БЕС БАСЛАМА-БЕС ИМКАНИЯТ АТАМАСЫНДА ӨТКЕРИЛГЕН СЕМИНАР
Қараөзек районы 3-санлы мектепке шекемги билимлендириў шѳлкеминде Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң бес әҳмийетли басламасы тийкарында “Бес баслама-бес имканият” атамасында әмелий семинар ѳткерилди. Оған район аймағындағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери баслықлары ҳәм тәрбияшылар қатнасты. Семинарды өткериўдеги тийкарғы мақсети Өзбекстан Республикасы Президентиниң бес әҳмийетли басламасы тийкарында бақша балаларын руўхый жақтан жетилистириў, олардың бос ўақтларын мазмунлы шѳлкемлестириў ҳәмде қәбилетли, зийрек ҳәм дөретиўши балаларды анықлаў ҳәм қоллап-қуўатлаўдан ибарат. Семинарда бақша тарбияланыўшылары қосық-тақмақлар, сахналық кѳринислер ҳәм сүўрет салыў жарысларын шѳлкемлестирди. Сондай-ақ балалардың спортқа қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде ата-аналар менен биргеликте “Атам, анам ҳәм мен” атамасында спорт жарысы ѳткерилди.
👇👇👇
@QaraozekHakimligi

“ИСБИЛЕРМЕН ҲӘМ ЖАСЛАР” УШЫРАСЫЎЫ БОЛЫП ӨТТИ.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың басшылығында 2019-жыл 27-декабрь күни мәмлекет жаслары менен видеоселектор тәризинде өткерилген мәжилисиниң 58-санлы баянламасының қарарын орынлаў ҳәмде оқыўшы жасларды кәсипке бағдарлаў, олардың исбилерменлик қәбилетлерин қәлиплестириў мақсетинде Қараөзек районлық 2-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебинде "Исбилермен хәм жаслар" ушрасыўы болып өтти. Ушырасыўға район орайында өз жумысын жолға қойған "Тербенбес" халыққа хызмет көрсетиў орайы баслығы жас исбилермен А.Палўанов, Ғәрезсизлик гүзары МПЖ баслығы А.Бекмуратова, Республика Руухыйлық ҳәм ағартыў орайы районлық бөлими бас қәнийгеси М.Палўаниязов, “Жаслар келешегимиз” жамғармасы районлық бөлими баслығы Б.Бийимбетовлар қатнасты. Ушырасыў барысында жас исбилермен А.Палўанов Президентимиздиң "Үш адамды жумыслы еткен исбилерменди басыма көтеремен" деген даналық сөзлерин айтып, бүгинги күнде елимизде жаслар ушын жаратылған имканиятлар ҳаққында кең түрде түсиниклер берди. Ушырасыў даўамында оқыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына тийисли тараў ўәкиллеринен жуўаплар алды.

ЖАС ӨСПИРИМЛЕР КОМИССИЯСЫНЫҢ МӘЖИЛИСИ.
Бугин 13-февраль күни Қараөзек районы ҳәкимлиги мәжилислер залында Жас өспиримлер ислери бойынша мәкемелер аралық комиссиясының 2019-жыл даўамында әмелге асырылған жумысларының жуўмақларына бағышланған мәжилис болып өтти. Мәжилиске комиссия ағзалары, ҳуқық қорғаў уйымлары ўәкиллери, улыўма орта билим бериў мектеп директорлары, аўыл ҳәм мәкән пуқаралар жыйынлары баслықлары қатнасты. Мәжилисти район ҳәкиминиң орынбасары А.Джуманиязов алып барды. Онда шығып сөйлеўшилер 2019-жыл даўамында Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 14-марттағы ПҚ-2833-санлы Қарары менен тастыйықланған “Жас өспиримлер ислери бойынша мәкемелер ара комиссиялары ҳаққында”ғы Нызамы ҳәм Өзбекстан Республикасының 2010-жыл 29-сентябрь күнги «Жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасы ҳаққында»ғы Нызамы талапларына тийкар, жас өспиримлердиң ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплериниң қорғалыўын тәмийинлеў, жас өспиримлер арасында ҳуқықбузарлықлар ҳәм басқада унамсыз ҳәрекетлердиң алдын алыў ҳәмде комиссия ағзаларының жумысларын еледе жеделлестириў мақсетинде әмелге асырылған жумыслар ҳаққында кеңнен мағлыўматлар берилди. Өткен жыл даўамында жол қойылған қәте-кемшиликлердиң алдын алыў мақсетинде комиссия ағзаларына ўазыйпалар белгилеп берилди ҳәм мәжилис соңында Жас өспиримлер ислери бойынша мәкемелерара комиссиясының 2020-жыл даўамында әмелге асыратуғын жумыслар бойынша ис-режеси тастыйықланды.

БАСЛЫ МАҚСЕТ: ОҚЫӮШЫЛАРДЫҢ ҚӘӮИПСИЗЛИГИН ТӘМИЙИНЛЕӮ
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер Министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў Министрлиги усынысы тийкарында мектеп оқыўшыларының қәўипсизлигин тәмийинлеў, ҳәр түрли бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыў ушын бир қатар иләжлар әмелге асырылмақта. Яғный, жол бойында жайласқан улыўма орта билим бериў мектеплеринде педагог хызметкерлердиң нәўбетшилигин еледе күшейтиў мақсетинде, нәўбетшиниң үстинде “МЕКТЕП НӘӮБЕТШИ” атлы жазыӯ түсирилген арнаӯлы кийим, сондай-ақ, “ДЫҚҚАТ! МЕКТЕП. ТЕЗЛИКТИ АСЫРМАҢ!” көринисиндеги жазыў түсирилген баннер оқыўшылар өтетуғын жолдың шетине орнатылып жас өспиримлердиң қәўипсизлиги тәмийинленбекте.

ҚУЎНАҚЛАР ҲӘМ ЗИЙРЕКЛЕР КӨРИК ТАҢЛАЎЫ ӨТКЕРИЛДИ.
Усы жылдың 13-февраль күни районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде февраль айы “Нәшебентликке қарсы гүресиў айлығы” шеңберинде мектептиң жоқары класс оқыўшылары арасында “Биз нәшебентликке қарсымыз!” сүрени астында қуўнақлар ҳәм зийреклер көрик таңлаўы өткерилди. Таңлаўда оқыўшылар жаслар арасында нәшебентликтиң алдын алыў оның инсан организимине кери тәсири ҳаққында сахналық көринислер көрсетип, сораў жуўаплар менен даўам етти. Таңлаў жуўмағында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
“@QaraozekHakimligi

Forwarded from Kar24.uz | Расмий канал
Халқ билан самарали ишлаётган туман, шаҳар ҳокими қай бири? <2>
Final Results
27%
Қўнғирот тумани
22%
Мўйноқ тумани
5%
Кегейли тумани
15%
Чимбой тумани
5%
Бўзатов тумани
12%
Қонликўл тумани
13%
Қараўзак тумани