“Қуралпа” аўыл пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) сайланды.


Қараөзек районы “Қуралпа” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 21-санлы улыўма билим бериў мектебинде “Қуралпа” аўыл пуқаралар жыйыны баслығын (ақсақалын) сайлаўы болып өтти.
Сайлаў жуўмағына көре Адилбаев Жаңабай “Қуралпа” аўылпуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) лаўазымына тайынланды.

👉@QaraozekHakimligi
“Ата мәкан” мәкан пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) сайланды.

Қараөзек районы “Ата мәкан” мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 31-санлы улыўма билим бериў мектебинде “Ата мәкан” мәкан пуқаралар жыйыны баслығын (ақсақалын) сайлаўы болып өтти.
Сайлаў жуўмағына көре Алмуратов Айбек Зайтжанович “Ата мәкан” мәкан пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) лаўазымына тайынланды.

👉@QaraozekHakimligi
«Ҳудудгазтаъминот» АЖ расмий хабари

Ижтимоий тармоқларда фуқароларнинг фойдаланилган табиий газ учун қарзларни ҳисоблаш билан боғлиқ бир қатор мурожаатлари эълон қилинганлиги муносабати билан «Ҳудудгазтаъминот» АЖ ахборот хизмати қуйидагиларни маълум қилади.

Бугунги кунда Ўзбекистонда табиий газни назорат қилиш ва ҳисобга олишнинг автоматлаштирилган тизими жорий этилмоқда ва уч миллионга яқин истеъмолчиларнинг ҳонадонларида янги ҳисоблагичлар ўрнатилган бўлиб, улар реал вақт режимида кўрсаткичларни юборади.

Шунингдек, мамлакатимизда эски намунадаги газ ҳисоблагичлари ишлатилаётган истеъмолчилар ҳам мавжуд. Улар Вазирлар Маҳкамасининг 22-сонли қарори ва газ таъминоти ташкилоти билан тузилган шартномага мувофиқ, ҳар ойнинг 10-санасига қадар газ таъминоти ташкилотларига келиб, истеъмол қилинган табиий газ учун ўзаро ҳисоб-китобларни амалга ошириши ёки махсус яратилган Телеграм-бот (@hgtabonentbot) орқали кўрсаткичларни тақдим этиши лозим.

Батафсил

https://t.iss.one/hudud_inform
#Пресс_тур

❇️Бүгин райондағы “Ата мәкан” ҳәм “Қутлы мәкан” МПЖ да жумыс баслаған исбилерменлердиң жумыслары менен танысыў ушын Қарақалпақстан телерадиокомпаниясы журналистлери усы орынларда болып, пресс тур шөлкемлестирди.
Пресс турға район ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети, ҳәким жәрдемшилери, менен жаслар жетекшилери қатнасты.
💠Пресс тур даўамында қатнасыўшылар усы аймақлардағы исбилерменлердиң жумыслары менен танысып, Қарақалпақстан телеканалы ҳәм радио еситтириўлерине материаллар таярлады.
⚡️Сондай-ақ усы күни “Есим” ҳәм “Қутлы мәкан” МПЖ жыйынларында болып, аймақ турғынлары менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда пуқаралар Қарақалпақстан теле ҳәм радио каналларында берилип атырған көрсетиўлер менен еситтириўлерге өз мүнәсибетлерин билдирип, журналистлер менен кеңнен пикир алысты.
Ушырасыў сораў-жуўаплар менен даўам етти.


Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
Рәсмий жуўап

Усы жылдың 20-май күни социаллық тармақларда Қараөзек районының «Ак. С. Камалов” аӯыл пуқаралар жыйыны пуқараларынан аймақта газ балон машқаласы бойынша мүрәжат жәрияланған еди.
Бул жағдай бойынша район ҳәкимлиги, “Qaraozektumongaz” газ тәмийнаты филиалы хызметкерлери пуқаралар менен ушырасып, мүрәжатты үйренип шықты.
Үйрениў даўамында аӯыл пуқаралар жыйынына районлық ҳәкимият тәрепинен тастыйықланған график тийкарында арнаўлы автотранспортта суйылтырылған газ жетерли дәрежеде берилип атырғанлығы мәлим болды.
Мағлыўмат орнында айтып өтетуғын болсақ:
Бүгинги күнде, Қараөзек районы “Ак. С. Камалов” аӯыл пуқаралар жыйыны бойынша 816 жеке хожалық суйылтырылған газ бенен тәмийинленип келмекте ҳәм суйылтырылган газ бенен тәмийинленген хожалықларда 1451 дана айланба газ балонлары филиал тәрепинен хожалықларға айланба усылында пайдаланыў ушын ижараға берилген.
Жыл басынан аӯыл пуқаралар жыйыны жеке хожалықларына 45,3 тонна суйылтырылған газ жеткерип бериў режелестирилген болса, әмелде 48,6 тонна (107%) суйылтырылған газ жеткерип берилди.
Бүгинги күнде суйылтырылған газден пайдаланыўшы жеке хожалықларға автоматластырылған онлайн система Е-газ дәстүри енгизилип, суйылтырылған газ баллонлар есап-санақ ислери усы системада алып барылмақта.

“Qaraozektumongaz” газ тәмийнаты.

✍️Қараөзек районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@QaraozekHakimligi
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Өзбекстан Республикасы Президенти "Ис ҳақы муғдарын асырыў ҳаққында"ғы пәрманға қол қойды.
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Наманган ўәлаятының шыпакерлери, Қараөзек районындағы наўқаслығы болған пуқараларымызға бийпул операциялар ислемекте.

👉@QaraozekHakimligi
Қараөзектен Наманганға саяхат

🌺Қараөзек районының бир қатар белсендилери, Наманган ўәлаятына гүллер байрамына қатнасыў ушын саяхатта болып атыр.

Бизди бақлап барың!!

Қараөзек районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

👉@QaraozekHakimligi
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#FlowerFestNamangan2022

61-халқаро гуллар фестивалига марҳамат!