«25-октябрь - Ишки ислер уйымлары хызметкерлери күни»

Мәмлекетимизде Ишки ислер органлары жумысларын реформалаў ҳәм раўажландырыў бойынша Нызамшылықта қатар норматив ҳүжжетлер қабыл етилди.
Ишки ислер органлары хызметкерлери аймақ халқы ҳәм өзин-өзи басқарыў уйымлары менен биргеликте жумыс алып барыўы жақсы жолға қойылды. Мәҳәлле белсендилери, профилактика инспекторлары, менен бир имаратта бирге ислесиўи жынаятшылықтың ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыўда үлкен нәтийже бермекте.
Бир сөз бенен айтқанда, ишки ислер уйымлары хызметкерлери елимиздиң абаданшылығы, халықтың қәўипсизлигин тәмийинлеў, жәмийет тәртибин сақлаў ҳәм ҳәр түрдеги ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, жынаятшылыққа қарсы гүресиўдей машақатлы ўазыйпаны шын кеўилден ислеп, халқымыздың жоқары исенимине, итибарына түспекте.
Олар ушын ана ўатанға хызмет етиў ҳәр дайым муқаддес ўазыйпа болып қала береди.


Ҳүрметли тараў хызметкерлери!

Сизлерди бүгинги байрам менен қутлықлай отырып, шаңарақларыңызға аманлық, өзлериңизге беккем ден-саўлық, жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймиз.
Мәмлекетимиз тынышлығы, пуқаралардың пәраўанлығы жолындағы жуўапкерли ҳәм машақатлы кәсиплик хызметиңизде жетискенликлериңиз мол болыўына тилеклеслик билдиремиз.

Қараөзек районы ҳәкимлиги

👇👇
👇
@QaraozekHakimligi
⚡️Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети – баспасөз хаткери тайынланды

Толық оқыў

Каналға ағза болыў:https://t.iss.one/QresMinistrlerKenesi
Ишки ислер уйымлары хызметкерлери күнине арналған байрам салтанаты болып өтти

Толық мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes
Сенатор Б. Матмуратов Қараөзек районында болды

Бүгин Ⱪараөзек районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының отыз үшинши жалпы мәжилисинде қарап шығылған мәселелердиң мазмун-мәнисин түсиндириў ҳәм де халық арасында үгит-нәсият жумысларын шөлкемлестириў бойынша мәжилис болып өтти.
Мәжилиске Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Арал бойы аймағын раўажландырыў мәселелери комитети баслығының орынбасары, сенатор Б. Матмуратов, районлық Кеңес депутатлары ҳәм районлық мәкеме шөлкем баслықлары менен ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Мәжилисте жаӊадан қабыл етилген ҳәм өзгерис киритилген нызамлар тараў ўәкиллери тәрепинен түсиндирилди.
Буннан соӊ, сенатор Б. Матмуратов «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеӊберинде “Әҳмийетли 40 күнлик” иләжлары тийкарында район аймағында әмелге асырылып атырылған жумыслар менен танысып, нәл егиӯ жумысларына қатнасты.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi