Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Хабар_бағдарламасы

⚡️Қараөзек районындағы исбилерменлик жумысларынан репортаж.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi.
#онлайн

Хатлаў жумысларына арналған семинар өткерилди

⚡️Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Президент жанындағы социаллық қорғаў миллий агентлигинен тийисли ўәкиллер қатнасып, социаллық қорғаўға мүтәж шахслардың базасын қәлиплестириў бойынша хатлаў жумысларын шөлкемлестириўге бағышланған семинар өткерилди.
Оған район ҳәкими орынбасарлары, сектор басшылары, мәкеме, шөлкем баслықлары ҳәм 13 мәҳәлле беслик хызметкерлери қатнасты.
Бунда, Президентимиздиң 01.06.2023-жылғы "Халыққа сапалы социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў ҳәмде оны нәтийжели қадағалаў системасын жолға қойыў бойынша комплексли иләжлар ҳаққында" ғы 82-санлы Пәрманы тийкарында социаллық қорғаўға мүтәж шахсларды анықлаў ҳәм олардың миллий базасын қәлиплестириў бойынша хатлаў өткериў тәртибин таныстырды.
Семинар даўамында қатнасыўшылар өзлериниң қызықтырған сораўларына толық жуўаплар алды.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi
Ҳүрметли студентлер, архитектура, инженерлик ҳәм қала қурылысы бағдарларының питкериўшилери!

Сизди «Smart Rural Planning» жас архитекторлар ҳәм қала қурылысы таңлаўында қатнасыўға шақырамыз.
Бул таңлаў аймақлар, қала ҳәм аўылларды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, қала қурылысы ҳүжжетлерин жетилистириўге ҳәмде инновациялық, кем углерод жумсаўшы жойбарларды әмелге асырыўға қаратылған жойбарларды ислеп шығыўға жасларды тартыў мақсетинде шөлкемлестирилип атыр.

Таңлаў 3 (үш) номинация бойынша өткериледи:
«Smart rural settlement» - бас реже (мастер-реже)/аўыл аймағының концептуал дизайны;
«Smart district» - бас реже (мастер реже)/қала/районның концептуал дизайны;
«Green building» - жәмийетлик имарат ямаса социаллық әҳмийетке ийе объектлер қурылысы (сооружение) жойбары.

Арзалар 2023-жыл 30-июль саат 18:00 ге шекем (Ташкент ўақты менен) https://forms.gle/s5ZdNzhiwZHtiTx26 силтеме арқалы қабыл етиледи.

БУЛ ӘҲМИЙЕТЛИ: Google-формаға сизиң жумысларыңызды жүклеў ушын Google-аккаунтқа ийе болыў зәрүр (gmail.com да электрон почта).
Қосымша мағлыўматлар ушын телеграм арқалы https://t.iss.one/SmartRuralContest жазың.

Ең жақсы жойбарлар авторларына компютерлер тапсырылады.

Толық мағлыўмат

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Көшпели суд мәжилиси өткерилди

⚡️Бүгин Жынаят ислери бойынша Қараөзек районы суды баслығы Ж. Алланияовтың басшылығында Қараөзек районлық мектепке шекемги хәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде көшпели суд мәжлиси болып өтти.
Көшпели суд мәжлисинде Қараөзек районы ишки ислер бөлими жәмийетлик қәўипсизлик хызмети пробация топары есабында турып жаза мүддетин өтеп атырған еки шахстың жаза өтеў дәўиринде ислеген жынаятынан шын кеўилден пушайман болып, мийнетке ҳадал мүнәсибетте болғанлығы ушын район суды тәрепинен Өзбекстан Республикасы ЖК ниң 73-статьясына тийкар жазадан мүддетинен алдын шәртли түрде азат етилди.
Сондай-ақ, Қараөзек районы ишки ислер бөлими жәмийетлик қәўипсизлик хызмети ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бөлими, профилактика инспекторлары тәрепинен Қараөзек районы аймағында ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ислегенлиги ушын иркилип, қарсысына ҳүжжетлер рәсмийлестирилип, судқа өткерилген 2 пуқараға, Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 183 ҳәм 194 статьяларына тийкар 10 сутка ҳәкимшилик қамақ жазасы тайынланды.
Суд мәжилиси соңында қатнасқан пуқараларға, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ислемеў, ҳәр түрдеги жынаятлардың алдын алыў бойынша ҳуқықый түсиниклер берип өтилди.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi
❇️Усы жылдың 17-21 июль күнлери Ташкент ўәлаяты Бостанлық районындағы "Жаслар" дем алыў орайында "Ағартыўшылық үгит-нәсият ислер нәтийжелилигин ҳәм тәсиршеңлигин және де арттырыў" бойынша оқыў-семинары болып өтеди.

❇️Бүгин семинар қатнасыўшылар ушын Ташкент қаласындағы "Янги Ўзбекистон" бағына саяхат шөлкемлестирилип, "Мустақиллик" монументине гүлдәсте қойды ҳәм уллы ата-бабаларымыз естелигине ҳүрмет көрсетти.

❇️Оқыў-семинарында Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы ҳәм оның аймақлық бөлими, сондай-ақ, қала ҳәм район бөлимшелеринен 250  басшы, қәнигелери қатнаспақта.


✏️ҚР бөлимниң рәсмий каналы
       👉👉
@QR_Ruwxiyliq 👈👈