October 15, 2023
15-октябрь Халықаралық аўыл ҳаяллары күни
⚡️БМШ Бас Ассамблеясының 2007-жыл 18-декабрьдеги "Аўыл ҳаялларының аўҳалын жақсылаў" ҳаққындағы резолюциясына тийкарланып, 15-октябрь- Халықаралық аўыл ҳаяллары күни деп жәрияланды.
Бул күн бизиң елимизде де байрам сыпатында ҳәр жылы белгиленип киятыр. Аўыл хожалығында турмыстың қайсы тараўын алсақ та ҳаял-қызларсыз көз алдымызға келтире алмаймыз.
Усы байрам мүнәсибети менен район ҳәкиминиң орынбасарлары, пахта жыйын теримине белсенди қатнасып киятырған ҳаял-қызларымызды атыз басында байрамлары менен қутлықлап, халқымыздың миллий байлығы болған пахта зүрәәтине қосып атырған үлеслери ушын миннетдаршылықларын билдирди.
Усы күни аўыл ҳаялларының қатнасыўында, “Ең алдыңғы теримши” жарысы шөлкемлестирилип, жарыс жуўмағында I-орынды «Есим» МПЖ нан Бектурсынова Минайым 164 кг, II-орынды еки теримши Қараөзек посёлка пуқаралар жыйынынан Пиржанова Жупар 109 кг ҳәм “Қутлы мәкан” МПЖ нан Аметова Гүлмира 109 кг, III-орынды «Мәденият» АПЖ Махамбетова Роза 103 кг нан аслам пахта терип, қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Байрам иләжы йошлы концерт бағдарламалары менен даўам етти.
Усындай дүньяның тиреги, өмирдиң мазмуны, аўылдың көрки болған ҳаял-қызларымызға байрам мүбәрек болсын, әзиз аўыл ҳаяллары дегимиз келеди!
Қараөзек районы ҳəкимлиги мəлимлеме хызмети.
👇👇👇
@QaraozekHakimligi

15-октябрь – «Халықаралық аўыл ҳаяллары күни» мүнәсибети менен байрам илажы өткерилди
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, сәне мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
Айтып өтиў орынлы, бүгинги күнде елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мəселеси мəмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларынан бирине айланған. Өткен жыллар даўамында ҳаял-қызлардың турмысында оғада әҳмийетли болған өзгерислер менен жаңаланыўлар жүз берди.
Ҳүрметли Президентимиздиң тиккелей итибары ҳəм ғамхорлығы менен елимиз ҳаял-қызларын қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар нызам, пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди, ҳаял-қызларға исбилерменлик бағдары бойынша көплеген жеңилликлер берилди, билимлендириў, мәденият, спорт ҳәм басқа-да тараўлардағы ҳаял-қызларымыз материаллық ҳəм руўхый жақтан қоллап-қуўатланып келинбекте.
Өткен еки жыл даўамында “Ҳаяллар дәптери”не киргизилген 82 мыңнан аслам ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиў ушын 158,6 млрд. сум қаржы ажыратылды. Быйылғы жылдың өзинде “Ҳаяллар дәптери”не киргизилген 46 мыңнан аслам ҳаял-қызлардың машқалалары өзиниң унамлы шешимин тапты. Сондай-ақ, 43 мыңға шамалас ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленди, 4 мың 825 ҳаял-қыз кәсип-өнерге оқытылды, исбилерменлик пенен шуғылланыўшы 21 мың 750 хаял-қызға 367 млрд. сумлық кредитлер ажыратылды ҳəмде бундай қоллап-қуўатлаўлар еле даўам етпекте.
Өткерилген илаж даўамында бир қатар ҳаял-қызлар Жоқарғы Кеңестиң көкирек белгилери ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Илаж көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter

This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Хабар_бағдарламасы
⚡️Қараөзек районындағы “MEGA” саўда орайының ашылыў салтанатынан репортаж.
Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
➡️@QaraozekHakimligi

October 16, 2023
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Районда "Чеснок ҳәмде тоқсанбасты усылында овощ-палыз өнимлерин жетистириў ҳәр бир дийхан хожалықлары менен мәҳәллелерде кең көлемде алып барылмақта.
Бул бағдардағы жумыслар райондағы «Қутлы мәкан» мәкан пуқаралар жыйынында жақсы жолға қойылған.
Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
➡️@QaraozekHakimligi
Бул бағдардағы жумыслар райондағы «Қутлы мәкан» мәкан пуқаралар жыйынында жақсы жолға қойылған.
Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
➡️@QaraozekHakimligi
October 16, 2023
#Вакансия_ҳәпте_даўамында
Министрлик Мәлимлеме хызмети тәрепинен Республика көлеминде ҳәпте даўамында жәрияланған бос жумыс орынлары менен танысың!
1.Нөкис қаласы
2.Қоңырат районы
3.Шоманай районы
4.Шымбай районы
5. Хожели районы
6.Тахтакөпир районы
7.Нөкис районы
8. Мойнақ районы
9. Тақыятас районы
10. Қараөзек районы
11.Қанлыкөл районы
12. Кегейли районы
13. Бозатаў районы
14. Төрткүл районы
15. Елликқала районы
16. Беруний районы
17. Әмиўдәрья районы
🌐 Бизди социаллық тармақларда бақлап барың:
Telegram|Instagram|Facebook|Twitter