Дүньяның гүлтажы – сизлерсиз ҳаял-қызлар

Бүгин Нөкис қаласындағы зәўлим имаратта «8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни» мүнәсибети менен салтанатлы байрам илажи өткерилди. Онда республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан келген нураный аналар, жәмийетлик турмыста белсендилик көрсетип, пидайы мийнет етип атырған ҳаял-қызлар, түрли министрлик ҳәм мәкемелер ўәкиллери қатнасты.

Өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, республикамыз ҳаял-қызларын гөззаллық, ояныў ҳәм жасарыў әййямы болған 8-март – Халықаралық Ҳаял-қызлар байрамы менен қызғын қутлықлады.

Толық оқыў

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
⚡️8-марть Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы мүнәсибети менен Қараөзек Агроэкономика Техникумы устазлары ҳәм де жаслары өз қутлықлаўларын билдирмекте.


➡️@QaraozekHakimligi
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Нөкис қаласында «8-март- Халықаралық ҳаял-қызлар күни» не бағышлаған мәдений дем алыў иләжына, Қараөзек районынан да бир қатар ҳаял-қызлар қатнасып, кеўилли дем алып қайтты.


Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi
РАЙОН ҲӘКИМИНИҢ БАЙРАМ ҚУТЛЫҚЛАЎЫ
Ҳүрметли нураный аналар ҳәм апа қарындаслар!
Сизди ҳәм шаңарағыңыздағы ҳаял-қызларымызды "8-март  Халықаралық Ҳаял-қызлар күни” менен шын кеўилден қутлықлайман.
Әсирлер даўамында халқымыз аналарды, ҳаял-қызларды ҳүрметлеп айырықша қәдирлеп келген .
Ана бир қолы менен бесик тербетсе, бир қолы менен дүньяны тербетеди.
Районымыздағы әмелге асырылып атырған раўажланыўлар менен исленип атырған жаңа жойбарларымыз, халқымыздың турмыс дәрежесиниң жәнеде жақсыланыўында ҳаял-қызларымыздың өз жумысларына болған мехри, сабыр тақатлық пенен әмелге асырған мийнетлери ҳәр қандай мақтаўға турарлық деп есаплайман.
Және бир мәртебе гүллән ҳаял-қызларымызды ең уллы, ең әзиз байрам болған "Ҳаял-қызлар" байрамы менен қутлықлап,  шаңарақларыңызға аманлық, елимиздиң раўажланыўына қосып атырған машақатлы жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймен.
Район ҳәкими
Утамбетов Узақберген Тлеўимбетович.

👇👇👇 
@QaraozekHakimligi
Әдиўли аналар, қәдирли ҳаял-қызлар!

Сизлерди, сизлер арқалы пүткил ҳаял-қызларды бәҳәр паслының туңғыш байрамы, өзинде гөззал сезимлерди, жақсы нийет ҳәм ийгиликли мақсетлерди жәмлеген әжайып әйям – 8-март – халықаралық Ҳаял-қызлар байрамы менен қызғын қутлықлайман.

Сизлер биз ушын ең дәслеп қәдирли ана, әзиз Ўатан, шаңарақ тымсалы, шеги жоқ меҳир ҳәм жақсылық дерегисиз.

Бәршеңизге мәлим, халқымыз әзелден гөззаллық тымсалы болған әдиўли аналар менен дилбар қызларға айрықша ҳүрмет көрсетип, оларды бәрҳәма қәстерлеп келген.

Бул жоқары қəдирият бүгинги күнде де улығланып, елимизде ҳаял-қызларға ғамхорлық көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, жәмийетлик - сиясий турмыста белсендилигин арттырыў – мәмлекетлик сиясаттыӊ баслы бағдарларынан бирине айланып үлгерген.

Әсиресе, соңғы жыллары елимизде тиккелей ҳүрметли Президентимиздиң ғамхорлығы ҳәм итибары менен гендер теңликке итибар қаратылып атыр. Оларды қоллап-қуўатлаў бағдарында «Ҳаяллар дәптери» турмысқа енгизилди, исбилермен ҳаял-қызларымыз ушын болса жеңиллетилген кредитлер бериў жолға қойылды, ҳаял-қызлар менен ислесиўде «Мәҳәллебай» системасынан кең түрде пайдаланылып атыр. Буннан тысқары, жоқары оқыў орынларындағы қызлар ушын қосымша квоталар ажыратылып, бир қатар критериялар бойынша шəртнама пуллары төлеп берилмекте ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж ҳаяллар турақ-жайлар менен тəмийинленбекте.

