#Инсан_қәдири_ушын
#Пуқаралар_мүрәжатлары_шешим_тапты
Райондағы «Есим» МПЖ ның пуқаралары ишимлик суў, жоллар мәселелери бойынша бир нешше мәрте район ҳәкимлигине мүрәжат еткен еди.
Олардың бул мүрәжатлары биринши сектор баслығы тәрепинен үйренилип, бүгинги күнде өз шешимин тапты. Ҳәзир аймақ халқы толық ишимлик суў менен тәмийинленип, көшелери толық оңланды.
Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Инсан_қәдири_ушын
Ҳеш ким мехир итибардан шетте қалмайды
@QaraozekHakimligi
#Инсан_қәдири_ушын

💫Усы жылдың 23-Апрель күни, Өзбекстан көзи әззилер жәмийети Қарақалпастан бөлиминиң 85 жыллығына арналып байрам илажы шөлкемлестирилди. Илажға районлық көзи әззилер жәмийетине ағза пуқараларымыз қатнасты.
💥Онда район ҳәкиминиң орынбасары И. Қосыбаев, Өзбекстан көзи әззилер жәмийети, Қарақалпастан бөлиминиң баслығы Қуўатбай Шараповалар байрам қатнасыўшыларын бөлимниң 85 жыллық юбелей сәнеси менен қызғын қутлықлады.
Буннан соң байрам қатнасыўшыларына район ҳәкимлиги тәрепинен байрам дәстурханы жайылып, ҳүрмет-иззет көрсетилди.
Байрам даўамында қатнасыўшылар арасында спорттың шахмат-шашка түринен жарыс өткерилип, жеңимпазлар мүнәсип сыйлықланды. Байрам салтанатлары йошлы концерт бағдарламалары менен даўам етти.

Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi