This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️ Вазирлар Маҳкамаси ҳузуридаги Санитария-эпидемиология назорати давлат инспекцияси бошлиғи Нурмат Отабеков иштирокида брифинг

11-Савол. Коронавирусга таҳлил топширишнинг икки хил усули бор деб эшитдик: Коронавирусга антитаначаларга тест топшириш ва коронавируснинг ўзига тест топшириш. Уларнинг фарқи нимада (рус тилида)?
© UzReport.news


Каналга уланиш https://t.iss.one/studio_67
ДЕЗИНФЕКЦИЯ ЖУМЫСЛАРЫ БАЛАЛАР МУЗЫКА ҲӘМ КӨРКЕМ-ӨНЕР МЕКТЕБИНЕ ИСЛЕНДИ.
Бүгинги күнде пандемия дәрежесине жетип болған “Коронавирус” кеселлигиниң алдын алыў мақсетинде Қараөзек районлық санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайы қәнигелери тәрепинен райондағы барлық мәкеме, кәрхана, билимлендириў орынларында ҳәм емлеўханаларда дезинфекция жумыслары алып барылмақта.Усындай гезектеги дезинфекция жумыслары райондағы 16-санлы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебиниң әтирапларына,барлық бөлмелери менен класс жайларына исленди.Қәнийгелер тәрепинен бул иләжлар қызғын даўам етпекте.
Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
18 май – Халықаралық музейлер күни
Музейлер ҳәр бир халықтың илимий-мәдений мийрасын аңлатыўшы жанлы тарийх болып есапланады. Ол халықтың мәденияты, турмыс тәризи, миллий дәстүрлер ҳәм қәдириятларын үйрениў, оларды кең ен жайдырыў ҳәм келешек әўләдларға жеткериўде жоқары әҳмийетке ийе. Музейлер ҳақыйқый илимий, руўхый-ғәзийне болып жылдан жылға байып, гиреўли орны асып бармақта.
18 май – Халықаралық музейлер күни менен барлық музей қәнийгелерин қызғын қутлықлап, алдағы жумысларында, өмир жолларында табыслар, терең денсаўлық тилеп қаламыз.

Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
ОНЛАЙН КӨРГИЗБЕ
Бүгингидей карантин ўақтында райондағы 16-санлы балалар музыка көркем-өнер мектебинде билим алып атырған оқыўшылар үй шараятында устазларынан онлайн тәризинде билим алып, олардан үйренген билим көнликпелерин тереңнен өзлестирмекте.Усы мектептиң сүўретлеў өнери бөлими оқыўшысы Олжабаев Самандардың салған сүўретлер көргизбесин нәзериңизге усынбақшымыз.
Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
@QaraozekHakimligi
Ҳүрметли Республикамыз пуқаралары!

Сизге Қарақалпақстан Республикасы қызыл категориядағы аймақлар қатарына киргизилгенин жəне бир мəрте еслетип өтемиз.

Бул дегени, Коронавирусты жуқтырып алыў қəўипи еле де жоқары ҳəм оны елимизде коронавирус пенен жаңа кеселлениўшилик жағдайларының болып атырғанынан түсинсек болады. Демек, қəўипсизлик ҳəм инфекцияның алдын алыў илажларына əмел етиўди умытпаўымыз керек.

Соның менен бирге, Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық пуқаралардың карантин ўақтында енгизилген тəртип-қағыйдалар, соның ишинде, өзин-өзи жекелеў турмыс тəризине бойсынбай, себепсиз үйден шығып, жəмийетлик орынларда болыўы əмелдеги нызам тийкарында ҳəкимшилик ҳəм жынайый жуўапкершиликке тартыўға себеп болатуғынлығын ескертемиз.

Ҳүрметли пуқаралар!
Карантин қағыйдаларына толық əмел етиң!

Зəрүрлик болмаса үйден шықпаң. Нықап тағыўды естен шығармаң. Карантин талапларын орнылаўды өзиңиз ҳəм жақынларыныздың денсаўлығы ушын керекли екенлигин түсиниң.

