Президент раислигида маҳаллий саноат тармоғидаги ички имкониятларни сафарбар этиш орқали аҳолини ишли ва даромадли қилиш масалалари юзасидан видеоселектор йиғилиши бошланди.

Ҳозирда амалга оширилаётган йирик инвестиция лойиҳалари билан бирга тез фурсатда маҳаллада юзлаб иш ўрни ва экспортбоп маҳсулот яратадиган, юқори даромад келтирадиган кичик ва ўрта корхоналар кераклиги таъкидланди.

Бу борада энг катта захира маҳаллий саноат тармоқлари ҳисобланади. Шу муносабат билан учта муҳим соҳа – чарм, гилам ва пиллачилик саноатида ҳал қилиниши лозим бўлган муаммолар бор.

Президент басшылығында жергиликли санаат тармағындағы ишки имканиятларды мобилизациялаў арқалы пуқараларды жумыслы ҳәм дәраматлы қылыў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси басланды.

Ҳәзирги ўақытта әмелге асырылып атырған ири инвестиция жойбарлары менен бирге тез пурсатта мәҳәлледе жүзлеген жумыс орны ҳәм экспортбап өним жарататуғын, жоқары дәрамат келтиретуғын киши ҳәм орта кәрханалар кереклиги атап өтилди.

Бул бағдарда ең үлкен резерв жергиликли санаат тармақлары есапланады. Усы мүнәсибет пенен үш әҳмийетли тараў – былғары, гилем ҳәм пиллешилик санаатында шешилиўи керек болған машқалалар бар.

Facebook|Instagram|X
Давлатимиз раҳбари икки йил олдин 155 гектар жой ажратилиб, чармга ихтисослашган 16 та кичик саноат зонаси қилинганини қайд этди.

Оҳангарон ва Ургут туманларида лойиҳалар бошланган бўлса-да, Нурафшон шаҳрида, Уйчи, Ангор, Қўқон, Қўштепа, Олтинкўл, Шароф Рашидов туманлари, Наманган шаҳри, Шаҳрихон, Самарқанд, Ҳазорасп, Бухоро, Нукус туманлари, Қарши шаҳрида бу ишлар лозим даражада ташкил этилмагани танқид қилинди.

Соҳада янги лойиҳалар учун 40 миллион доллар арзон ресурс ажратилгани, халқаро кредит линияларидан 100 миллион доллар жалб этилганига қарамай, мутасаддилар бу борада сусткашликка йўл қўяётгани кўрсатиб ўтилди.

Мәмлекетимиз басшысы еки жыл алдын 155 гектар орын ажыратып, былғарыға қәнигелескен 16 киши санаат зонасы қылынғанын атап өтти.

Оҳангарон ҳәм Ургут районларында жойбарлар басланған болса да, Нурафшон қаласында, Уйчи, Ангор, Қоқан, Қўштепа, Олтинкўл, Шароф Рашидов районлары, Наманган қаласы, Шаҳрихон, Самарқанд, Ҳазорасп, Бухара, Нөкис районлары, Қарши қаласында бул жумыслар зәрүр дәрежеде шөлкемлестирилмегенлиги сынға алынды.

Тараўда жаңа жойбарлар ушын 40 миллион доллар арзан ресурс ажыратылғаны, халықаралық кредит линияларынан 100 миллион доллар тартылғанына қарамастан, жуўапкерлердиң бул бағдардағы немқурайдылық пенен қарағаны көрсетип өтилди.

Facebook|Instagram|X
Соҳада энг асосий масалалардан бири, бу – хом ашё.

Кластерларда қорамолни кўпайтириш билан бирга, аҳоли хонадонлари ва терини қайта ишлаш корхоналари билан кооперацияни йўлга қўйиш 25 та туманда чорвачилик кластерлари ташкил қилинган.

Лекин, ер ажратиш ва кредит масаласи тўлиқ ҳал қилинмагани учун барча кластерларнинг ҳам фаолияти ҳали юриб кетгани йўқ. Масалан, 19 та кластерга етарли ер майдонлари ажратилмаган.

Айтилган муаммоли масалалардан келиб чиқиб “Чармсаноат” уюшмаси фаолиятини тубдан ўзгартириш зарурлиги таъкидланди.

Тараўда ең тийкарғы мәселелерден бири, бул – шийки зат.

Кластерлерде қарамалды көбейтиў менен бирге, пуқаралардың үйлери ҳәм терини қайта ислеў кәрханалары менен кооперацияларды жолға қойыў 25 районда шәрўашылық кластерлери шөлкемлестирилген.

