Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ҳафтанинг энг муҳим воқеалари шарҳи: Мўғулистон Президентининг Ўзбекистонга тарихдаги биринчи давлат ташрифи. "BYD Uzbekistan Factory" илк электромобилини ишлаб чиқарди. Фаол ёшларга давлат мукофотлари топширилди

Ҳәптениң ең әҳмийетли ўақыяларына шолыў: Монголия Президентиниң Өзбекстанға тарийхтағы биринши мәмлекетлик сапары. "BYD Uzbekistan Factory" дәслепки электромобилин ислеп шығарды. Белсенди жасларға мәмлекетлик сыйлықлар тапсырылды

Обзор важнейших событий за неделю: Первый в истории госвизит Президента Монголии в Узбекистан. "BYD Uzbekistan Factory" выпустил первый электромобиль. Активной молодежи вручены государственные награды

Facebook|Instagram|X
Дайыбекова Олимпиадада Өзбекстан делегациясын баслап шығады

Әҳмийетли тәрепи сонда, Олимпиада ойынларының ашылыў мәресиминде қылышласыў бойынша Азия ойынларының чемпионы, «Шуҳрат» медалы ийеси Зайнаб Дайыбекова бокс бойынша жәҳән чемпионы, Азия ойынларының жеңимпазы Абдумалик Ҳалоков пенен бирге Өзбекстан Республикасының байрағын көтерип шығатуғын болды.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, Зайнаб Дайыбекова өткен жылы Қытайдың Ханчжоу қаласында өткерилген Азия ойынларында да дзюдошы Музаффарбек Тўрабоев пенен Өзбекстан спорт делегациясын баслап жүретуғын байрақшы болған еди.

Дайибекова Олимпиадада Ўзбекистон делегациясини бошлаб чиқади

 Аҳамиятлиси шундаки, Олимпиада ўйинларининг очилиш маросимида қиличбозлик бўйича Осиё чемпиони, «Шуҳрат» медали соҳиби Зайнаб Дайибекова бокс бўйича жаҳон чемпиони, Осиё ўйинларининг ғолиби Абдумалик Ҳалоков билан бирга Ўзбекистон Республикасининг байроғини олиб чиқадиган бўлди.

Маълумот учун айтиш жоиз, Зайнаб Дайибекова ўтган йили Хитойнинг Ханчжоу шаҳрида ўтказилган Осиё ўйинларида ҳам дзюдочи Музаффарбек Тўрабоев билан бирга Ўзбекистон спорт делегациясини бошлаб юрувчи байроқдор бўлган эди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
#Күн_фотосы

⚡️Жаз айы писикшилик мәўсими.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi
Президент қарары әмелде.

⚡️Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 25-декабрь күнги «2024-2026-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм ислеп шығырыў инфратүзилмесин раўажландырыўдың ис-илажлары ҳаққында» ғы ПҚ 404-санлы қарарына тийкар, Қараөзек районында қурылыс жумыслары басланды.
Қарарға тийкар, район аймағындағы «Қутлы макан» МПЖ дағы 33-санлы мектептиң қапталынан қосымша имарат салыў белгиленген еди.
Ҳәзирги күнде, усы имараттың қурылыс жумысларын Нөкис қаласындағы «EKSPERT STROY TRANS» ЖШЖ ти алып барып, тырнағын қалаў жумысларын ислеп атыр.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
15:00 02.07.2024

OG'UFURUSH JINOYAT USTIDA QO'LGA OLINDI

#Qoraqalpog'iston

muxbir: Tamara Jumaniyozova

https://t.iss.one/zamon_lavhalar
Нурсултан Өзбекстанда биринши орынды ийеледи.

🏆Усы жылдың 28-июнь күни «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде спорттың пара стол теннис түринен 18-30 жас аралығында Республика финал басқышы Ташкент қаласында болып өтти.
Бул жарысқа Қараөзек районы «Бердақ» АПЖ да жасаўшы Ахметов Нурсултан қатнасып, сыйлы I-орынды жеңип алыўға мияссар болды.
Нурсултанды қолға киргизген жеңиси менен қызғын қутлықлап оның ата-анасына терең миннетдаршылық билдиремиз!

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев Қозоғистон Республикаси Президенти Қасим-Жомарт Тоқаевнинг таклифига биноан амалий ташриф билан Остона шаҳрига жўнаб кетди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың мирәт етиўине бола әмелий сапар менен Астана қаласына жөнеп кетти.

#Mirziyoyev #sammit #ShHT

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Кеўил билдириў

Усы жылдыӊ 3-июль күни Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист, мәмлекетик ҳәм сиясий ғайраткер, белгили журналист Кеңесбай Реймов 66 жасында қайтыс болды.

Кеңесбай Реймов 1958-жылы Кегейли районында туўылды. 1980-1984-жыллар аралығында «Қарақалпақстан жаслары» газетасының хабаршысы, бөлим баслығы, 1984-1986-жылларда Қарақалпақстан жаслар комитети инструкторы, лекторлар топарының баслығы лаўазымларында жемисли мийнет етти. Буннан соңғы жылларда «Қарақалпақстан жаслары» газетасы редакторы лаўазымын табыслы атқарды.

Ғәрезсизлигимиздиң дәслепки жылларында, яғный, 1991-1994-жыллары «Еркин Қарақалпақстан» газетасы бас редакторының орынбасары лаўазымында жумыс алып барып, елимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысында жүз берип атырған жаңалықларды халқымызға жеткериўде, мәмлекетлик реформалар, әмелге асырылып атырған ийгиликли жумысларды кеңнен үгит-нәсиятлаўда белсендилик көрсетти.
Кейин ала Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Секретариатының баспасөз хаткери, «Еркин Қарақалпақстан» - «Вести Каракалпакстана» газеталарының бас редакторы лаўазымларында нәтийжели жумыс алып барды.

Кеңесбай Реймов 2002-2010-жылларда Қарақалпақстан Республикасы Баспасөз ҳәм хабар агентлигиниң директоры, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық раўажланыў ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетиниң баслығы сыпатында елимиздиӊ жәмийетлик-сиясий турмысында, нызам дөретиўшилиги ҳәм олардыӊ орынланыўын тәмийинлеў бағдарында да нәтийжели жумыслар алып барды.

Буннан соңғы жылларда «Еркин Қарақалпақстан» - «Вести Каракалпакстана» газеталарының бас редакторы ҳәм өмириниң ақырына шекем Өзбекстан Журналистлер аўқамының Қарақалпақстан бөлими баслығы лаўазымларында өз ўазыйпасын жуўапкершилик пенен атқарды.

Кеңесбай Реймов қайсы лаўазымда ислесе де, өзин мийнетсүйгиш, терең билимли, истиң көзин билетуғын шебер шөлкемлестириўши сыпатында таныта билди. Ол миллий журналистикамыздың раўажланыўына салмақлы үлесин қосып, бирнеше шәкиртлер таярлады.
Кеңесбай Реймовтың мийнетлери мүнәсип баҳаланып, «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист» атағы менен сыйлықланды.

Халқымыз ийгилиги ушын аянбай мийнет еткен қәдирли инсан, белгили журналист, сиясий-жәмийетлик ғайраткер, үлгили устаз Кеңесбай Реймовтың жарқын естелиги халқымыздың ядында узақ сақланып қалады.

А.Орынбаев, Ф.Эрманов, Р.Сапарбаев, Т.Романов, Ш.Өтемисов,
Т.Абдижаббаров, А.Камалов, А.Данияров.