Ɵзиңиздиң ҳəм өзгелерди сақлаң!
2020-жыл 1-июнь нен 1-сентябрге шекем төмендегилер мал-мүлк ҳәм жер салығын төлеўден азат етиледи:

🔸киши исбилерменлик субъектлери;
🔸базарлар ҳәм саўда комплекслери;
🔸кинотеатрлар;
🔸улыўма аўқатланыў орынлары;
🔸жәмийетлик транспорт шөлкемлери;
🔸спорт-саламатластырыў мәкемелери;
🔸жолаўшыларды тасыў, хожалық хызметин көрсетиў (бытовые услуги), жабық жерлерди (биналарды) ижараға бериў, банкетлер шөлкемлестириў менен шуғылланыўшы юридикалық шахслар.

Бул шегирмелер бүгин қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Коронавирус пандемиясы дәўиринде халық ҳәм исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў бойынша нәўбеттеги ис-илажлар ҳаққында»ғы пәрманында нәзерде тутылған.

Дерек:@Karakalpak24
Россия-Қазақстан мәмлекетлер аралық шегарасында жыйналған 1100 пуқараларымыз мәмлекетке алып келинеди

Бул ҳаққында Сыртқы ислер министрлиги хабар берди.

Хабарда жазылыўынша, мәмлекет басшысы тапсырмасына муўапық Россия-Қазақстан мәмлекетлер аралық шегарасында, яғный “Маштаково” қадағалаў-өткериў пунктине жақын жерлерде топланған пуқараларымыздың дизими дүзилген.

Усы дизимдеги пуқараларды 2020-жыл 18 ҳәм 19-май күнлери 550 адамнан автобусларда Өзбекстанға алып келиў режелестирилген. Олар келгеннен кейин 14 күнлик карантинге жайластырылады.

Буннан басқа дизим дүзиў режелестирилмеген, соның ушын Россиядағы пуқаралардан ўақытша болып атырған жерлеринде қалып, карантин қағыйдаларына әмел етиўи лазым.

Пуқараларды Қазақстан аймағы арқалы Өзбекстанға алып келиўдиң қайта әмелге асырылыўы ҳақкында қосымша мағлыўмат бериледи.

Дерек:@Karakalpak24
Коронавирустың жаңа белгилери анықланды

Ийис ҳәм дәмди сезиў қәбилетиниң жоғалыўы
коронавирус пенен кеселлениўдиң рәмий белгилери қатарына қосылатуғын болды, деп хабар берди "Independent". Хабарда жазылыўынша, Уллы Британия ҳүкимети бул ҳаққында 18-май күни жәриялаған.

"Бул симптомлар кеселликтиң дәслепки басқышларында онша билинбейди, бирақ бир неше ҳәпте даўам етеди", - дейди Англия бас шыпакери орынбасары, профессор Жонатан Ван Тэм.

@Karakalpak24
РЕСПУБЛИКАЛЫҚ АРНАЎЛЫ КОМИССИЯНЫҢ МӘЛИМЛЕМЕСИ

Хабарыңыз бар, карантин дәўиринде пуқаралар ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде Республикалық арнаўлы комиссия тәрепинен сырт ел тәжирийбесин үйренген ҳалда усы жылдың 18-май күнинен Ташкент қаласынан Нөкис, Үргенш, Термиз қалаларына, авиақатнаўлар (барыў ҳәм қайтыў) және Ташкент қаласынан Наўайы, Бухара, Қаршы қалаларына «Афросиёб» тезжүрер поезды және Ферғана ойпатлығына темир жол қатнаўы (барыў ҳәм қайтыў) ушын коронавирус инфекциясына тест тапсырыў талабы белгиленген еди.
Карантин шараятында халықтың экономикалық жағдайын итибарға алып, сондай-ақ, ҳәрекетлениў ўақтында жолаўшылардың социаллық аралық сақлаўына шараят бар екенин нәзерде тутып, қалаберди, пуқаралардың аймақлар аралық ҳәрекетлениўинде артықша қолайсызлықлар жүзеге келиўиниң алдын алыў мақсетинде Республикалық арнаўлы комиссия тәрепинен бул талап бийкар етилди.
Енди жоқарыда көрсетилген рейслер бойынша ҳәрекетленип атырған жолаўшылардан коронавирус инфекциясына тест анализлериниң алынғаны ҳаққындағы мағлыўматнама талап етилмейди.
Соның менен бирге, авиа ҳәм темир жол қатнаўларын шөлкемлестириўде барлық карантин қағыйдаларына әмел етиў, атап айтқанда, жолаўшылардың санын азайтыў, дезинфекциялаў ҳәм басқа да санитариялық талаплар сөзсиз орынланыўы талап етиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

@QaraozekHakimligi
Президент коронавирус дәўиринде халық ҳәм исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў бойынша пәрманға қол қойды. Тийкарғы жаңалықлар қандай?

Президент «Коронавирус пандемиясы дәўиринде халық ҳәм исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў бойынша гезектеги илажлар ҳаққында»ғы Пәрманға қол қойды. Бул ҳаққында ҳуқықтаныўшы-блогер Х.Худайбердиев хабар берди.

Пәрманға муўапық:

2020-жыл 1-июньнан 1-сентябрьге шекем:

- киши исбилерменлик субъектлери;
- базарлар ҳәм саўда комплекслери;
- кинотеатрлар;
- улыўмалық аўқатланыў орынлары;
- жәмийетлик транспорт шөлкемлери;
- спорт-саламатластырыў мәкемелери;
- сондай-ақ, жолаўшыларды тасыў, турмыслық хызмет көрсетиў, жабық орынларды ижараға бериў, соның ишинде, банкетлер шөлкемлестириў менен шуғылланатуғын юридикалық тәреплер

МҮЛК ҲӘМ ЖЕР САЛЫҒЫН ТӨЛЕЎДЕН АЗАТ ЕТИЛЕДИ.


Киши исбилерменлик субъектлерине:

- 19.03.2020-жылдағы ПФ-5969-санлы ҳәм 03.04.2020-жылдағы ПФ-5978-санлы Пәрманларға муўапық, апрель-май айлары ушын усынылған, мүлк ҳәм жер салығының процентсиз кешиктириў (бөлип-бөлип төлеў) суммаларынан;

- 2020-жыл 1-январьдан баслап 2020-жыл 15-майға шекемги болған мүддетте жер ҳәм мүлк салығы бойынша есапланған пеня ҳәм жәриймалардан

ЎАЗ КЕШИЛЕДИ.


Исбилерменлер ушын товарларды (хызметлерди) алып кириўде (импорт) қосымша қун салығын төлеўди 120 күнге шекем кешиктириў ҳуқықы бериледи.

2020-жыл 1-майдан 1-июльға шекем:

- микрофирмалар ҳәм киши кәрханалар ушын социаллық салық ставкасы 12% тен 1% ке КЕМЕЙТИЛЕДИ.

- Устав фондында (устав капиталында) мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан артық болған мәмлекетлик кәрханалар және юридикалық тәреплер буған кирмейди.

Микрофирма ҳәм киши кәрханалардың айланба қаржылары кемейиўиниң алдын алыў мақсетинде 2020-жыл 15-май жағдайына салық қарызлары ҳәм салық ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғаны ушын пеня және есапланған жәриймалар бойынша қарыздарлықты өндириў 2020-жыл 1-сентябрьге шекем ТОҚТАТЫЛАДЫ.

Мәмлекетлик салық хызмети уйымлары 2020-жыл 15-май жағдайына олардың банк есап бетлеринен қаржыларды өткериў ҳәм шешип алыў бойынша инкассо тапсырмаларды ҚАЙТАРЫП АЛАДЫ.

Салық төлеўшилер 15-май жағдайына орынланбаған салық миннетлемелерин орынлаў бойынша төлем тапсырмаларын ҚАЙТАРЫП АЛЫЎ ҳуқықына ийе.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

@QaraozekHakimligi
Материаллық жәрдем алыўшылар саны қосымша 10 процентке асырылады

Пәрманға көре, 14 жасқа шекем балалары болған шанарақларға напақа, бала еки жасқа толғанға шекем бала күтими бойынша напақа ҳәм материаллық жәрдем алыўшылар саны 2020-жыл 1-июннан баслап қосымша 10 процентке асырылады.

Дерек: @huqiqiymalimleme

@QaraozekHakimligi
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары тайынланды

Подполковник Бахытжан Алмаханович Избасаров Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң жәмийетлик тәртипти сақлаў бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.

Б.Избасаров 2017-жыл май айынан берли Қарақалпақстан Республикасы Елликқала районлық ИИБ баслығы лаўазымында жумыс ислеп киятырған еди.

Буған шекем Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң жәмийетлик тәртипти сақлаў бойынша орынбасары болған подполковник Аманбай Тлеубаевич Орынбаев 2020-жылдың февраль айында ӨзР ИИМ Патруль-пост хызмети ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў бас басқармасы баслығының биринши орынбасары – жәмийетлик тәртипти сақлаўды шөлкемлестириў басқармасының баслығы лаўазымына тайынланған еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

@QaraozekHakimligi
Тахтакөпир районлық ИИБ баслығы тайынланды

Подполковник Талғат Сулайманович Қдырбаев Қарақалпақстан Республикасы Тахтакөпир районлық ИИБ баслығы лаўазымына тайынланды. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.

Т.Қдырбаев буған шекем Тахтакөпир районлық ИИБ баслығының биринши орынбасары лаўазымында жумыс алып барған.

Мағлыўмат ушын, Тахтакөпир районлық ИИБға 2017-жылдың август айынан берли басшылық еткен подполковник Өмирбай Кеўлимжаевич Турдыбаев 2020-жылдың февралында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары – ҳуқықбузарлықлар профилактикасы басқармасының баслығы лаўазымына тайынланған еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

@Karakalpak24
Қазақстанда «COVID-19» инфекциясына қарсы вакцина жаратылды

Бул ҳаққында «Kazinform» агентлиги Қазақстан Республикасы Билимлендириў ҳәм илим министрлигине тийкарланып хабар берди.
Ҳәзирги ўақытта вакцина клиника алды тексериўинен өткерилмекте. Вакцина Қазақстан аймағында наўқасланғанлардан алынған вирус штаммы тийкарында ислеп шығылған.
Солай етип, Қазақстан рәсмий түрде «COVID-19» вирусына қарсы вакцина ислеп шығаратуғын мәмлекетлердиң қатарына қосылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

@QaraozekHakimligi
2020-жыл 19-май жағдайында Қарақалпақстан Республикасында коронавирусқа шалынған наўқаслардың улыўма саны 124 ти қурайды.
Улыўма емленип шыққанлар – 112 адам.
Ҳәзир емленип атырғанлар – 12 адам. Олар Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында емленбекте.
Эпидемиологиялық тексериў жумыслары даўам етпекте.

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги

@QaraozekHakimligi
Qaraqalpaqstan xabar agentligi | Үйде қалың!,

АЗЫҚ-АЎҚАТ, ДӘН ӨНИМЛЕРИНИҢ ИМПОРТЫ АРТАДЫ

Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини аймақлық инспекциясының мағлыўматларына қарағанда, усы жылдың биринши шерегинде 13 мың 461 тонналық карантин астындағы өнимлер сырт еллерге экпортқа шығарылған.
- Соннан, 4900 тонна техникалық өнимлер, 1448 тонна дәрилик шөплер, 2201 тонна азық-аўқат өнимлери, 4092 тонна санаат жүклери ҳәм басқа да карантин астындағы өнимлер болып, бул өнимлер карантин қадағалаўынан өткерилип, оларға 971 дүнья стандартындағы фитосанитарлық сертификатлар өз ўақтында рәсмийлестирилди,-дейди инспекцияның сыртқы карантин бойынша жетекши агрономы Аралбай Сапарниязов. – Усы дәўир ишинде Қарақалпақстан Республикасына 16295 тонна азық-аўқат өнимлери импорт етилди.
Сондай-ақ, 43989 метр куб ағаш ҳәм ағаш өнимлери ҳәм басқа да өнимлерден ибарат жәми 16374 тонналық карантин астындағы жүклер сырт еллерден алып келинди. Оларға 887 карантин тексериўи актлери рәсмийлестирилди.
Солай етип, карантин астындағы өнимлер бойынша экспорт 2019-жылға салыстырғанда 55,8 процентке көбейди, ал импорт 8 процентке азайды, метр кубта 19 процент болды. Кейинги айларда азық-аўқат ҳәм дән өнимлери импортының көбейиўи күтилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.


Каналымызға ағза болың 👉
@kknews_uz