Әлбетте, булардың барлығы ҳүрметли Президентимиз тәрепинен ҳаял-қызларымызға қаратылып атырған итибар ҳәм ғамхорлықтың көриниси есапланады.

Ҳүрметли ҳаял-қызлар!

Сизлерди бүгинги бәҳәр байрамы, жасарыў ҳәм жаңаланыў әйямы менен және бир мәрте қызғын қутлықлайман!

Сизлерге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, қут-берекет, жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймен.

Ана-Ўатанымыз, халқымыз, ел-журтымыз, бəршемиздиң бахтымызға ҳəмийше аман болғайсызлар.

Гөззал байрамыңыз мүбәрек болсын!


Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң
Баслығы

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Assalawma áleykum!
Húrmetli anajanlar, respublikamızdıń barlıq hayal-qızları!


Aldı menen sizlerdi, sizler arqalı barlıq anajanlarımızdı, apa-qarındaslarımızdı sulıwlıq hám gózzallıq bayramı sanalǵan 8-mart — Xalıqaralıq hayal-qızlar kúni múnásibeti menen qızǵın qutlıqlaymız!

Hayaldıń ádepliligi, ziyrekligi hám pidayılıǵı ásirler dawamında shańaraq párawanlıǵına tiykar bolıp keledi. Sol sebepli de dúnyadaǵı eń ullı kórkem-óner dóretpeleri, qosıq hám táriyplewler, sonday-aq, arxitekturalıq esteliklerdiń basım kópshiligi hayallarǵa arnaladı.

Shańaraq hám jámiyet tiykarı, ómirimizdiń payızı hám kórki bolǵan hayal-qızlardı sıylaw, olarǵa húrmet kórsetiw xalqımız ushın ázel-ázelden ullı qádiriyat bolıp kelgen hám sonday bolıp qaladı.

Qádirli, hayal-qızlar!

Báhárgi jıllılıq kewillerińizdi tárk etpesin. Bayramıńız jáne bir márte qutlı múbárek bolsın!

Húrmet penen
Qaraqalpaqstan Respublikası Ministrler Keńesiniń miynet jámááti
Ўзбекистон Республикаси Президентининг "Муборак Рамазон ойини муносиб тарзда ўтказиш тўғрисида"ги қарори

Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Мүбәрек Рамазан айын мүнәсип тәризде өткериў ҳаққында"ғы қарары

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Жаслар_бәнтлиги

Бес жыл сырт мәмлекетлерде ислеп тапқан дәраматты аўылданда тапса болады екен-дейди жас исбилермен М. Сапаров.


Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.

➡️@QaraozekHakimligi
Мәденият АПЖ да 7 пуқараға ыссыхана қурып берилди.

⚡️Бүгиниг күнде район халқының ыссыханаға талабы күшейип, үй алды қыйтақ жерлеринен өнимли пайдаланыўы ушын мәмлекетимиз тәрепинен жеңиллетилген кредитлер тийкарында жумыссыз пуқараларымызға ысссыханалар қурып берилмекте.
Усынай жеңилликлерден пайдаланып атырған «Мәденият» АПЖ турғыны Турдымуратов Генжемурат үй алды егислик жерине 5 дана ыссыхана қурып, помидор, қыяр, клубника ҳәм басқада нәллер егип, көгерген нәллерди отырғызыў жумысларын алып бармақта ҳәмде биогомус жетистирмекте.
Г. Турдымуратов быйылғы жылда орташа 100 млн. сўм дәрамат табыўды режелестирилген.
Сондай-ақ, аймақтағы Қурбанбаев Азатта үй қапталындағы егислик жерине қурылған 1 дана ыссыхана ишин егиске таярлап, ҳәзир қыярлары гүллеп, түйнекке отырып атыр.
Ол да жетистирген өнимлеринен орташа 25 млн. сўм дәрамат табыўды алдына мақсет етип алған ҳәм 2024-жылдан баслап экспортқа шығарыўды режелестирмекте.


Ўзбекча:


Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

👇👇👇
@QaraozekHakimligi