Көшпели қабыллаў өткерилди

Жынаят ислери бойынша Қараɵзек районы суды ҳəм район Халық қабыллаўханасы басшылары тəрепинен кɵшпели қабыллаў ɵткерилди.
Қабыллаўда «Қуралпа» аўыл пуқаралар жыйыны турғынларының суд-ҳуқық мəселелерине байланыслы мүрəжатлары тыңланды.
Онда пуқаралар тәрепинен суд-ҳуқық тараўына байланыслы мүрəжатлар билдирилип, мүрәжатларды қосымша үйрениў ҳəм мүддет талап ететуғынлары басшылар тəрепинен қадағалаўға алынды.
Соның менен бирге, айырым пуқараларға судқа мүрəжат етиў тəртиби ҳəм басқада мəселелер бойынша ҳуқықый түсиниклер берилди.

➡️@QaraozekHakimligi
⚡️Қараөзек районындағы "Қутлы макан",  "Ғәрезсизлик", "Ата макан" МПЖ  "Бердақ" АПЖ  аймағында 2023-жыл 19-июнь күни саат 11:00 ден 18:00 ге шекем Ажинияз линиясында  ири оӊлаӯ жумысының алып барылыўына байланыслы усы аймақ турғынларын электр энергиясы менен тәмийинлеӯ ӯақтынша тоқтатылады.

➡️@QaraozekHakimligi
Хош хабар


⚡️Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 1-курс студенти ҳәм "Китапқумарлар клубы" жетекшиси Ақсынгүл Қошмуратова
Республикамыз  көлеминде өткерилген  "Китапқумар студент" таңлаўының 3-орын ийесине айланды.
Ол Қараөзек районы 14-санлы мектепти тамамлаған ҳәм усы бүгинги күнге шекем бирқанша таңлаўлар жеңимпазына айланған.
2022-жылы 12-18-декабрь аралығында Ферғана ўәлаятында өткерилген "Филологиянинг долзарб муамолари" атлы илимий-әмелий халық аралық конференция қатнасыўшысы,  усы жылдың 2-6-май күнлери аралығында Ташкент қаласында  "Саҳра бүлбиллери" атлы концерт қатнасыўшысы, соның менен бир қатарда университет көлеминде "Китапқумар студент" ҳәм "Әжинияз билимданлары" таңлаўларының шөлкемлестириўшиси, университет ҳәм Қарақалпақстан көлеминде өткерилген бирқанша таңлаўлардың жеңимпазына айланған.
Жерлесимизди усындай жетискенликлери менен қутлықлап, кейинги дөретиўшилик жумысларында табыслар тилеп қаламыз.

➡️@QaraozekHakimligi
ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!!!

2023-жыл 21-июнь
күни  Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды, Қарақалпақстан Республикасы судлары судьялары квалификациялық коллегиясы басшылары  тәрепинен Қараөзек районында көшпели қабыллаў өткериледи.

Қабыллаўда Қараөзек, Тахтакөпир, Шымбай районы пуқараларының суд-ҳуқық тараўына байланыслы мүрәжатлары тыңланады.

Қабыллаў өткерилетуғын орын: Қараөзек районы Мәденият орайы имәраты.

Қабыллаў ўақты: 21-июнь, саат 10:00 ден 13:00 ге шекем

Сайт | Telegram | Facebook
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Диққаттанлов!

👉Ўзбекистон Республикаси Маданият ва туризм вазирлиги ҳузуридаги миллатлараро муносабатлар ва хорижий мамлакатлар билан дўстлик алоқалари қўмитаси ҳамкор ташкилотлар билан биргаликда "Дўстлик" видеороликлар танловини эълон қилади.

👉Танлов ғолиблари 2023 йил 29 июль "Халқлар дўстлиги куни" муносабати билан ўтказиладиган "Дўстлик фестивали" байрам тадбирида тақдирланади.

https://t.iss.one/hudud_inform
#Мәмлекетлик_хызметкерлерге_еслетпе

⚡️ 28-июнь Қурбан ҳайыты байрамы етип белгиленди

"Қурбан ҳайытын белгилеў ҳаққында"ғы Президент қарары қабыл етилди.

Қарарға бола, 2023-жылда Қурбан ҳайытының биринши күни 28-июнь – сәршемби күнине дурыс келиўи мүнәсибети менен Қурбан ҳайыты байрамы сыпатында белгиленеди.

🔰 Усыған бола, Қурбан ҳайыты қарсаңында төмендеги күнлер дем алыс болады:

🔹 28-июнь (сәршемби) – Қурбан ҳайыты байрамы;

🔹 29-июнь (пийшемби) – бәрше хызметкерлер ушын қосымша дем алыс күни;

🔹 30-июнь (жума) – бәрше хызметкерлер ушын қосымша дем алыс күни;

🔹 1-июль (шемби) – дем алыс күни, соның ишинде, 6 күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғын хызметкерлер ушын қосымша дем алыс күни;

🔹 2-июль (екшемби) – дем алыс күни.

@ARGOS_QR
⚡️Райондағы "Қойбақ" АПЖ на барыўшы электр линиясында  ири оңлаў жумысының  алып барылыўына  байланыслы, 2023-жылдың 20-июнь күни саат 10:00 ден 14:00 ге шекем усы аймақ турғынларын  электр энергиясы менен тәмийинлеӯ ӯақтынша тоқтатылатуғынлығын хабарлаймыз.

➡️@QaraozekHakimligi
Айрықша жағдайлар министрлиги академиясы жанындағы Пуқаралық қорғаў институты тәрепинен жер силкиниў ўақтында пуқараларды туўры ҳәрекет етиўге үйретиўге аранлған мобиль қосымша (Zilzila Mobile) жаратылды.

⚡️Усы мобиль қосымша кеӊ жәмийетшилик тәрепинен бийпул пайдаланып жүклеп алыўы ушын Google play (Play Market) 👉(https://play.google.com/store/apps) платформасына (Zilzila Mobile) аты менен жайластырылған.
Жер силкиниў ўақтында пуқараларды туўры ҳәрекет етиўге үйретиўге арналған интерактив мобиль қосымшадан пайдаланыў ушын Play Market платформасынан усы мобиль қосымшаны Android системасында ислеўши мобиль телефонларға жүклеп алыў талап етиледи. Жүклеп алынған қосымша орнатылғаннан соӊ пайдаланыўшы ушын қолай болған тил таӊланады.
Қосымшада үш тилде (өзбек, рус, инлиз) ислеў имкәнияты жаратылған.

Қараөзек районы Айрықша жағдайлар бөлими

➡️@QaraozekHakimligi
Қарақалпақстан Республикасы бойынша 1156 исбилерменлик ушын жер участкалары мүлк ҳәм ижара ҳуқықы менен саўдаға шығарылды
e-auksion.uz
🔷Нөкис қаласы 5 (көриў)
🔷Әмиўдәрья районы 16 (
көриў)
🔷Беруний районы 69 (
көриў)
🔷Бозатаў районы 63 (
көриў)
🔷Қараөзек районы 113 (
көриў)
🔷Кегейли районы 117 (
көриў)
🔷Қоңырат районы 81 (
көриў)
🔷Қанлыкөл районы 58 (
көриў)
🔷Мойнақ районы 28
көриў)
🔷Нөкис районы 91 (
көриў)
🔷Тақыятас районы 48 (
көриў)
🔷Тахтакөпир районы 84 (
көриў)
🔷Төрткүл районы 125 (
көриў)
🔷Хожели районы 129 (
көриў)
🔷Шымбай районы 63 (
көриў)
🔷Шоманай районы 38 (
көриў)
🔷Елликқала районы 28 (
көриў)

социаллық
тармақларда:
Telegram | Facebook | Instagram | Youtube
Қарар ҳәм оның орынланыўы тәмийинленбекте.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2022-жыл 6-сентябрдеги “Қарақалпақстан Республикасы аймақларын социаллық-экономикалық раўажландырыў, қолайлы бизнес орталығын жаратыў, инновациялық технологияларды енгизиў ҳәм инфраструктура менен тәмийинленгенлик дәрежесин жәнеде жақсылаў арқалы халықтыӊ турмыс дәрежесин жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында” ғы 500-санлы қарары қабыл етилип, усы тийкарда халықты жыллар даўамында қыйнап келген машқалаларға шешим таўылып атыр.
Қараөзек районында да қарар бойынша 2023-жылда ишки хожалық топырақ жолларды қум-щебенли жолларға өткериў жумыслары әмелге асырылып атыр.
Бүгинги күнге шекем район бойынша 20 километр аралықтағы ишки жолларға қум щебен араласпасын төсеў ҳәм тегислеў жумыслары жүргизилди.
Халық депутатлары Ⱪараөзек районлық Кеӊеси депутатлары «Бердақ» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы ишки көшелердеги қурылыс-оңлаў жумыслары менен жақыннан танысып, аймақ турғынларының пикир усынысларын тыӊланды.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
@QaraozekHakimligi
Қараөзек районы Ак. С. Камалов,  А. Досназаров, Қараөзек, Қуралпа АПЖ аймақларында  усы жылдың 21-ҳәм 24-июнь күнлери аралығында  азанғы саат 8:00 ден кешки 18:00 ге шекем 110/35/10 кВ Қараөзек подстанциясынан шығыўшы Л-35-кВ ли КС-3-1 жоқары кернеўли ҳаўа линиясында ири онлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы усы аймақлардағы барлық түрдеги тутыныўшыларды электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша үзилиске  түсетуғынлығын мәлим етип билдиремиз.

Қараөзек районлық электр тәмийинлеў кәрханасы.

➡️@QaraozekHakimligi
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Инсан_қәдири_ушын

⚡️Қараөзек АПЖ аймағы егислик майданларының суў менен тәмийнлениўи аўыл турғынларына қуўаныш бағышламақта.

Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi
Көше сәрдарлары ҳәм белсенди жаслар менен пикирлесилди

Бүгин Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев «Жаслар айлығы» шеңберинде Хожели районының белсенди жаслары ҳәм көше сәрдарлары менен ушырасты.

Өткерилген ушырасыўда елимизде жасларға деген итибар, олардың қәбилетин ҳәм уқыплылығын жүзеге шығарыў ушын жаратып берилген шараятлар, кең мүмкиншиликлер ҳәм бул имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў бағдарында сөз етилди.

Жасларға деген итибар мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилген бир ўақытта теңлеслери арасында үлги боларлық нәтийжелерге ерискен, барлық тараўларда өзиниң күш-жигерлилиги, айрықша минез-қулқы, умтылыўшаңлығы, ең баслысы жаңа баслама ҳәм идеяларға бай екенлиги менен ажыралып туратуғын жаслар көпшиликти қурайды.

Ушырасыўда жасларға болған усындай итибардың жоқарылығы, бунда Хожели районы жаслары арасынан да бир қатар алдынғы жигит-қызлар жетилисип шығып атырғанлығы атап өтилди.

Хожели районында бүгинги күнде бир қатар миллет ўәкиллери дос, татыў ҳәм аўызбиршиликте жасап келмекте. Көп миллетли район халқы арасынан елимизге белгили, бәршемиз мақтаныш тутатуғындай жаслар камалға келип, жетилисип шыққан.

Ушырасыўда сондай-ақ, бүгингидей глобалласыў дәўиринде ең бийбаҳа байлық болған тынышлықты сақлаў, кеңпейил халқымызға тән аўызбиршиликти еле де беккемлеў, жасларға жаратып берилип атырған оғада кең көлемли имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, елимиз раўажланыўы жолында биргеликте ат салысыў керек екенлиги бойынша сөз етилди.

Буннан тысқары, теңлеслери арасында үлги болып атырған бир қатар жаслар "Үмит ушқыны" көкирек белгиси ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter