Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңеси депутатлығына босап қалған орынларына 2020-жыл 20-декабрь күни сайлаў болып өтетуғынлығын мəлим етип билдиремиз.
Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
@QaraozekHakimligi

РАЙОНДЫ КОМПЛЕКСЛИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ БОЙЫНША ЎАЗЫЙПАЛАР БЕЛГИЛЕНДИ
Бүгин район ҳəкимиятында Өзбекстан Республикасы Олий Мажилис Сенат ағзасы Ф.Боқиев, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты, Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы акционерлик жәмийети бас директоры З.Керимзатов ҳəм район ҳəкими У.Утамбетовлардың қатнасыўында мəжилис болып өтти. Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 11-ноябрь күнги “2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-4889-санлы қарарына муўапық район бойынша 2020-2023-жылларда районды комплексли раўажландырыў бағдарламасы бойынша алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды. Районды 2020-2023-жылларда инвестициялық жойбарлардың жәми 879,1 млрд.сумлық 93 жойбары әмелге асырылыўы белгиленген болып, соннан 152,3 млрд.сўмлық 34 түрдеги социаллық тараў объектлери ҳәмде жол-транспорт инженерлик-коммуникация тармақларына қурылыс оңлаў жумысларын алып барыўы нəзерде тутылған. Соннан 726,8 млрд.сўмлық 59 инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў реже қылынды. Мəжилисте тараў басшылары тəрепинен бир қатар усыныслар билдирилди. Атап айтқанда район орайынан жаңадан заманагөй көринистеги амфитеатр қурыў, “Қуралпа” аўыл пуқаралар жыйыны орайынан 100 орынлыққа мөлшерленген жаңадан мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин салыў, район аймағындағы жарамсыз ҳалда болған 15 км узынлықтағы 21 көшеге қурылыс оңлаў жумысларын алып барыў бойынша усыныс пикирлер билдирилди.Усы күни депутатлар райондағы бир қатар өним ислеп шығарыўшы кәрханалардың жумыслары менен танысты.

ӨЗБЕКСТАН ҚЫЗЫЛ ЯРЫМ АЙ ЖӘМИЙЕТИ ҚАРАӨЗЕК РАЙОНЫ ШӨЛКЕМИНИҢ АКЦИЯСЫ ӨТКЕРИЛМЕКТЕ.
Өзбекстан Қызыл Ярым Ай Жәмийети Қарақалпақстан Республикасы шөлкеминиң материаллық техникалық базасын беккемлеў, медицина, социаллық хызметлердиң материаллық базасын жетилистириў, жалғыз баслы кекселер, жәрдемге мүтәж кем тәмийинленген шаңарақларға, сондай-ақ айрықша жағдайларда халыққа инсаныйлық жәрдемлер көрсетиў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 1992-жыл 28-май күнги «Өзбекстан Қызыл Ярым Ай Жәмийети ҳаққында»ғы ПБ-411-санлы Бийлиги ҳәм Қаракалпакстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл 19-октябрь күнги 212-б-санлы бийлиги қабыл етилди. Усы бийлик тийкарында 2020-жыл ноябрь айының екинши он күнлиги Өзбекстан Қызыл Ярым Ай Жәмийети Қараөзек районы шөлкеминиң есап бетине қаржы топлаў акциясы он күнлиги деп деп жəрияланды. Райондағы барлық мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлер басшыларына қайыр-сақаўат қаржы топлаў акциясын көтериңки руўхта өткериў ҳәм қайыр-сақаўат қаржыларын жумысшы хызметкерлердиң келисими менен Өзбекстан Қызыл Ярым Ай Жәмийети Қараөзек районлық бөлиминиң есап бетине (20212000000405849001 ИНН: 201414174) пул өткериўди қəлеўшилер болса усы есап бетине өткериўиңизге болады.
Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
👇👇👇

ДЕПУТАТЛАР ҚАРАТАЎ ПОСЁЛКАСЫНДАҒЫ КƏРХАНАЛАРДЫҢ ЖУМЫСЛАРЫ МЕНЕН ТАНЫСТЫ
Өзбекстан Республикасы Олий Мажилис Сенат ағзасы Ф.Боқиев Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты, З. Керимзатов ҳəм райондағы бир қатар мəкеме басшылары “Қойбақ” АПЖ дағы “Қаратаў” посёлкасында болып ири өндирис қəрханаларының жумыслары менен танысты. Онда усы аймақтағы санаат ислеп шығарыў кəрханаларының басшылары менен ушырасып оларды қыйнап жүрген машқалалары үйренилип исбилерменлердиң мүрəжатларын тыңлады. Буннан соң район ҳəкимиятында мəжилис өткерилип, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 11-ноябрь күнги “2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-4889-санлы қарарында көрсетилген ўазыйпалар районлық кеңес депутатларына бекитилди.

«ҚОЙБАҚ»ТА ГҮЗ-ҚЫЗ МӘЎСИМИНЕ ТАЯРЛЫҚ ЖУМЫСЛАРЫ ҮЙРЕНИЛДИ
Президент Халық қабыллаўханалары хызметкерлери тәрепинен Республикада дүзилген Исши топар менен биргеликте Қараөзек районындағы «Қойбақ» АПЖ дағы социаллық объектлер ҳәм шаңарақлардың қыс мәўсимине таярлық жағдайлары үйренилди. Үйрениўлер даўамында социаллық объектлерде ысытыў системаларының оңлаў талап етилетуғын жағдайлары, көмир өнимлери ҳәм газ балонларының өз ўақтында жеткерилип бериў ҳалатлары, сақланыў тәртиплери ҳәм сыпатлары көрилди. Сондай-ақ, сектор ҳәм мәҳәллелер бойынша биринши нәўбетте социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж шаңарақлардың дизимине тийкар, “Темир дәптер”ге киргизилген шаңарақларға көмир, газ балонлары жеткерип берилмекте.