«Дийхан базары» нда саўда ярмаркасы даўам етпекте

Район халқының азық-аўқатлық өнимлерге болған талабы күннен күнге артып бармақта.
Сонлықтанда халыққа қолайлық жаратыў, пуқаралардың аўырын жеңил, алысын жақын етиўде ҳәр қандай жаратылған шараятлар турмыс абаданшылығымыздың артыўына тийкар болады.
Қараөзек районында район ҳәкимлиги, Қараөзек “Дийхан базары” ЖШЖ, район прокуратурасы, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикасы Қараөзек районы бөлими менен биргеликте шөлкемлестирилип киятырған саўда ярмаркасы район халқы ушын арзанластырылған саўда хызметин көрсетип келмекте.
Бундай арзан ҳәм сапалы өнимлердиң шөлкемлестирилиўине район халқының миннетдаршылығы шексиз.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi
Х А Б А Р Л А Н Д Ы Р Ы Ў

“Ҳудудгаз Қарақалпақстан” газ тәмийнаты филиалы тәрепинен республика аймағындағы газ тармақларын тәртиплестириў, эстетикалық көринисин жақсылаў ҳәмде бояў жумыслары алып барылмақта. Бул жумысларды еле де жеделлестириў мақсетинде Республикамыздыӊ қала ҳәм район газ тәмийнаты бөлимлерине ис тәжирийбесине ийе, 25-45 жас аралығындағы электргазкепсерлеўши, слесарь, бояўшы қәнигелерди шәртнама тийкарында жумысқа шақырамыз.

Қосымша мағлыўмат ушын телефонлар: 61 224-22-93, 61 224-04-08

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Шаңарағында майыплығы болған ағзасы бар шахслар аукцион арқалы жер участкасын сатып алыўда оларға 33 миллион сумға шекем бир мәртелик жәрдем пулы бериледи

Ҳүкиметтиң 23.03.2023 жыл күнги 122-санлы қарары менен тастыйықланған режеге тийкар, жер участкасын аукцион арқалы сатып алыў қәрежетлеринен келип шыққан ҳалда, шаңарағы қурамында майыплығы болған шахслар санына қарамастан БЕМның 100 есеси (33 миллион сум) ға шекемги муғдарда бир мәртелик төлем ажыратылады.

Бунда жеңилликли категориядағы шахслар төмендеги нормаларға туўра келиўи керек: ⬇️

🟢 соңғы 12 ай даўамында өзи ямаса шаңарақ ағзаларының атында жасаў ушын мөлшерленген турақ-жай ямаса жер участкасы бар болмаўы;

🟢 жер участкасы ақырғы 3 ай ишинде аукцион арқалы сатып алынған ҳәм Өзбекстан аймағында болыўы;

🟢 майыплығы бар шахс деп табылған, сондай-ақ, «Темир дәптер», «Ҳаяллар дәптери», «Жаслар дәптери»ниң биреўинде турған болыўы керек.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Adam sawdası hám májbúriy miynetke qarsı gúresiw barısında ámelge asırılıp atırǵan jumıslar dodalandı

👉https://qaraozek.uz/news/8912/

Qaraózek rayonı hákimliginiń málimleme xızmeti

➡️@QaraozekHakimligi
Ҳүрметли Қараөзек районы жаслары!

Районымызда исбилерменликти қоллап-куўатлаў ҳәм раўажландырыў мақсетинде район орайында жайласқан “Жаслар санаат зонасы” нан аукцион саўдасына 7 лот ҳәмде “Киши санаат зонасын” нан 32 лот қойылғанлығын хабарлаймыз.
Қызығыўшы жаслар болса https://e-auksion.uz/ сайтынан ҳәмде районлык инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бѳлимине мүрәжат етсеӊиз болады.
Мүрәжат ушын телефонлар:
(97) 560-02-66.
(93) 485-51-03


Қараөзек районы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бөлими.

➡️@QaraozekHakimligi
Qaraqalpaqstan Respublikası Joqarǵı Keńesiniń komitet baslıǵı, isshi topar baslıǵı Z. Reymova basshılıǵındaǵı topar aǵzaları úyreniw jumısların alıp bardı.

Tolıq oqıw:👉https://qaraozek.uz/news/8916/

Qaraózek rayonı hákimliginiń málimleme xızmeti

➡️@QaraozekHakimligi