#flower_Fest_Namangan_2023

Намангандағы гүллер фестивалы шеңберинде Қарақалпақстан мәденияты күнлери басланды

Ҳәзирги ўақытта Наманган ўәлаяты Наманган қаласындағы «Әпсаналар алабы» тематикалық паркинде Қарақалпақстан Республикасының мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери, «Айқулаш» Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамбли қатнасыўында концерт бағдарламасы жыйналғанлар нәзерине усынылмақта.

Наманган ўәлаятында басланған Қарақалпақстан мәденияты күнлериниң туўысқан еки халық арасындағы дослық қатнасықларын беккемлеў ҳәм этнотуризм тараўын раўажландырыўда әҳмийети айрықша.

Бүгинги өткерилген илажда қарақалпақстанлы белгили көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Усы мәдений илажды шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет Қарақалпақстан көркем өнери ҳәм мәдениятын өткерилип атырған халықаралық гүллер фестивалы шеңберинде еле де кеңнен танытыўдан ибарат.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Қәдирли оқыўшылар, әзиз мектеп питкериўшилери!

Ең дәслеп, сизлерди бүгинги мектепти питкергениңиз ҳәм үлкен өмирге қәдем қойып атырғаныңыз бенен қызғын қутлықлаймыз. 

Сизлер көптен күткен 25-май сәнесинде республикамыздың барлық орынларында «Соңғы қоңыраў” сести жаңлап, питкериўши жаслар қәдирли мектеплери, мийирман устазлары менен хошласпақта. Бүгинги сәнеде қаншама жасларымыз алтын медаль, гүмис медаль менен мектепти жоқары баҳаларда питкерип атыр.  

Әлбетте, булардың барлығы тек ғана сиз – жаслар емес, ата-аналар, устаз ҳәм оқытыўшылар ушын да айрықша итибарға ылайық ўақыя есапланады.

Өз билими ҳәм қәбилетин Ўатанымызға мүнәсип перзент болыўдай мақсетлерге жумсаўға бел байлаған сиз сыяқлы жаслар – елимиздиң ең баҳалы байлығы есапланады.

Сизлерди мектеп билимлендириўин нәтийжели жуўмақлағаныңыз бенен және бир мәрте қызғын қутлықлап, жаңа өмирге қәдемиңиз қутлы ҳәм берекетли болсын деп тилеп қаламыз.

Аманбай Орынбаев,
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы
🔔 Búgin 25-may — Sońǵı qońıraw!

Tolıq oqıw:👉https://qaraozek.uz/news/8946/

✍️Qaraózek rayonı hákimligi Málimleme xızmeti

➡️@QaraozekHakimligi