Бирақ, жер ажыратыў ҳәм кредит мәселеси толық шешилмегенлиги ушын барлық кластерлердиң де жумысы еле жүрисип кетпеди. Мәселен, 19 кластерге жетерли жер майданлары ажыратылмаған.

Айтылған машқалалы мәселелерден келип шығып, “Чармсаноат” бирлеспеси жумысын түп-тийкарынан өзгертиў кереклиги атап өтилди.

Facebook|Instagram|X
Жорий йилда Шароф Рашидов ва Оҳангарон туманларида биттадан йирик чарм кластерини ташкил этиш муҳимлиги таъкидланди.

Бунда экологияга жавоб берадиган сув тозалаш иншооти ва бино қуриш учун 40 миллион доллар арзон ресурс йўналтирилади. Бу ердаги тайёр лойиҳаларга 7 йилда бўлиб-бўлиб тўлаш шарти билан табиий ва сунъий чармдан маҳсулот чиқарувчи хорижий брендлар жойлаштирилади.

Хорижий бренд жалб қилган ҳар бир корхонага сорсинг компаниялари учун сарфланган харажатни 30 минг долларгача қисмини қоплаб бериш тизими йўлга қўйилади.

Шунингдек, 14 та кичик саноат зонасида 100 миллион долларлик лойиҳаларни бошлаш, 11 та чорва кластерига озуқабоп экин экиш учун ер масаласини тўлиқ ҳал қилиш вазифаси қўйилди.

Быйылғы жылда Шароф Рашидов ҳәм Оҳангарон районларында биреўден ири былғары кластерин шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

Бунда экологияға жуўап беретуғын суў тазалаў объекти ҳәм имарат қурыў ушын 40 миллион доллар арзан ресурс бағдарланады. Бул жердеги таяр жойбарларға 7 жылда бөлип төлеў шәрти менен тәбийғый ҳәм жасалма териден өним шығарыўшы сырт ел брендлери жайластырылады.

Сырт ел брендин тартыў арқалы ҳәр бир кәрханаға сорсинг компаниялары ушын жумсалған қәрежеттиң 30 мың долларға шекемги бөлегин қаплап бериў системасы жолға қойылады.

Сондай-ақ, 14 киши санаат зонасы ҳәм 100 миллион долларлық жойбарларды баслаў, 11 шарўа кластерине азықлық егин егиў ушын жер мәселесин толық шешиў ўазыйпасы қойылды.

Facebook|Instagram|X
Президентимиз гилам ишлаб чиқарувчиларнинг хом ашё муаммосидан хабари борлигини таъкидлади.

Ўтган йили гилам корхоналарига марказлашган ҳолда полипропилен олиб келиш тизими йўлга қўйилгани ўз самарасини берди.

Бу йил ҳам шу тажриба давом эттирилиб, маблағ икки карра кўпайтирилади.

Гилам ишлаб чиқариш, сотиш ва валюта тушишигача бўлган вақтни инобатга олиб, тадбиркорга полипропилен 1 йилгача муддатга берилади.

Президентимиз гилем ислеп шығарыўшылардың шийки зат машқаласынан хабары бар екенлигин атап өтти.

Өткен жылы гилем кәрханаларына орайласқан ҳалда полипропилен алып келиў системасы жолға қойылғаны өз нәтийжесин берди.

Быйыл да усы тәжирийбе даўам еттирилип, қаржы еки есеге көбейтиледи.

Гилем ислеп шығарыў, сатыў ҳәм вальюта түсимине болған ўақытты есапқа алып, исбилерменлерге полипропилен 1 жылға шекемги мүддетке бериледи.

Facebook|Instagram|X
Давлатимиз раҳбари ипакчиликдаги муаммо ва имкониятларга тўхталиб ўтди.

Охирги етти йилда бу соҳага катта эътибор берилиб, кластер тизими жорий қилинди. Жумладан, 74 та пилла-ипакчилик кластери ва 11 та уруғчилик корхонаси ташкил қилинди. Тут майдонлари 40 минг гектардан 55 минг гектарга кўпайди.

Буни ҳисобига, пилла етиштириш ҳажми 2,5 баробар ошиб, 26 минг тоннага етди, ипак маҳсулоти экспорти 3 баробар кўпайди.

Мәмлекетимиз басшысы жипекшиликтеги машқала ҳәм имканиятларға тоқталып өтти.

Ақырғы жети жылда бул тараўға үлкен итибар берилип, кластер системасы енгизилди. Соннан, 74 пилле-жипекшилик кластери ҳәм 11 туқымгерлишик кәрханасы шөлкемлестирилди. Тут майданлары 40 мың гектардан 55 мың гектарға көбейтилди.

