#Күн_фотосы

Елимизде гүз мәўсими

⚡️Гүз паслы дийханларымыздың үйилген қырманларын жыйнап алатуғын ўақты.

Қараөзек районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi
Халқымызды сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў тийкарғы мәселе

⚡️Қараөзек районында 2023-2024-жылларда район халқын азық-аўқатлық өнимлери менен тәмийинлеў ушын қыс ҳәм бәҳәр мәўсимлеринде тийкарғы түрдеги азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы өнимлери резервин жаратыў бойынша район ҳәкимлиги тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
Бул бағдарда, район ҳәкими тийисли тараў басшылары менен биргеликте дийхан фермерлердиң атыз майданларында болып, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм ишки базардағы баҳалардың турақлылығын сақлаў иләжларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша сәўбет жүргизди ҳәм жетистирген өнимлерди тийисли кәрханалар менен шәртнамалар дүзип, реже тийкарында қоймаханаларға жайластырыў иләжларын алып барыў ўазыйпалары белгиленди.
Районда ишки базарды азық-аўқатлық өнимлер менен толтырыў, баҳалардың турақлылығын сақлаў мақсетинде, жыл даўамында жәми 1023,0 тн азық-аўқатлық өнимлерин топлаў белгиленген болса, соннан картошка 232,0 тн, пияз 152,0 тн, гешир 302,0 тн, гүриш 337,0 тн болып, бүгинги күнге жәми өнимлерди жыйнаў көрсеткиши 48% ти қурайды.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Қораўзак_тумани

MAXSUS_REPORTAJ_YASHIL _MAKON

Қараөзек районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi
Қутлықлаў

17-ноябрь – Халықаралық студентлер күни байрамы менен барлық студент жасларды қутлықлаймыз.

Студентлик инсан өмириндеги ең бахытлы мәўритлер есапланады. Жаңа өмирге қәдем қойыў, кәмил инсан, халық ийгилиги жолында аянбай мийнет ететуғын жигит-қызлардың қәлиплесетуғын дәўири.

Бүгинги билимли жаслар ҳәр салада мәмлекетимиздиң раўажланыўы ушын күш-қүдирет дереги болып есапланады. Президентимиздиң басламасы менен Сиз жасларға елимизде оқып-билим алыў, имканиятларыңызды жүзеге шығарыў, ерк-ықрарлы инсан болып жетилисиўиңиз ушын барлық шараятлар жаратылмақта.

Биз исенемиз, сизлер заманагөй билим ҳәм раўажланыў шыңларын ийелеп, өзлериңиздиң күш-жигериңиз бенен мәмлекетимиздиң гүллеп-раўажланыўына үлес қосасыз.

Барлық студент жасларды бүгинги байрам менен және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, ийгиликли ислериңизде тасқын табыслар тилеймиз!


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
18-ноябрь Мәмлекетимиз тарийхының әҳмийетли сәнелеринен бири–Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик байрағы қабыл етилген күн.

⚡️Усы сәне мүнәсибети менен Қараөзек районы қәнигелестирилген мектепте “Мүқәддессең Ўатан байрағы” атамасында ушырасыў шөлкемлестирилди.
Илажда Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлими баслығы М. Атажанов, Мәлимлеме китапхана орайы бөлим баслығы З. Даўеновалар мийманда болды.
Онда шығып сөйлеўшилер Мәмлекетлик байрақ–мәмлекет ғәрезсизлигиниң белгиси болып, халықаралық көлемде оның өзлигин белгилейтуғынлығын, жасларымызды ҳәр бир мәмлекетлик белгилерге ҳүрмет руўхында тәрбиялап барыўымыз кереклиги атап өтилди.
Иләж соңында оқыўшы жаслар менен өз-ара пикир алысыўлар болды.

➡️@QaraozekHakimligi
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Уч йил олдин Сурхондарёда электр генерацияси бор-йўғи 30 мегаватт бўлган.

Бу борада 165 миллион доллар инвестиция эвазига “Тўпаланг” ГЭСни модернизация қилиш, “Зарчоб-1” ва “Зарчоб-2” ГЭСларини ишга тушириш орқали қувватлар 251 мегаваттга етказилди. Уларга қўшимча яна бир лойиҳа – “Зарчоб-3” ГЭС қурилиши ҳам бошланаяпти.

Бу ҳали бошланиши, деди Президент. Тўпаланг дарёсининг юқори оқимида умумий қуввати 265 мегаватт бўлган яна 20 та ГЭС қуриш имконияти бор.

Шу билан бирга, 1 миллиондан ортиқ воҳа аҳолиси учун тоза ичимлик суви орзу бўлиб келаётганди. Қанчалик қийин бўлмасин, “Тўпаланг” сув омборидан Термиз шаҳри ва 11 та туманга тоза ичимлик суви олиб келинаяпти. Мазкур лойиҳа тўлиқ ишга тушгач, 2 миллион аҳолида туну-кун тоза ичимлик суви бўлади.

Facebook|Instagram|Twitter