БЕРДАҚ АПЖ ДА НАЎРЫЗ СЕЙИЛИ ӨТКЕРИЛДИ.
Халқымыз интизарлық пенен күтетуғын жаңа күн ҳәм жаңа пасыл шығыс халықларының жаңа жыл басламасы менен басланатуғын “НАЎРЫЗ” байрамы, райондағы «Бердақ» АПЖ да өткерилип, онда район ҳәкими орынбасарлары ҳәм аўыл жас үлкенлери бәрше қатнасыўшыларды байрам менен қызғын қутлықлады ҳәм ҳәр бир шаңараққа қут-берекет, аўызбиришилик, мол ырысқы-несийбе, дийханларымызға молшылық, бәлент қырман жаратыўына тилеклеслик билдирди.
Буннан соң байрам тамашалары басланып, миллий спорт ойынлары, миллий тағамлар көргизбелери шөлкемлестирилип, миллий кийимлердеги қыз-келиншеклердиң сейиллери менен 7-санлы мектеп оқыўшыларының Наўрыз ҳаққындағы қосық тақмақлары, сахналық көринислери бәршеде үлкен заўық бағышлады.
Сондай-ақ байрам мүнәсебети менен аймақтағы бир қатар белсенди фермер хожалық баслықларына район ҳәкимлигиниң ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.
Байрам сейили басқада аймақларда даўам етип атыр.
Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
@QaraozekHakimligi

НАЎРЫЗ ТАМАШАЛАРЫ «ЕСИМ» МПЖ ДА БОЛДЫ.
🌺Улыстың уллы күни-Наўрыз байрамы, райондағы "Есим" МПЖ да болып, байрам салтанатына район ҳәкимлигинен, МПЖ баслықлары аймақ нураныйлары, жаслар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
⚡️Байрам салтанатында район ҳәкиминиң орынбасары Ғ. Әметов, «Есим» МПЖ баслығы Р. Алламбергенов ҳәм аймақ жас үлкенлери жыйналғанларды байрам менен қутлықлады.
⚡️Байрам қуўанышларын инәм еткен илаж даўамында аймақтағы 26-санлы мектеп оқыўшылары тәрепинен халқымыздың миллий үрп-әдет дәстүрлери, түрли сахналық көринислер ҳәм тамашалары атқарылып, байрам йошлы ойын-заўықларға уласып кетти.
🌺Наўрыз сейиллери районымыз бойлап даўам етпекте.
✍Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.

Наўрыз көтериӊки руўхта белгиленбекте
Халқымыздыӊ көп әсирлик миллий байрамы есапланған Наўрыз пайтахтымызда көтериӊки кейпиятта, салтанатлы жағдайда белгиленбекте.
Улыстыӊ уллы күни Наўрыз байрамы пайтахтымыздағы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейи, Жаслар орайы алдында ҳәм Истиқлол балалар дем алыў орайында көтериңки руўхта өткерилмекте.
Байрам кешесине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камалов, ҳүкимет ағзалары, кеӊ жәмийетшилик ўакиллери қатнасты.
Көп жыллық тарийхқа ийе Наўрыз – шығыс халықларының жаңа жылы өзиниң жаңаланыў, бәҳәр нәпесин баслап келиўи менен инсанлар жүрегине терең сиңип кеткени, ҳәр бир шаңараққа қуўаныш алып келиўи менен де әҳмийетли миллий байрам болып табылады.
👉 Толық мағлыўмат
Каналға ағза болыў: @Joqargikenes

Мәденият хызметкерлери ҳәм мектеп оқыўшылары тәрепинен шөлкемлестирилген концерт бағдарламасы «Ассалам, Наўрыз – жаӊаланыў, мийрим-шәпәәт ҳәм қәдир-қымбат әйямы!» атамасындағы композиция менен басланды.
Байрам сейиллеринде халқымызға инам етилген концерт бағдарламалары ҳәм сахналастырылған байрам тамашалары жыйналғанларға үлкен заўық бағышлады.
Елимиз бойлап байрам сейиллери даўам етпекте.