#Ҳаяллар бәнтлиги тәмийинленбекте

Райондағы "Ҳаяллар дәптерин" деги ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм оларға жеңиллетилген кредитлер алып жумыс баслаўы ушын кең қолайлықлар жаратылмақта. Усындай жеңилликлерден пайдаланып жумыс баслаған "Ата мәкан" МПЖ аймағында жасаўшы "Ҳаяллар дәптери" дизиминде турған пуқара Кабулова Дәмехан банктен жигирма бес миллион жеңиллетилген кредит алып, нан жабыў ушын тандырхана қурып жумыс баслады. Ҳәзир ол сол аймақтағы халықтың нан өнимлерине болған талабын қаанатландырып келмекте. Нәтийжеде шаңарағындағы ериниң бәнтлигиниң тәмийинлеп, хожалығына дәрамат киргизип киятыр.
Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

@QaraozekHakimligi
#Коррупцияға қарсы гүресиў
Районлық 16-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебиниң мәжилислер залында жынаят ислери бойынша Қараөзек районы судының баслығы Ж. Алланиязов, район прокуроры Н. Джоламанов ҳәм Ишки ислер бөлими баслығының орынбасары С.Тореевлардың қатнасында “Коррупция – ең әҳмийетли ҳәм глобал машқалалардан бири” атамасында райондағы мәкеме кәрхана шөлкемлер қатнасында ушырасыў болып өтти. Онда сөз алғанлар Мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиўде әмелге асырылып атырған кең көлемли иләжлар ҳәм оған қарсы гүресиўде биргеликте жумыслар алып барыў зәрүрлиги атап өтилди. Ушырасыў сораў жуўаплар менен даўам етти.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
👇👇👇@QaraozekHakimligi
#Ең_үлгили_ҳәм_дөретиўши_тәрбияшы
Өсип киятырған жас әўладты ҳәр тәреплеме жетик, бәркамал әўлад етип тәрбиялаўда өзлериниң үлесин қосып киятырған, өз кәсибиниң маманы болған тәрбияшылардың мийнетлери мәмлекетимиз тәрепинен қоллап-қуўатланбақта. Олардың кәсиплик шеберлигин асырыў мақсетинде районлық 13 мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде ислеўши тәрбияшылар арасында "Ең үлгили ҳәм дөретиўши тәрбияшы" атамасында таңлаў болып өтти. Таңлаўда тәрбияшылар өзлериниң кәсиплик шеберлиги, ис тәжирийбелерин әмелятта көрсетип, билимлерин сынақтан өткерди. Таңлаў жуўмағында III-орынды 1-санлы бақша тәрбияшысы А.Төлегенова ҳәм 5-санлы бақша тәрбияшысы Ж.Халмуратовалар, II-орынды 9-санлы бақша тәрбияшысы У.Қарлыбаева ҳәм I-орынды 2-санлы бақша тәрбияшысы Т. Абдимуратовалар ийеледи. Жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.
Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
Каналымызға ағза болың👇
@QaraozekHakimligi
Және бир спортшымыз – Зайнаб Дайыбекова Олимпиада жолламасына ийе болды

Ташкент қаласында даўам етип атырған қылышпазлық бойынша Азия-Океания лизензион жарысының екинши күни табыслы басланды, деп хабар береди Өзбекстан Миллий олимпия комитети. Жарыста және бир спортшымыз Зайнаб Дайыбекова жеңиске ерисип, Токио Олипиадасына жолламаны қолға киргизди.

Бул қылышпазлық бойынша спортшыларымыз қолға киргизген екинши жоллама болып есапланады. Жарыстың биринши күнинде Шерзад Мамутов та жеңиске ерисип, Олимпиада лизенциясына ийе болған еди.

Дерек: https://olympic.uz/oz/75877
#Хабарландырыў
Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарларына, басқа норматив Ҳуқықый ҳужжетлерге,2008-жыл 7-августтағы "Айырым пәнлер тереңлестирип үйренилетуғын қәнигелестирилген класлар, мәмлекетлик қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мәкемелери ҳаққында”ғы 173-санлы қарарына тийкарланып районымыздағы 2-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектеби инглис тили ҳәм математика пәни бағдарына қәнигелестирилген мектеп болып шөлкемлестирилди. Сол мүнәсебет пенен 2021-2022-оқыў жылы ушын белгиленген қабыллаў квотасына усы оқыў жылында тәлим алып атырған 4-класс оқыўшыларын математика пәни бағдарына оқыўға мират етемиз.
Манзил: Қараөзек районы, Ғәрезсизлик гүзары н/ж
Мағлыўмат ушын телефон:+99897-789-08-74
Қараөзек районы 2-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектеби.
#ТАЙЫНЛАЎ

Нөкистеги Президент мектебине жаңа директор тайынланды

Нөкис қаласындағы Президент мектебине Нурсылыў Балтабаева директор етип тайынлады.
Бул ҳаққында Kun.uz хабар бермекте.

Мағлыўмат ушын Нурсылыў Балтабаева усы күнге шекем Нөкис қаласындағы Президент мектебиниң арнаўлы пәнлер бойынша директор орынбасары лаўазымында жумыс ислеген.

@Karakalpak24
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
1966-жылы 26-апрель күни саат 05:23 те Ташкент қаласында күшли жер силкиниўи жүз берген. Сол ўақытта қалада бир ярым млн халық жасаған. Жер силкиниўи нәтийжесинде 300 мыңнан аслам адам баспанасыз қалған. Басқа республикалардың жәрдеми менен 3,5 жыл ишинде қала толық тикленген.

Дәрек: "Ўзархив" агентлиги

Каналға ағза болыў: @QResMinistrlerKenesi
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Жерлесимиз Зайнаб Дайыбекова барлық қарсыласларынан үстем келип, Токио-2020 Олимпиадасына жолламаны қолға киргизди.

Каналға ағза болыў: @QResMinistrlerKenesi
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Қарақалпақстан телеканалы

#Хабар бағдарламасы.

#Қараөзек районы урыс қатнасыўшысынан хабар алынды.

@QaraozekHakimligi
📣📣📣 ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

2021-жыл 28-апрель күни саат 14.00 да Қараөзек районында ҳуқықый жәрдемге мүтәж болған пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларды анықлап, орнында унамлы шешиў, зәрүр ҳуқықый жәрдем көрсетиў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы Г. Базарбаева ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды баслығы ў.а А.Нурлипесовлар тəрепинен көшпели қабыллаў өткериледи.

Қабыллаў бойынша төмендеги көрсетилген мəкəн ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларына мүрəжат етиўиңизге болады.

Қабыллаў орны ҳәм ўақты:

1. «Қутлымәкән» МПЖ 28-апрель саат 14:00
2. «Қараөзек» ППЖ 28-апрель саат 15:00
3. «Мәденият» АПЖ 28-апрель саат 16:00
4. «Қуралпа» АПЖ 28-апрель саат 17:00

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/ @QRSUDI
Исши топар үш аймақтың пуқаралары менен ушырасты
Қараөзек районында музей шөлкемлестириў бойынша исши топардың гезектеги ушырасыўы Ак.С.Камалов, А. Досназаров ҳәм Қойбақ аўыл пуқаралар жыйынларында болып өтти. Оған усы аймақлардың жасы үлкен нураныйлары, белсендилер, АПЖ баслықлары, билимлендириў мәкемелери директорлары ҳәм депутатлар қатнасты. Ушырасыўда районда шөлкемлестирилип атырған музейге район тарийхын сәўлелендириўши қол жазбалар ҳәм экспонатлар топлаўда аймақ турғынларын белсенди қатнасыўға шақырып, ушырасыў қатнасыўшылары бул басламаны қоллап-қуўатлап, бул мақсетли иске өз үлеслерин қосатуғынлықларын атап өтти.
Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

@QaraozekHakimligi
Толық оқыў:https://kknews.uz/kk/79076.html
Турақ жайларға хызмет көрсетиў системасын жақсылаў бойынша усыныслар көрип шығылды

@QaraozekHakimligi
Толық оқыў:https://kknews.uz/kk/79116.html
Еки мың бас туўалақ тәбият қушағына жиберилди

@QaraozekHakimligi