ЕМЛЕЎХАНАДАҒЫ БАЛАЛАРҒА ЖАҢА ЖЫЛ САЎҒАЛАРЫ ТАПСЫРЫЛДЫ.
⚡️Жаң жылды ҳәр жылы кишкене балаларымыз асығыслық пенен күтеди.
Усы күни район ҳәкимлиги тәрепинен оларға байрам саўғалары шөлкемлестирилип, жаңа жылда жақсы тилеклер билдириледи.
Бүгин район ҳәкими У. Утамбетов сектор баслықлары менен Орайлық банктиң Қарақалпақстан Республикасы бас басқармасы баслығы А. Тилеўмуратовлар райондағы емлеўханада емленип атырған балалардың ҳал-жағдайларынан хабар алып, оларды ҳәм ата-аналарын елимизге кирип киятырған Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлап, жаңа жыл саўғаларын тапсырды.
Кеўиллери қуўанышқа толған балаларымыз ҳәм олардың ата-аналары көрсетилип атырған бундай итибардан заўықланып, жаңа жыл тилеклерин қосық, тахмақлар менен жеткерип берди.
Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
➡️@QaraozekHakimligi

«Жаңа жыл» байрам мүнәсибети менен 39 балаға Президент саўғалары тапсырылды.
⚡️Райондағы Мәденият орайында жаңа жыл байрам иләжы шөлкемлестирилип, оған қатнасқан балажанларымызды район ҳәкими У. Утамбетов ҳәм басқалар жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлап, өтип баратырған жыл жасларымыз турмысында үлкен жаңаланыўлар, жетискенликлер менен жуўмақланып атырғанлығын атап өтти.
Буннан соң, Президентимиз тәрепинен ҳәр жылы балаларымызға инам етилетуғын Президент саўғалары салтанатлы жағдайда тапсырылды.
Бул саўғалар көплеген балаларымызды қуўанышқа бөлеп, байрам кешеси ҳәр қыйлы байрам заўықлары менен даўам етти.

#Сыйлықлаў
⚡️Жаңа жыл байрамы кешеси даўамында пәнлер олимпиадасының Қарақалпақстан Республикасы басқышында сыйлы I-II-III-орынларды ийлеген оқыўшылар ҳәм оларға билим берген устазлары сондай ақ, улыўма орта билим бериў мектеплери арасында «Бес баслама олимпиада» сы шеңберинде өткерилген спорт жарыслары районлық басқышы женимпазлары район ҳәкимлиги ҳәм шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықлады.
Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
@QaraozekHakimligi

«Жаңа жыл» балаларымыз ушын қуўанышлы байрамға айланды.
⚡️Районда тийкарғы байрам сейиллери Ғәрезсизлик майданына үлкен етип орнатылған жаңа жыл шырша әтирапында өткерилди.
Бул орынға таң азаннан көплеп балаларымыз, олардың ата-аналары менен устазлары келип байрам сейилине қатнаспақта.
Байрам кешесинде район халқын ҳәм қатнасыўшыларды район ҳәкими У. Утамбетов, Орайлық банктиң Қарақалпақстан Республикасы бас басқармасы баслығы А. Тилеўмуратовларлар жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлап, өтип баратырған жылдағы район жетискенликлерине айрықша тоқтап өтти ҳәм үлкемизге кирип киятырған жылданда үмитлери мол екенликлерин билдирди.
Буннан соң, районлық мәденият бөлиминиң жаңа жыл байрамына арнап таярлаған йошлы концерт бағдарламалары қатнасыўшылар нәзерине усынылды.
Байрам сейиллери даўам етпекте.