#KÓSHPELI_QABÍLLAW

KÓShPELI QABÍLLAW QARAÓZEK

Kadastr agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarması baslıǵı
Isatay Tleuovtıń 28-aprel kúni saat 10:00 de Qaraózek rayonında gezektegi kóshpeli qabıllawı ótkeriledi.

Mánzil: Qaraózek rayonı “Ǵárezsizlik gúzarı” MPJ Q.Kamalov kóshesi 14 jay, Kadastr agentligi bólimi imaratında.
Elektron manzil: [email protected]

https://t.iss.one/qrkadastr
🌹«Сыйқырлы қәлем» топары темасына

25-апрель – ХАЛЫҚАРАЛЫҚ ҚЫЗ ПЕРЗЕНТ КУНИ 🌺

ИСЕНИМ

Қыз перзентим қәдирданым,
Оның жаны мениң жаным,
Барлығы да баўырманым,
Аман-саў болың қызларым!

Исеним менен айтаман,
Қыз мийирман ул баладан,
Қыз перзентим бейиш маған,
Аман-саў болың қызларым!

Қыз перзентиң илаҳий,
Қыз өсирген жәннетий.
Бахытлы үй қызлы үй,
Аман-саў болың қызларым!

Гүлистаным бир бостаным,
Жеңисгүл ядый дәстаным,
Гүлдана диңке-димарым,
Аман-саў болың қызларым!

Сабрина сәним мениң,
Алтын-гәўҳар қәним мениң,
Қызыл алтын көргенлерим,
Аман-саў болың қызларым!

Алла исине көнемен,
Мың да бир қәтле шүкирмен.
Орыным мениң жәннеттен,
Аман-саў болың қызларым!

Ҳәр күни тилек тилесем,
Қызларым қалмас үлестен,
Бахытыма исенемен,
Аман-саў болың қызларым!

Алпысбай Ибадуллаев
#Онлайн

#Семинар

📌Қараөзек районында “Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислеў системасын жетилистириўге байланыслы ис-илажлар” ға бағдарланған оқыў семинары болып өтпекте.
⚡️Оқыў семинар 25-26-апрель күнлери райондағы кәсип-өнер мектебинде болып өтеди.
📌Бүгинги семинарға 13 мәҳәлледен сайланған ҳаял-қызлар белсендилери, район ҳәкими У. Утамбетовлар қатнасты.
⚡️Онда район ҳәкими мәҳәлле ҳаял-қызлар белсендиси лаўазымына жаңадан тайынланған ҳаял-қызлар менен сәўбетлесиў өткерип, алдағы исленетуғын жумысларына тоқтап өтти.
📌Семинар даўамында қатнасыўшыларға бир қатар тараў басшылары өзлериниң оқыў бағдарламалары тийкарында сабақлар өтип, ашық сәўбетлесиўлер тәризинде алып барды.
Семинар сораў-жуўаплар менен даўам етпекте.

Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
#Жасыл_макан

🌳Районымызда "Жасыл макан" улыўмамиллий жойбары шеңбериндеги жумыслар қызғын даўам еттирилмекте.
🌱Бул илажға районлық ХББ қараслы улыўма билим бериў мектеплериде өзлериниң салмақлы үлеслерин қосып, мектеп әтирапларын жабайы шөплерден тазалап, саяманлы декоратив тереклер менен ҳәр қыйлы гүллерди егиў жумысларын алып бармақта.
Ҳәзирги күнлери ыссыханалар қурылып, ишлерине мийўе-палыз егин егиў жумысларын ислеп атыр.

✍️Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
Баспасөз конференция болып өтти

⚡️Бүгин Қараөзек районы Әдиллик бөлими, район ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети менен биргеликте “Инсан қәдир-қымбаты ҳәм оның нызамлы мәплерин тәмийинлеўге қаратылған кең көлемли реформалар ҳаққында” ғы әмелге асырылған жумыслар бойынша баспасөз конференциясы болып өтти.
📌Конференцияға райондағы Әдиллик бөлими, юридикалық хызметлер көрсетиў ҳәм мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкерлери қатнасты.
⚡️Конференцияда районлық Әдиллик бөлими баслығы О. Джуманиязов “Инсан қәдир-қымбаты ҳәм оның нызамлы мәплерин тәмийинлеў бағдарындағы исленген жумыслар бойынша мағлыўматлар берип өтти.
📌Конференция сораў-жуўаплар менен даўам етти.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi