ЕРТЕ ТУРМЫС ҚУРЫЎДЫҢ АЛДЫН АЛЫЎ БОЙЫНША ИЛАЖ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ
Мәмлкетимиз тәрепинен ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың социал-сиясий белсендилигин жәнеде күшейттириў, мәмлекет ҳәм жәмийет басқарыўындағы орнын жәнеде асырыў мақсетинде мәмлекетимиз тәрепинен үлкен итибар қаратылмақта. Сол мүнәсебет пенен районлық ХББне қараслы 2-санлы ҚМУББ мектебинде Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қараөзек районлық бөлими баслығы М.Атажанов, районлык Әдиллик бөлими қәнигеси А.Искендеров, Ҳаял-қызлар арасында руўхый-ағартыўшылық жумысларын алып барыў топары баслығы Ш.Нуримова ҳәмде «Ғәрезсизлик гүразы» МПЖ баслығы орынбасары З.Минажевалардың қатнасыўында ушырасыў болып өтти. Ушырасыўда ерте турмыс қурыўдың алдын алыў, халық арасында идеологиялық тәсирлерге қарсы гүрес ҳәмде оларда руўхый идеологиялық иммунитетти қәлиплестириў, халықтың репродуктив саламатлығын беккемлеў, саламат бала туўылыўы, физикалық ҳәм бәркамал әўладты камал таптырыў барысындағы жумысларды жәнеде күшейттириў ҳәмде нәтийжелилигин асырыў, мәмлекетимизде ҳаял-қызларға қаратылған кең имкәниятлар бойынша кең түрде мағлыўматлар берип өтилди.
Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қараөзек районлық бөлими

👇
@QaraozekHakimligi
А.ДОСНАЗАРОВ АПЖ ДА БИР ШАҢАРАҚҚА ҚӘЎЕНДЕРЛИК КӨРСЕТИЛДИ.
Қараөзек районында 2020-жыл даўамында кем тәмийинленген жәрдемге мүтәж шаңарақларға район ҳәкимлиги тәрепинен қыс мәўсиминде район бойынша 52 шаңарақтың ҳәр бирине 800 кг нан көмирлер бийпул тарқатылды. Быйылғы жылыда усындай илажлар даўам еттирилип, бир қатар хожалықларға қәўендерлер тәрепинен жәрдемлер берилмекте. Жақында Қарақалпақстан Республикасы Үй-жай коммунал хызмет көрсетиў министрлиги Қараөзек районы бөлими бас қәнигеси А. Елмуратовтың қәўендерлигинде райондағы А. Досназаров АПЖ да жасаўшы социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақ О. Жолмановаға алты қалта көмир ҳәм азық-аўқатлық өнимлер жәрдем есабында берилди. Қәўендерлик илажлары районның басқада орынларында даўам етпекте. Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.

👇
@QaraozekHakimigi
Huqıqıy málimleme QR
Нызамшылықтағы ең соңғы жаңалықлар, күнделик өмирде дус келетуғын турмыслық мәселелерге ҳуқықый шешим, әпиуайы ҳәм түсиникли түрде көрсетилген видеоблоглар, әҳмийетли мағлыўматлар жәмленген инфографикалар, анимацион видеороликлер – ҳәммеси @huquqiyaxborot телеграм каналында!

Усы канал өзбек, қарақалпақ, рус ҳәм ингилиз тиллеринде жүритиледи.
Әдиллик министрлигиниң телеграмдағы каналларына жалғаныў:

Өзбек тилинде - @huquqiyaxborot

Қарақалпақ тилинде - @huqiqiymalimleme

Рус тилинде - @pravoinf

Инглиз тилинде - @leginf

“Ҳуқықый мәлимлеме ” менен әҳмийетли жаңалықлардан хабардар болың.
Нөкистеги Президент мектебиниң және бир питкериўшиси Уллы Британияның жоқары оқыў орнына қабылланды

Нөкис қаласындағы Президент мектебиниң 11-класс оқыўшысы Бийбимәрьям Жолдасбаева Уллы Британияда жайласқан Стерлинг университетиниң грантын утып алды ҳәм усы университетке оқыўға қабылланды.

Бул ҳаққында Президент мектебиниң Телеграмдағы рәсмий каналында мағлыўмат берилди.

Еслетип өтемиз, алдын Президент мектебиниң 11-класс оқыўшысы Зийнет Жийенбаева Америка Қурама Штатларының Аризона университетине оқыўға қабылланғаны ҳаққында хабар берген едик.

Дерек:@kknews_uz

@QaraozekHakimligi
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Президент "маҳаллабай" ишлаш тизими ҳақида: Ҳар бир хонадонда соат сайин ишонч пайдо бўлиши керак

Президент о системе работы в разрезе махаллей: В каждой семье должна крепнуть уверенность в завтрашнем дне

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Быйыл II Халықаралық бақсышылық фестивалы Қарақалпақстанда өткериледи

Толық оқыў:https://karakalpakstan.uz/kk/news/show/2773

@QaraozekHakimligi
Пиядалар көпири усы жылдың апрель айында пайдаланыўға тапсырылады

Дерек:https://karakalpakstan.uz/kk/news/show/2774

Каналға ағза болыў: @QaraozekHakimligi
МҮРӘЖАТНАМА БОЙЫНША АЙМАҚЛАРДА ҮГИТ-НӘСИЯТ ЖУМЫСЛАРЫ АЛЫП БАРЫЛМАҚТА
Бүгин «Мәденият» АПЖ аймағындағы 9-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде 2020-жыл 29-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатнамасын аймақларда кең үгит-нәсиятлаў мақсетинде ушырасыў болып өтти. Ушырасыўға Өзбекстан «Адолат» социал демократиялық партиясынан 15-санлы «Бердақ» сайлаў округи депутаты С.Сайымова, 9-санлы улыўма орта билим бериў мектеби жаслар жетекшиси Н.Казақбаев, әмелиятши психолог Г.Султановалар қатнасты. Илаж даўамында Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатнамасының мазмун-мәниси әҳмийети ҳәм де аймақты социаллық раўажландырыў бағдарында 2021-жылда әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында кеӊ түрде түсиниклер берилди.
Қәраөзек районы мәлимлеме хызмети
👇
@QaraozekHakimligi
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
ЖЕРЛЕСИМИЗ Ж. БЕРДИМУРАТОВ ОЛИМПИАДА ЖАРЫСЫНА ТАЯРЛЫҚ КӨРМЕКТЕ.
2021-жылы Токио қаласында болып өтетуғын Олимпиада ойынларына қатнасыў имканиятын қолға кириткен жерлесимиз Ж. Бердимуратов ҳәзирги күнде, Хорватия пайтахты Загреб қаласында жарысқа қатнасыў ушын шынығыўлар алып бармақта.
Ж.Бердимуратовтың шынығыўларынан видео көринислер.


@QaraozekHakimligi
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Биз аўылласымыз жас спортшы Ж.Бердимуратовқа Олимпиада ойынларында қарсыласларынан үстин келип, елимиз байрағын бәлентлерге көтериўине тилеклес болып қаламыз.

@QaraozekHakimligi
«БИОЛОГИЯ» ПӘНИНЕН АШЫҚ САБАҚ ӨТКЕРИЛДИ.
Қараөзек районындағы 18-санлы мектептиң «Биология» пәни муғәллими З.Нурбекова «Витаминлер» темасында ашық сабақ өтти. Оған мектептиң 8-класс оқыўшылары белсене қатнасты. Ашық сабақта инсан организми ушын ең зәрүр болған мийўе өнимлериндеги витаминлердиң пайдасы сабақ барысында оқыўшыларға электрон доскалардан пайдаланған ҳалда түсиник берип өтти. Ашық сабақ оқыўшылардың сораўлары менен даўам етип, оған қатнасқан оқытыўшылар өз-ара тәжирийбелер алмасты.
Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
Каналымызға ағза болың👇
@QaraozekHakimligi