Буның есабына, пилле жетистириў көлеми 2,5 есеге артып, 26 мың тоннаға жетти, жипек өними экспорты 3 есеге көбейди.

Facebook|Instagram|X
Йиғилишда соҳага ипак қуртини парваришлаш, касалликдан сақлаш агротехникаси ва инновациялари кириб келмагани ҳисобига уруғдан пилла олишда йўқотишлар сақланиб қолаётгани таъкидланди.

Шунингдек, дунёда ипак маҳсулоти импортини 45 фоизи тўғри келаётган Европа бозорига чиқиш муҳимлиги қайд этилди.

Экспортда ипакдан тайёр маҳсулот улушини, жумладан, пиллани чуқур қайта ишлаб, тайёр ипак маҳсулотлари, мато ва уй текстили ишлаб чиқарадиган қувватларни кўпайтириш зарур.

Пиллачилик учун озуқа базаси бўлган тутзорларда янги навли ҳосилдор тут экишини кенгайтириш муҳим. Биздаги 1 миллион гектарга яқин пахта майдонига бир-икки қатордан тут экилса, 50-60 минг тонна озуқа захирасини шакллантириш мумкин.

Мәжилисте тараўға жипек қуртын өсириў, кеселликтен сақлаў агротехникасы ҳәм инновациялары кирип келмегени есабына туқымнан пилле алыўда жоғалтыўлар сақланып қалып атырғанлығы атап өтилди.

Сондай-ақ, дүньяда жипек өними импортының 45 пайызы туўра келип атырған Европа базарына шығыў мүмкинлиги атап өтилди.

Экспортта жипектен таяр өним үлесин, соннан, пиллени терең қайта ислеп, таяр жипек өнимлери, материал ҳәм үй текстили ислеп шығаратуғын қуўатлылықларды көбейтиў керек.

Пиллешилик ушын азықлық базасы болған тутзарлықларда жаңа сортлы өнимдар тут егиўди кеңейтиў әҳмийетли. Биздеги 1 миллион гектарға жақын пахта майданына бир-еки қатардан тут егилсе, 50-60 мың тонна азықлық резервин қәлиплестириў мүмкин.

Facebook|Instagram|X
Пиллани харид нархи пастлиги учун пиллакорларда манфаатдорлик паст.

Шунинг учун ипакчиликни ривожлантириш бўйича куни кеча имзоланган Президент фармони билан пилла харид нархи 25 фоизга оширилди.

Пиллакорлар даромад ва ижтимоий солиқлардан озод қилинди, тутзорлар учун ер солиғининг 10 фоизи тўланади.

Мутасаддилар ва ҳокимларга янги тутзорлар ташкил қилса бўладиган 105 минг гектар ер ажратиш топширилди. Бу ерлар лотларга бўлиниб, аукционда берилади, аукциондаги ернинг бошланғич нархи 10 фоиз этиб белгиланади.

Пиллениң сатып алыў баҳасы төменлиги себепли пиллекешлерде мәпдарлық жоқ.

Сонлықтанда, жипекшиликти раўажландырыў бойынша күни кеше қол қойылған Президент пәрманы менен пилле сатыў баҳасы 25 пайызға арттырылды.

Пиллекешлер дәрамат ҳәм социаллық салықлардан азат етилди, тутзарлықлар ушын жер салығының 10 пайызы төленеди.

Жуўапкерлер ҳәм ҳәкимлерге жаңа тутзарлықлар шөлкемлестириўге болатуғын 105 мың гектар жер ажыратыў тапсырылды. Бул жерлер лотларға бөлинип, аукционда бериледи, аукциондағы жердиң басланғыш баҳасы 10 пайыз етип белгиленеди.

Facebook|Instagram|X
Йиғилишда ипак олишнинг муқобил усулларини йўлга қўйиш кераклиги кўрсатиб ўтилди.

Масалан, Хитойда канакунжут қуртини парваришлаб, ипак олиш кенг йўлга қўйилган.

Бу янги йўналишни ўзимизнинг иқлим шароитимиздан келиб чиқиб татбиқ қилиш мақсадга мувофиқлиги қайд этилди.

Ўсимликлар карантини ва ҳимояси агентлигига канакунжут ўсимлиги ва қурти уруғларини олиб келиб, Ипакчилик институтида синов ишларини бошлаш топширилди.

Умуман, ҳокимлар ва соҳа мутасаддиларига пилла мавсумини сифатли ташкил этиб, ҳосил йўқотишсиз йиғиб олинишини таъминлаш бўйича қатор топшириқлар берилди.

Мәжилисте жипек алыўдың оптимал усылларын жолға қойыў кереклиги көрсетип өтилди.

Мәселен, Қытайда клещевина қуртын өсирип, жипек алыў кең жолға қойылған.

Бул жаңа жөнелисти өзимиздиң климат шараятымыздан келип шығып енгизиў мақсетке муўапықлығы атап өтилди.

Өсимликлер карантини ҳәм қорғалыўы агентлигине клещевина өсимлиги ҳәм қурты туқымларын алып келип, Жипекшилик институтында сынаў жумысларын баслаў тапсырылды.

Улыўма, ҳәкимлер ҳәм тараў жуўапкерлерине пилле мәўсимин сапалы шөлкемлестирип, өнимди жоғалтыўларсыз жыйнап алыўды тәмийинлеў бойынша бир қатар тапсырмалар берилди.

Facebook|Instagram|X
Президент тапсырмасы тийкарында Мәдениятта 250 хожалыққа мөлшерленген суў насосы қурылды.

⚡️Бүгинги күнде “Мәденият” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 1086 хожалықта, 6625 халық жасайды аймақта жасаўшы пуқаралардың турмыс шәраятын жақсылаў, мүрәжатлерин қанаатландырыў мақсетинде мәмлекетимиз басшылары тәрепинен бир қатар унамлы жумыслар алып барылмақта.
Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен арнаўлы ислеп шығылған қарар тийкарында мәҳаллелердиң инфраструктурасын жетилистириў, пуқаралардың турмыс шараятларын еле де жақсылаў, мәҳәллени социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў ҳәмде аймақтағы машқалалардың нәтийжели ҳәм тез шешилиўин тәмийинлеў мақсетинде ажыратылған 500 млн сўм қаржы есабынан, «Мәденият» АПЖ Қарамойын, Жолдас, Өтеген аўылы ҳәм Мәденият орайындағы Саялы гүжим, Тынышлық көшелериндеги хожалықлардың үй алды қыйтақ жерлерин суўғарыў ушын жәми 250 хожалыққа арналған суў насослары қурып берилди.
Ҳәзирги күнде, аймақ турғынлары үй алды қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланып, баў-бақша, палыз дақылларын егип тәрбиясына айрықша итибар берип келмекте.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi
«Жаслар ҳаўазы» фестивалының ашылыў салтанаты болып өтти

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен елимиздиң қыз-жигитлерин Қарақалпақстанның турмысы менен жақыннан таныстырыў мақсетинде Жаслар фестивалын шөлкемлестириў усынысы билдирилген еди.

Қысқа ўақыт ишинде «Бозатаў фест» Жаслар ҳаўазы Республика жаслар фестивалы пүткил Өзбекстан бойынша жас талантларды жүзеге шығарыўда әҳмийетли болған илажлардың бирине айланып үлгерди.

Бүгин Нөкис қаласында фестивальдың ашылыў салтанаты болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, елимиздиң мың-мыңлап жасларын өзинде жәмлеген фестивалдың ашылыўы менен жыйналғанларды қутлықлады ҳәм барлық қатнасыўшыларға әўмет яр болыўын тиледи.

Ашылыў салтанатында елимиздиң барлық аймағынан қатнасыўшылар – өз аймақларында теңсиз деп табылған жас талант ийелери ҳәм мийманлар қатнасты.

«Ёшлар овози» фестивалининг очилиш маросими бўлиб ўтди

Ҳурматли Президентимиз томонидан юртимиз йигит-қизларини Қорақалпоғистоннинг ҳаёти билан яқиндан таништириш мақсадида Ёшлар фестивалини ташкил этиш таклифи билдирилган эди.

Қисқа вақт ичида «Бозатаў фест» Ёшлар овози Республика ёшлар фестивали бутун Ўзбекистон бўйича ёш иқтидорларни кашф этишда аҳамиятли бўлган тадбирларнинг бирига айланиб улгурди.

Бугун Нукус шаҳрида фестивалнинг очилиш маросими бўлиб ўтди.

Унда Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев сўзга чиқиб, юртимизнинг минг-минглаб ёшларини ўзида жамлаган фестиваль очилиши билан йиғилганларни табриклади ва барча иштирокчиларга омад ёр бўлишини тилади.

Очилиш тантанасида юртимизнинг барча ҳудудларидан иштирокчилар – ўз ҳудудларида тенгсиз деб топилган ёш иқтидорлар ва меҳмонлар иштирок этди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter