ҒАЎАША ТӘРБИЯСЫНА АРНАЛҒАН СЕМИНАР КЕҢЕС.

⚡️Қараөзек районының фермер хожалықлары ҳəр жыл сайын жоқары зүрəəтликке ерисиў ушын тынымсыз мийнет ислеп, ғаўаша тəрбиясына дыққат- итибар қаратып киятыр.
Олар быйылғы жылдың ғаўаша тəрбиясының агротехникалық жумысларын өз ўақтында жүргизип, суўғарыў жумысларын сапалы алып бармақта.
Райондағы «Бердақ» АПЖ Амирбай ата фермер хожалығында ғаўаша тәрбиясына арналған көргизбели семинар кеңес болып өтти.
Семинарға район ҳəкими У. Утамбетов, фермер хожалықлары менен тийисли мəкеме басшылары қатнасты. Онда шығып сөйлеўшилер ғаўашаға суўдан кейин өз ўақтында тəрбиясын бериў, сапалы шүдигарға қойыў ҳәм шырпыў жумысларына айрықша итибар қаратыўға тоқтап өтти ҳәм қəнигелер тəрепинен семинар қатнасыўшыларына мəслəҳəтлер берилди.


Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
#Абаданластырыў

⚡️Алдын хабар бергенимиздей Қараөзек АПЖ аймағындағы көшелер,  майданшалар тәртипке келтирилип, абаданластырыў жумыслары даўам етпекте.
Бүгин район ҳәкими У. Утамбетов аймақтағы абаданластырыў жумысларының барысы менен танысты.
Абаданластырыў жумысларына райондағы мәкеме, кәрханалар жақыннан жардем көрсетип атыр.

➡️@QaraozekHakimligi
⚡️ «Ташаббусли бюджет»нинг 2-мавсуми 17 июлдан бошланади

Бу мавсум учун туман (шаҳар) бюджетлари ҳисобидан 1 трлн сўмдан ортиқ маблағ йўналтирилиши кутилмоқда.

❗️2-мавсум 17 июль куни соат 10:00 дан старт олади.

▪️ 1-босқич — фуқаролар томонидан лойиҳаларни шакллантириш жараёнлари 17 июлдан 6 августгача;
▪️ 2-босқич — лойиҳаларни махсус комиссия томонидан саралаб олиш жараёнлари 6 августдан 26 августгача;
▪️ 3️-босқич — лойиҳаларга овоз бериш жараёнлари 26 августдан 15 сентябргача ўтказилади.

Фуқаролар жараёнда иштирок этиш шартлари бўйича ўзини қизиқтирган саволларга ушбу ҳавола орқали жавоб олиши мумкин.
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Жаңалықлар_бағдарламасы

#Қараөзек_районы

⚡️Усы жылдың 10-июль күнинен 10-август күнлери аралығында өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша өткерилип атырған "Әҳмийетли 30 күн" илажынан репортаж.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi.
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Жаңалықлар_бағдарламасы

#Қараөзек_районы

⚡️Районда исбилерменликти раўажландырыў бағдарындағы семинардан репортаж.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi.
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#видеоролик

⚡️Районда исбилерменликти раўажландырыў бағдарында кең көлемли жумыслар жолға қойылған.
Бул бағдарда райондағы Микро орайда хызмет көрсетиў жөнелиси бойынша тигиўшилик жолға қойылып, ҳәзирги ўақытта халыққа хызмет көрсетип келмекте.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi.
Президентимиздиң арнаўлы қарары менен Қарақалпақстандағы 452 мәҳәллениң хәр бирине 500 млн сумнан қаржы ажыратылды

Усы жылдың 30-март күни Ҳүрметли Президентимиз Қарақалпақстанға болған сапарында мәҳәллелер инфраструктурасын жетилистириў, пуқаралардың турмыс шараятларын еле де жақсылаў, мәҳәллелерди социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған бағдарламалар орынланыўы ҳәмде бар болған машқалалардың нәтийжели ҳәм тез шешилиўин қаржылық жақтан тәмийинлеў мақсетинде республикамыздағы 452 мәҳәллениң ҳәр бирине 500 миллион сумнан қаржы ажыратылатуғынлығы ҳаққында атап өткен еди. Бүгинги күнге келип, Президентимиздиң тапсырмасы орынланды ҳәм және бир әҳмийетли қарар қабылланды. 

Усы жылдың 13-июль күни «Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында Мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў фондын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы 228-санлы Өзбекстан Республикасы Президенти қарары қабыл етилди.

Қарарға тийкар, 2023-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасындағы 452 мәҳәлле пуқаралар жыйынларының ҳәр бирине 500 млн сумнан қаржы бағдарлаў белгиленген.

Мәҳәллелер ушын ажыратылып атырған қаржылар тийкарындағы жойбарлар мәҳәлле баслықлары тәрепинен ҳәким жәрдемшилери менен биргеликте мәҳәлледе жасаўшы халықтың аймақтағы машқалаларды сапластырыў бойынша усынысларын улыўмаластырылған түрде қәлиплестириледи.

Мәҳәлле баслықлары тәрепинен қәлиплестирилген ҳәм басқарылатуғын жойбарларды қаржыландырыў ушын ҳәр бир мәҳәлле пуқаралар жыйынлары ушын өз алдына есап-бетлери ашылады.

Әлбетте, қабыл етилген бул қарар Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибарының және бир көриниси болып, пуқараларымыздың турмысында ушырасып атырған машқалаларды шешиўде ҳәм абадан турмысын тәмийинлеўде оғада әҳмийетли ҳүжжет есапланады.


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
⚡️Оқыўды көшириў бойынша өтиў баллары тастыйықланды

Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң тийисли буйрығы менен 2023/2024-оқыў жылында сырт еллердеги жоқары оқыў орынлары, республикамызда жумыс алып барып атырған мәмлекетлик емес ҳәм сырт ел (филиаллар) жоқары оқыў орынларынан мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына оқыўды көшириў ушын өтиў баллары тастыйықланды.

Усы өтиў баллары усы жылда да системасында жоқары оқыў орынлары болған министрлик ҳәм мәкемелердиң усыныслары тийкарында қәлиплестирилди.

Тәлим жөнелислери кесиминде өтиў баллары қосымшада (сүўрет)


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен өткерилген көшпели қабыллаўлар, көше бийлери менен ушырасыўлар даўамында билдирилген тилек-усыныслар ҳәм анықланған машқалалар Президентимиз тәрепинен итибарға алынып, толық сапластырыў илажлары көрилмекте.

Соның менен бирге Қарақалпақстанды ҳәр тәреплеме раўажландырыў ушын Президентимиздиң бир неше қарар ҳәм пәрманлары қабыл етилип, әмелде орынланыўы тәмийинленип атыр.

Атап айтқанда мәҳәллелердиң инфраструктурасын жақсылаў, жигирма бир мың үйди оңлаў ҳәм қайта қурыў, исбилерменлерге жеңилликлер жаратыў, жаслар ушын қосымша оқыў квоталары ҳәм қырқ жети мың ҳүжжетсиз үйлердиң кадастр ҳүжжетин ислеп бериў усылар катарынан.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
🏆QARAQALPAQSTAN KUSHMAG LIGA 5- TUR

⚽️Terbenbes : Kegeyli

🕐16.07.2023 18:30

🏟Qaraózek rayonı


➡️@QaraozekHakimligi
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#видеоролик

⚡️Районда исбилерменликти раўажландырыў бағдарында, QARAOZEK BIO POWDER» жуўапкершилиги шекленген жәмийети усы жылдың март айынан дизимнен өткерилип, өз искерлигин баслады.
Кәрхана ҳәзирги күнде суйық сабын, шампун, кир содасы, ҳәм де усы сыяқлы ҳәр түрли өнимлер ислеп шығарып, халыққа арзан баҳада сатып келмекте.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi.
⚡️ Тәлим кредитин алыў тәртиби

🔰Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 18-августтағы 527-санлы қарарына муўапық, тәлим кредити мәмлекетлик, меншик оқыў орынларына ҳәм сырт ел оқыў орынларының филиалларына күндизги, сыртқы ҳәм кешки формасына бакалавриат ҳәм магистратураға төлемли-контракт тийкарында оқыўға кирген ямаса оқыўын көширген Өзбекстан пуқараларына ажыратылады.

🚫 Кредит төмендеги жағдайларда ажыратылмайды:
🔻«супер контракт»ты төлеўге;
🔻сырт ел пуқараларына;
🔻пуқаралығы болмаған шахсларға.

💰Кредит ставкасы (проценти) – Орайлық банктың тийкарғы ставкасы (ҳәзирги күнде 14%). Бунда тийкарғы ставка азайса, кредит проценти де азаяды. Ал ставка көтерилсе, кредит проценти өзгерместен қалады.

❗️Ҳаял-қызлар ушын кредит процентсиз ажыратылады.

📆 Төлеў мүддети: кредит алынған ўақыттан баслап кредиттиң проценти төлеп барылады, ал кредиттиң тийкарғы бөлеги студенттиң оқыўы рәсмий тамамланған күннен кейинги жетинши айдан баслап 7 жыл даўамында қайтарылады.

♻️ Кредит алыўда студенттиң дәраматы бар болған шаңарақ ағзалары да биргеликте кредит алыўшы ретинде қатнасыўы мүмкин.

🏦 Тәлим кредитин ажыратыў бойынша мәмлекет 12 банк (Микрокредит банк, Асака банк, Агро банк, Халық банки, Ипотека банк, Қишлоқ қурилиш банк, Туран банк, Ориент финанс банк, Миллий банк, Ўзсаноатқурилиш банк, Хамкор банк, Алоқа банк) пенен шәртнама дүзген.

📝 Тәлим кредитин алыў ушын усы банклерге төмендеги ҳүжжетлерди тапсырыў керек:

🔸арза;
🔸студент пенен оқыў орны арасында дүзилген шәртнама ҳәм оған қосымша есап бети (фактураси).
Шәртнамада оқыўдың жуўмақланатуғын ўақты ҳәм бир жыл ушын контракт пулының муғдары көрсетилиўи керек.
🔸гиреў шәртнамасы.
Кем тәмийинленген, «Социаллық қорғаўдың бирден бир реестри”не кирген шаңарақ ағзаларынан гиреў ҳәм кепиллик соралмайды.
🔸“Социаллық қорғаўдың бирден бир реестри”не киргенлигин тастыйықлаўшы мағлыўматнама;
🔸биргеликте кредит алыўшы шахслардың ҳүжжетлери ҳәм мағлыўматлары;
🔸банктың ишки кредит сиясаты бойынша талап етилетуғын басқа ҳүжжетлер.

Банк арзаны 5 жумыс күнинде қарап шығып кредит ажыратыў ямаса ажыратпаў ҳаққында қарар қабыл етеди. Кредит шәртнамасы бир жылға дүзилип, кейинги жыллар ушын қосымша келисим дүзип барылады.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter