Районда исбилерменлердиң машқалалары үйренилмекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ исбилерменлер менен ушырасыўына таярлықлар көриў мақсетинде, Қараөзек районы аймағындағы исбилерменлердиӊ мүрәжатларын ҳәм усыныслары орынларда үйренип шығылмақта. Қараөзек районы ҳәкиминиӊ биринши орынбасары Б. Аяпбергенов ҳәмде Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қараөзек районы бөлими менен биргеликте орынларға шыққан ҳалда исбилерменлик субъектлери жумысларын еледе раўажландырыў, олардыӊ искерлиги ҳәм басламаларын ҳәр тәрепилеме қоллап-қуўатлаў, олардыӊ машқала ҳәм усынысларын үйренбекте.

➡️@QaraozekHakimligi
«Қойбақ» АПЖ аймағында «Халық ҳәм армия – бир тән, бир жан» сүрени астында илаж өткерилди.

⚡️Мәмлекетимиз қорғаныў потенциалын және де беккемлеў ҳәм Қураллы Күшлеримиз қудиретин асырыў Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясының тийкарғы бағдарларының бири етип белгиленгени жүдә әҳмийетли.
Бул ўазыйпаларды әмелге асырыўда Кураллы Күшлеримиз командирлик қурамы орынлардағы ҳәкимият уйымлары ҳәм халқымыз бенен биргеликте бир тән бир жан болып ҳәрекет қылмақта.
Қараөзек районы орайынан алыс аймақта жайласқан «Қойбақ» аўыл пуқаралар жыйынында Арқа-батыс әскерий округиниң басламасы менен жазғы дем алыс күнлери халқымыздыӊ әсиресе, аўыл жасларының бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде «Халық ҳәм армия – бир тән, бир жан» сүрени астында руўхый-ағартыўшылық илажлары шөлкемлестирилди.
Бунда дәслеп, усы аймақтағы 11-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминдеги тәрбияланыўшы балалар менен ушырасыўлар өткерилип, олардың Ўатансүйиўшилик сезимлерин қәлиплестириў, ана Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаў мақсетинде, әскерлер тәрепинен көргизбели шығыўлар шөлкемлестирилди.
Буннан соң, аймақтағы бир қатар социаллық жәрдемге мүтәж, майыплылығы болған пуқаралардың ҳал-жағдайларынан хабар алынып, саўғалар тапсырды.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi
⚡️Өткерилген илаж, әскерий оркестр намалары астындағы концерт бағдарламалары менен даўам етип, аўыл халқына хош кейпият бағышлады.
Бундай илажлардың өткерилиўи болса перзентлеримиздиң әскерий хызметке, басқаша айтқанда, ел-журт парахатшылығын ҳәм қәтержамлығы, аспанымыз ашықлығы, шегараларымыз қол қатылмаслығын тәмийинлеўге болған қызығыўшылық ҳәм умтылыўын күшейтиўи анық.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi