Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#ишимлик_суў
#рәсмий_мүнәсибет
✅Районның тийисли тараў басшылары менен мобиль интервью таярланды.
Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
👉@QaraozekHakimligi

Сессия күн тәртибинде дәслеп «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамыныӊ жойбары ҳаққында»ғы мәселе көрип шығылды.
Бул маселе бойынша Жоқарғы Кеӊестиӊ Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитети ағзасы, Жоқарғы Кеңес депутаты Халила Ешимбетов баянат жасады.
Нызам жойбары менен ҳәрекеттеги 5 нызамға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў усынылмақта.
Атап айтқанда, «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатының статусы ҳаққында»ғы, «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Регламенти ҳаққында»ғы, «Парламентлик қадағалаў ҳаққында»ғы, «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳаққында»ғы, «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Халық депутатлары районлық, қалалық кеңеси депутатын шақырып алыў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамларына өзгерис ҳәм қосымшалар киригзилмекте.
Бул мәселе бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл етти.

Сессияныӊ күн тәртибиндеги кейинги мәселе, яғный, Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2022-жыл 28-январьдағы «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанныӊ раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы ПП-60-санлы Пәрманында белгиленген ўазыйпалардыӊ орынланыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ есабаты ҳаққындағы мәселе болып, бул мәселе бойынша Министрлер Кеӊесиниӊ Баслығы Қаҳраман Сариев сөзге шықты.
Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ атап өткениндей, биринши ярым жыллық жуўмағы менен жалпы аймақлық өним 103,5 пайызға, соннан, санаат 100,5 пайызға, аўыл хожалығы 103,3 пайызға, қурылыс 105,6 пайызға, хызмет көрсетиў 116,2 пайызға өсиўи тәмийинленген.
Аймақлық бағдарламаныӊ орынланыўын тәмийинлеў арқалы усы жылдыӊ жуўмағына шекем жоқары экономикалық өсимге ерисиў бойынша анық ис-илажлар белгилеп алынып, жалпы аймақлық өним 106,1 пайызға, соннан санаат 105,4 пайызға, аўыл хожалығы 103,1 пайызға, инвестициялар көлеми 102,4 пайызға, қурылыс 108 пайызға, хызмет көрсетиў 151,0 пайызға өсиўин тәмийинлеў илажлары көриледи.
Бул мәселе бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл етти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
website |facebook | telegram

Сондай-ақ, сессияда Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен 2022-жылдыӊ биринши ярымында әмелге асырылған жумыслары ҳаққында Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығыныӊ, ҳуқықбузарлықтың алдын алыў ҳәм олардың профилактикасы жағдайы ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң есабатлары, 2022-жылдыӊ биринши ярымында орынлардағы норма дөретиўшилиги жумыслары ҳәмде ҳуқықты қолланыў әмелиятыныӊ жағдайлары ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниӊ мәлимлемеси тыӊланды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
website |facebook | telegram
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
website |facebook | telegram
Бул мәселелер бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл еткеннен соӊ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.
Депутатлар бул мәселе бойынша да тийисли қарар қабыл етти.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң отыз үшинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
website |facebook | telegram
Депутатлар бул мәселе бойынша да тийисли қарар қабыл етти.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң отыз үшинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
website |facebook | telegram
✍Қуралпада алты пуқараның мүрәжатлары унамлы шешилди.
✅Қараөзек районы "Қуралпа" аўыл пуқаралар жыйыны екинши сектор аймағында жайласқан болып, аймақ турғынларына әсиресе, социаллық жәрдемге мүтәж инсанларға, сектор тәрепинен кәўендерлик илажлары жыл даўамында шөлкемлестирилип киятыр.
⚡️Бүгин «Қуралпа» АПЖ на, Қарақалпақстан Республикасы прокурорының орынбасары Е. Қайыпбергенов келип, аймақ халқы менен ушырасты ҳәм олардың мүрәжатларын қабыллады.
✅Қабыллаў даўамында, усы аймақтағы шаңарақ ҳәм жеке шерикшилик балалар бақшаларының баслықлары, Мәмбеткаримова Райхан ҳәм Досбергенова Дильбарлар бақшаны, азық-аўқатлық өнимлери менен еледе жетерли дәрежеде тәмийинлеў бойынша мүрәжатларын билдирди ҳәм сол жердиң өзинде унамлы шешимин тапты.
⚡️Сондай-ақ, еки пуқара үй алды қыйтақ жерлерин суўғарыў ушын жер асты кранын қурып бериў ушын жәрдем сорап, булардыңда мүрәжатларыда сол орында қанаатландырылды.
✅Қабыллаў соңында, аймақта шөлкемлестирилген шаңарақ ҳәм жеке шерикшилик балалар бақшаларына барып, жас нәўшелерге жаратылған шараятлар үйренилип, ҳәр түрли оқыў қураллары саўға етилди.
✍Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети