Олий Мажлис депутаты Қараөзек районында хызмет сапарында болды.
⚡️Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық Палатасы депутаты Бахтыбай Алдамуратовтың сайлаў округи аймағында үйрениўлер алып барды.
Қараөзек районы ҳәкимлигинде «Өзбекстан — 2030» стратегиясы, «Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы» мәмлекетлик бағдарламасының мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетин кең жәмийетшиликке жеткериў, сондай-ақ, мәмлекетлик бағдарламаның әмелге асырылыў барысын кеңнен додалаў мақсетинде, тийисли тараў ўәкиллери менен ушырасыўлар өткерди.
Ушырасыў даўамында Президентимиз басшылығында өткерилген видеоселектор мәжилислеринде белгилеп берилген ўазыйпалар, бул бағдарда районда әмелге асырылған жумыслар менен танысты.
Ⱪараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.
➡️@QaraozekHakimligi

⚡️Б. Алдамуратов бир қатар мәкемелер ҳәм жаслар тәрепинен исленген жумыслар менен де танысты.
Оларға “Аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын ижараға бериў тәртибиниң жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында” ғы Өзбекстан Республикасы нызамы жойбары бойынша түсиник берди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 5-апрель күнги «Жасларға жер ажыратыў арқалы олардың дәраматларын асырыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, жаңа жер майданларын өзлестириў илажлары ҳаққында» ғы ПҚ-153-санлы қарарларының орынлаў барысы бойынша әмелий жумыслар үйренилди ҳәм жер ажыратыў арқалы бәнтлиги тәмийинленген жаслар менен сәўбетлести.
Аймақларда "Сайхунабад тәжирийбеси” н енгизиў, мәҳәлле жетилигиниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм жуўапкершилигин асырыў, үй алды қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланыў бойынша өз усыныс ҳәм пикирлерин билдирди.

Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Дыққат! Дағаза!
Ҳүрметли мәҳәллелердеги Көше бийлери!
Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў кеңеси үш басқыштан ибарат “Ең үлгили көше бийлери” таңлаўын жәриялайды.
Каналға ағза болыў 👉 https://t.iss.one/QR_mahalle

Тебинбулақ кәни тийкарында темир рудасы шийки затының гранулалаў фабрикасы қурылысы жойбары әмелге асырылады
Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң Өзбекстанға мәмлекетлик сапары шеңберинде Россия Федерациясы ҳәм Өзбекстан Республикасы арасында бир қатар әҳмийетли бағдарларда бирге ислесиўлерди кеңейтиў мәселелери талқыланды.
Еки мәмлекет басшылары қатнасыўында энергетика, металлургия, машинасазлық, аўыл хожалығы, логистика, инновация тармақлары ҳәм басқа да бағдарлар бойынша анық жойбарлар көрип шығылды.
Сондай-ақ, таў-кән металлургиясы жөнелисинде Қарақалпақстан Республикасы Қараөзек районы аймағындағы Тебинбулақ кәнинде улыўма баҳасы 1,6 млрд. долларлық «Гранулалаў фабрика»сы қурылысы жумысларына старт берилди.
Тебинбулақ кәни тийкарында кән-металлургия кәрханасының темир рудасы шийки затының гранулалаў заводы қурылысы жойбары әмелге асырылады.
Завод иске түсирилгеннен соң жылына жойбар шеңберинде 58 млн. тоннаға шекем руда қазып алыў нәтийжесинде 5 млн. тонна концентраттан гранулаланған темир окатышлар ҳәм оларды қайта ислеў арқалы 3,6 млн. тонна туўрыдан-туўры тикленген темир шийки затын ислеп шығарыў қуўатлылығы жаратылады.
Жойбар иске түсирилиўи менен жергиликли кәрханалар ҳәм басқа да тутыныўшылар ушын металлургия шийки өними ҳәм полат өнимлерин ислеп шығарып, жеткерип бериў бойынша бир пүтин комплекске айланады.
Сондай-ақ, гранулалаў фабрикасында туўрыдан-туўры 500 ден артық жаңа жумыс орынлары жаратылады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter

Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығында Россия Федерациясы аймақлары менен бир қатар келисимлерге ерисилди
Россия Федерациясы ҳәм Өзбекстан Республикасы аймақлар кеңеси шеңберинде келисимлер алмасылыўы мәресими болып өтти.
Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясының бир қатар аймақлары арасында саўда-экономикалық, инвестиция, социаллық ҳәм басқа да бағдарларда бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм жақын шерикликти беккемлеў мәселелери талқыланды.
Сөйлесиўлерде саўда-экономикалық тараўда әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды. Тәреплер товар алмасыў көлемин жәнеде арттырыў зәрүрлиги бойынша бирдей пикирге келди.
Сөйлесиўлер даўамында энергетика, металлургия, машинасазлық, аўыл хожалығы, логистика ҳәм инновация тармақлары бойынша анық жойбарлар көрип шығылды.
Россия Федерациясы аймақлары менен сөйлесиўлер шеңберинде санаат, қурылыс өнимлерин ислеп шығарыў, Туризм, логистика, ийирилген жип ҳәм таяр трикотаж, аўыл хожалығы өнимлери бойынша улыўма баҳасы 328 млн. долларлық 64 ҳүжжет, соннан, 131,2 млн. долларлық 22 инвестиция жойбарлары, 184,7 млн. долларлық 32 экспорт шәртнамалары, 12,1 млн. долларлық 10 импорт шәртнамалары бойынша келисимлерге ерисилди.

Жоқары ҳәм профессионал билимлендириў бойынша Россия Федерациясы менен байланыслар еле де беккемленбекте
Соңғы жыллары елимизде халықаралық байланысларды беккемлеў, саўда-экономика, инвестиция, гуманитар тараўлар ҳәм басқа да бағдарларда бирге ислесиўлерди жолға қойыў ҳәм кеңейтиў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Бул бағдарда Россия Федерациясы менен бир қатар жөнелислер бойынша бирге ислесиўлер жолға қойылған болып, соңғы жыллары бул байланыслар еледе беккемленбекте.
Ҳүрметли Президентимиздиң Россия Федерациясына болған рәсмий сапары даўамында Татарстан Республикасы басшысы Рустам Минниханов пенен әҳмийетли бағдарлар бойынша әмелий бирге ислесиў жойбарларын биргеликтеги "жол карта"лары тийкарында әмелге асырыўды келисип алған еди.
Усы "жол карта"ларда келисилген мәселелердиң әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде бүгинги күнде Қарақалпақстан ҳәм Татарстан Республикалары арасында өз-ара бирге ислесиўлер жолға қойылған.
Бул бағдарда Татарстан басшысы республикамызға рәсмий сапар менен де келген еди ҳәм көп тәреплеме шерикликти жолға қойыў бойынша келисимлерге ерисилди.
Ерисилген келисимлер шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги ҳәм Татарстан Республикасы билимлендириў ҳәм илим министрлиги тәрепинен жоқары ҳәм профессионал билимлендириў системасында алып барылып атырған жумыслар бойынша тәжирийбе алмасыў, бул бағдарда еки тәреплеме пайдалы бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша әмелий жумыслар алып барылмақта.
Атап айтқанда жақында Қарақалпақстан Республикасы жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги делегациясы Татарстанда болып, еки тәреплеме бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша бир қатар әҳмийетли келисимлер ҳәм меморандумларға қол қойылды.
Әлбетте, бул келисимлер шеңберинде еки тәреплеме бирге ислесиўлер елимизде жоқары ҳәм профессионал билимлендириў тараўын раўажландырыўды жаңа басқышқа көтериўде әҳмийетли жөнелислердиң бири болып хызмет етеди.
Айтып өтиў орынлы, Россия Федерациясы менен жоқары ҳәм профессионал билимлендириў тараўы бойынша байланыслар бағдарында елимиздеги ҳәм усы мәмлекеттиң басқа да аймақларындағы жоқары оқыў орынлары арасында көп жыллық тәжирийбе қәлиплесип үлгерген.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы аймақлары арасында сыртқы саўда айланбасы кеңейтилмекте
Бүгинги күнде елимиз экономикакасын беккемлеў, сырт мәмлекетлер менен саўда-экономика, инвестициялық бирге ислесиўлерди кеңейтиў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Бул бағдарда Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы аймақлары менен өз-ара бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша бир қатар жумыслар алып барылып атыр.
Атап айтқанда, Қарақалпақстанда жумыс алып барып атырған кәрханалар менен Россия мәмлекетиниң бирге ислесиўши кәрханалары арасында 2023-2024-жыллар даўамында сыртқы саўда айланбасы 129,6 млн долларға жетти.
Саўда шериклиги бойынша Полиэтилен гранулалары, ийирилген жип ҳәм таяр трикотаж өнимлери, Вермикулит өнимлери, мийўе-палыз өнимлери, басқа түрдеги санаат өнимлери ҳәм хызметлер бағдарында бирге ислесиўлер алып барылмақта.
Усы байланысларды еледе беккемлеў, еки тәреплеме пайдалы келисимлерди әмелге асырыў бойынша әмелий жумыслар буннан-былайда даўам еттириледи.

Қарақалпақстан-Башқуртстан байланыслары жаңа басқышқа көтериледи
Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Арипов Конгрес орайы залында Башқуртстан Республикасы басшысы Радий Хабиров басшылығында Башқуртстан Республикасы ўәкиллерин қабыллады.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты.
Сөйлесиўлер даўамында Өзбекстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы аймақлары арасындағы көп тәреплеме бирге ислесиў, жақын шериклик ҳәм оларды еледе беккемлеў мәселелери сөз етилди.
Сондай-ақ, онда Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Башқуртстан Республикасы арасында дослық ҳәм шериклик қатнасықларын беккемлеў, саўда-экономикалық ҳәм басқа да бағдарларда бирге ислесиў мәселелери талқыланды.
Буннан тысқары, еки республиканың қала ҳәм районлары арасында бирге ислесиўлерди раўажландырыў, нефт-газ бойынша компаниялар арасында бирге ислесиўди жолға қойыў, Қарақалпақстан халқы ушын биринши дәрежели азық-аўқат өнимлерин жеткерип бериў бағдарында Башқуртстан аймағында бийдай, картошка ҳәм басқа да егинлерди егиў, соның менен бирге, усы республика аймағында Қарақалпақстанда жетистирилген өнимлер ушын саўда орнын ашыў ҳәм бул аймақ арқалы Россия Федерациясына Қарақалпақстанда жетистирилген мийўе-палыз өнимлери экспортын еледе арттырыў, Қарақалпақстанда биргеликте Технопарк шөлкемлестириў бойынша сөйлесиўлер алып барылды.
Сөйлесиўлер жуўмағында Қарақалпақстан ҳәм Башқуртстан Республикалары арасында көп тәреплеме бирге ислесиўлер бағдарында бир қатар әҳмийетли келисимлерге ерисилди.