳуқықбузарлық ҳәм қайта жынаят ислеўиниң алдын алыў, олардың бәнтлигин тәмийнлеў, суд тәрепинен белгиленген шеклеў талапларына әмел етиўи бойынша түсиник жумысларын алып барды ҳәм оларға ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi
🌎 Қарақалпақстан Республикасы бойынша "E-auksion" платформасында жайластырылған 133 мәмлекетлик активлерди сатып алың ҳәм мүлк ийесине айланың.

🔹 Нөкис қаласында 8 ➡️ (силтеме)
🔹 Әмиўдәрья районында 10➡️ (силтеме)
🔹 Беруний районында 7 ➡️ (силтеме)
🔹 Бозатаў районында 8 ➡️ (силтеме)
🔹 Қараөзек районында 13 ➡️ (силтеме)
🔹 Кегейли районында 4 ➡️ (силтеме)
🔹 Қоңырат районында 17 ➡️ (силтеме)
🔹 Қанлыкөл районында 7 ➡️ (силтеме)
🔹 Мойнақ районында 6 ➡️ (силтеме)
🔹 Нөкис районында 3 ➡️ (силтеме)
🔹 Тақыятас районында 6 ➡️ (силтеме)
🔹 Тахтакөпир районында 10 ➡️ (силтеме)
🔹 Төрткүл районында 12 ➡️ (силтеме)
🔹 Хожели районында 2 ➡️ (силтеме)
🔹 Шымбай районында 7 ➡️ (силтеме)
🔹 Шоманай районында 7 ➡️ (силтеме)
🔹 Елликқала районында 6 ➡️ (силтеме)

e-auksion.uz
👇Хабардар болыў ушын👇
Telegram | Facebook | Instagram | Youtube
Ҳафтанинг энг муҳим воқеалари шарҳи: Президент Ўзбекистон тарихида биринчи марта аёллар ўртасида ёзги Олимпия ўйинлари чемпиони бўлган Диёра Келдиёровани шахсан табриклади. Оммавий спортни ривожлантириш ва олимпия ҳаракатини кенгайтириш - давлатимиз раҳбарининг доимий эътиборида.

Ҳәптениң ең әҳмийетли ўақыяларына шолыў: Президент Өзбекстан тарийхында биринши мәрте ҳаяллар арасында жазғы Олимпиада ойынлары чемпионы болған Диёра Келдиёрованы жеке өзи қутлықлады. Ғалабалық спортты раўажландырыў ҳәм олимпиада ҳәрекетин кеңейтиў - мәмлекетимиз басшысының ҳәр қашан итибарында.

Обзор важнейших событий за неделю: Президент лично поздравил Диёру Келдиёрову - первую чемпионку летних Олимпийских игр из Узбекистана. Развитие массового спорта и расширение олимпийского движения - под постоянным вниманием главы государства.

Facebook|Instagram|X
#спорт

⚡️Бүгин Қараөзек районында спорттыӊ Регби -7 түринен Қарақалпақстан Республикасы чемпионаты болып өтти.
Жарысқа Республикамыздың Қоңырат, Әмиўдарья, Қанлыкөл, Кегейли, Нөкис районы, Нөкис қаласы ҳәм Қараөзек районынан дүзилген командалар қатнасып, өз-ара кескин беллесиўлер алып барды.
Жарыс жуўмағында, Қараөзек районының ер баллар командасы I-орынды, қыз баллар арасында Әмиўдарья районының спортшылары жеңип алыўға еристи.
Жеңимпазлар Қарақалпақстан Республикасы спорт министрлигиниң дипломлары менен сыйлықланды.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Шарофиддин Болтабоев шерек финалда

Бүгин дзюдошымыз Шарофиддин Болтабоев Париж-2024 жазғы Олимпия ойынларында франциялы Омар Жалоға қарсы гүрес алып барды. Жуўмағында Шарофиддин Болтабоев қарсыласын жеңип шығып, шерек финалға жоллама алды.

Шарофиддин Болтабоев чорак финалда

Бугун дзюдочимиз Шарофиддин Болтабоев Париж-2024 ёзги Олимпия ўйинларида франциялик Омар Жалога қарши баҳс олиб борди. Якунда Шарофиддин Болтабоев ғалаба қозониб, чорак финалга йўлланма олди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter