#Күн_фотосы

⚡️Жаз айы писикшилик мәўсими.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi
Президент қарары әмелде.

⚡️Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 25-декабрь күнги «2024-2026-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм ислеп шығырыў инфратүзилмесин раўажландырыўдың ис-илажлары ҳаққында» ғы ПҚ 404-санлы қарарына тийкар, Қараөзек районында қурылыс жумыслары басланды.
Қарарға тийкар, район аймағындағы «Қутлы макан» МПЖ дағы 33-санлы мектептиң қапталынан қосымша имарат салыў белгиленген еди.
Ҳәзирги күнде, усы имараттың қурылыс жумысларын Нөкис қаласындағы «EKSPERT STROY TRANS» ЖШЖ ти алып барып, тырнағын қалаў жумысларын ислеп атыр.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
15:00 02.07.2024

OG'UFURUSH JINOYAT USTIDA QO'LGA OLINDI

#Qoraqalpog'iston

muxbir: Tamara Jumaniyozova

https://t.iss.one/zamon_lavhalar
Нурсултан Өзбекстанда биринши орынды ийеледи.

🏆Усы жылдың 28-июнь күни «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде спорттың пара стол теннис түринен 18-30 жас аралығында Республика финал басқышы Ташкент қаласында болып өтти.
Бул жарысқа Қараөзек районы «Бердақ» АПЖ да жасаўшы Ахметов Нурсултан қатнасып, сыйлы I-орынды жеңип алыўға мияссар болды.
Нурсултанды қолға киргизген жеңиси менен қызғын қутлықлап оның ата-анасына терең миннетдаршылық билдиремиз!

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев Қозоғистон Республикаси Президенти Қасим-Жомарт Тоқаевнинг таклифига биноан амалий ташриф билан Остона шаҳрига жўнаб кетди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың мирәт етиўине бола әмелий сапар менен Астана қаласына жөнеп кетти.

#Mirziyoyev #sammit #ShHT

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Кеўил билдириў

Усы жылдыӊ 3-июль күни Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист, мәмлекетик ҳәм сиясий ғайраткер, белгили журналист Кеңесбай Реймов 66 жасында қайтыс болды.

Кеңесбай Реймов 1958-жылы Кегейли районында туўылды. 1980-1984-жыллар аралығында «Қарақалпақстан жаслары» газетасының хабаршысы, бөлим баслығы, 1984-1986-жылларда Қарақалпақстан жаслар комитети инструкторы, лекторлар топарының баслығы лаўазымларында жемисли мийнет етти. Буннан соңғы жылларда «Қарақалпақстан жаслары» газетасы редакторы лаўазымын табыслы атқарды.

Ғәрезсизлигимиздиң дәслепки жылларында, яғный, 1991-1994-жыллары «Еркин Қарақалпақстан» газетасы бас редакторының орынбасары лаўазымында жумыс алып барып, елимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысында жүз берип атырған жаңалықларды халқымызға жеткериўде, мәмлекетлик реформалар, әмелге асырылып атырған ийгиликли жумысларды кеңнен үгит-нәсиятлаўда белсендилик көрсетти.
Кейин ала Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Секретариатының баспасөз хаткери, «Еркин Қарақалпақстан» - «Вести Каракалпакстана» газеталарының бас редакторы лаўазымларында нәтийжели жумыс алып барды.

Кеңесбай Реймов 2002-2010-жылларда Қарақалпақстан Республикасы Баспасөз ҳәм хабар агентлигиниң директоры, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық раўажланыў ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетиниң баслығы сыпатында елимиздиӊ жәмийетлик-сиясий турмысында, нызам дөретиўшилиги ҳәм олардыӊ орынланыўын тәмийинлеў бағдарында да нәтийжели жумыслар алып барды.

Буннан соңғы жылларда «Еркин Қарақалпақстан» - «Вести Каракалпакстана» газеталарының бас редакторы ҳәм өмириниң ақырына шекем Өзбекстан Журналистлер аўқамының Қарақалпақстан бөлими баслығы лаўазымларында өз ўазыйпасын жуўапкершилик пенен атқарды.

Кеңесбай Реймов қайсы лаўазымда ислесе де, өзин мийнетсүйгиш, терең билимли, истиң көзин билетуғын шебер шөлкемлестириўши сыпатында таныта билди. Ол миллий журналистикамыздың раўажланыўына салмақлы үлесин қосып, бирнеше шәкиртлер таярлады.
Кеңесбай Реймовтың мийнетлери мүнәсип баҳаланып, «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист» атағы менен сыйлықланды.

Халқымыз ийгилиги ушын аянбай мийнет еткен қәдирли инсан, белгили журналист, сиясий-жәмийетлик ғайраткер, үлгили устаз Кеңесбай Реймовтың жарқын естелиги халқымыздың ядында узақ сақланып қалады.

А.Орынбаев, Ф.Эрманов, Р.Сапарбаев, Т.Романов, Ш.Өтемисов,
Т.Абдижаббаров, А.Камалов, А.Данияров.
Қарар ҳәм оның орынланыўы тәмийинленбекте.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2022-жыл 6-сентябрдеги “Қарақалпақстан Республикасы аймақларын социаллық-экономикалық раўажландырыў, қолайлы бизнес орталығын жаратыў, инновациялық технологияларды енгизиў ҳәм инфраструктура менен тәмийинленгенлик дәрежеси ҳәм халықтыӊ турмыс дәрежесин жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында” ғы 500-санлы қарары қабыл етилип, усы тийкарда халықты жыллар даўамында қыйнап келген машқалаларға шешим таўылып атыр.
Қараөзек районын да қарар бойынша 2024-жылда алыс аўыллардағы ишки хожалық топырақ жолларды қум-щебенли жолларға өткериў жумыслары әмелге асырылып атыр.
Быйылғы жылы район бойынша 25 километр аралықтағы ишки жолларға қум щебен араласпасын төсеў ҳәм тегислеў жумыслары режелестирилген.
Соннан «Ак. С.Камалов» АПЖ аймағынан 2,33 км, «Қуралпа» АПЖ аймағынан 2,5 км, «А. Досназаров» АПЖ аймағынан 4 км топырақ жолларға тегислеў жумыслары исленди.
Буннан басқа, «Есимөзек» АПЖ Қошқарбай аўылы аймағынан 4,59 км, «Қараөзек» АПЖ Тойберген аўылы аймағынан 3 км узынлықтағы ишки жолларда қурылыс оңлаў жумыслары алып барылып атыр.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
@QaraozekHakimligi