А.ДОСНАЗАРОВ АПЖ ДА БИР ШАҢАРАҚҚА ҚӘЎЕНДЕРЛИК КӨРСЕТИЛДИ.
Қараөзек районында 2020-жыл даўамында кем тәмийинленген жәрдемге мүтәж шаңарақларға район ҳәкимлиги тәрепинен қыс мәўсиминде район бойынша 52 шаңарақтың ҳәр бирине 800 кг нан көмирлер бийпул тарқатылды. Быйылғы жылыда усындай илажлар даўам еттирилип, бир қатар хожалықларға қәўендерлер тәрепинен жәрдемлер берилмекте. Жақында Қарақалпақстан Республикасы Үй-жай коммунал хызмет көрсетиў министрлиги Қараөзек районы бөлими бас қәнигеси А. Елмуратовтың қәўендерлигинде райондағы А. Досназаров АПЖ да жасаўшы социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақ О. Жолмановаға алты қалта көмир ҳәм азық-аўқатлық өнимлер жәрдем есабында берилди. Қәўендерлик илажлары районның басқада орынларында даўам етпекте. Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.

👇
@QaraozekHakimigi
Huqıqıy málimleme QR
Нызамшылықтағы ең соңғы жаңалықлар, күнделик өмирде дус келетуғын турмыслық мәселелерге ҳуқықый шешим, әпиуайы ҳәм түсиникли түрде көрсетилген видеоблоглар, әҳмийетли мағлыўматлар жәмленген инфографикалар, анимацион видеороликлер – ҳәммеси @huquqiyaxborot телеграм каналында!

Усы канал өзбек, қарақалпақ, рус ҳәм ингилиз тиллеринде жүритиледи.
Әдиллик министрлигиниң телеграмдағы каналларына жалғаныў:

Өзбек тилинде - @huquqiyaxborot

Қарақалпақ тилинде - @huqiqiymalimleme

Рус тилинде - @pravoinf

Инглиз тилинде - @leginf

“Ҳуқықый мәлимлеме ” менен әҳмийетли жаңалықлардан хабардар болың.
Нөкистеги Президент мектебиниң және бир питкериўшиси Уллы Британияның жоқары оқыў орнына қабылланды

Нөкис қаласындағы Президент мектебиниң 11-класс оқыўшысы Бийбимәрьям Жолдасбаева Уллы Британияда жайласқан Стерлинг университетиниң грантын утып алды ҳәм усы университетке оқыўға қабылланды.

Бул ҳаққында Президент мектебиниң Телеграмдағы рәсмий каналында мағлыўмат берилди.

Еслетип өтемиз, алдын Президент мектебиниң 11-класс оқыўшысы Зийнет Жийенбаева Америка Қурама Штатларының Аризона университетине оқыўға қабылланғаны ҳаққында хабар берген едик.

Дерек:@kknews_uz

@QaraozekHakimligi
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Президент "маҳаллабай" ишлаш тизими ҳақида: Ҳар бир хонадонда соат сайин ишонч пайдо бўлиши керак

Президент о системе работы в разрезе махаллей: В каждой семье должна крепнуть уверенность в завтрашнем дне

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Быйыл II Халықаралық бақсышылық фестивалы Қарақалпақстанда өткериледи

Толық оқыў:https://karakalpakstan.uz/kk/news/show/2773

@QaraozekHakimligi
Пиядалар көпири усы жылдың апрель айында пайдаланыўға тапсырылады

Дерек:https://karakalpakstan.uz/kk/news/show/2774

Каналға ағза болыў: @QaraozekHakimligi
МҮРӘЖАТНАМА БОЙЫНША АЙМАҚЛАРДА ҮГИТ-НӘСИЯТ ЖУМЫСЛАРЫ АЛЫП БАРЫЛМАҚТА
Бүгин «Мәденият» АПЖ аймағындағы 9-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде 2020-жыл 29-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатнамасын аймақларда кең үгит-нәсиятлаў мақсетинде ушырасыў болып өтти. Ушырасыўға Өзбекстан «Адолат» социал демократиялық партиясынан 15-санлы «Бердақ» сайлаў округи депутаты С.Сайымова, 9-санлы улыўма орта билим бериў мектеби жаслар жетекшиси Н.Казақбаев, әмелиятши психолог Г.Султановалар қатнасты. Илаж даўамында Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатнамасының мазмун-мәниси әҳмийети ҳәм де аймақты социаллық раўажландырыў бағдарында 2021-жылда әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында кеӊ түрде түсиниклер берилди.
Қәраөзек районы мәлимлеме хызмети
👇
@QaraozekHakimligi
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
ЖЕРЛЕСИМИЗ Ж. БЕРДИМУРАТОВ ОЛИМПИАДА ЖАРЫСЫНА ТАЯРЛЫҚ КӨРМЕКТЕ.
2021-жылы Токио қаласында болып өтетуғын Олимпиада ойынларына қатнасыў имканиятын қолға кириткен жерлесимиз Ж. Бердимуратов ҳәзирги күнде, Хорватия пайтахты Загреб қаласында жарысқа қатнасыў ушын шынығыўлар алып бармақта.
Ж.Бердимуратовтың шынығыўларынан видео көринислер.


@QaraozekHakimligi
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Биз аўылласымыз жас спортшы Ж.Бердимуратовқа Олимпиада ойынларында қарсыласларынан үстин келип, елимиз байрағын бәлентлерге көтериўине тилеклес болып қаламыз.

@QaraozekHakimligi
«БИОЛОГИЯ» ПӘНИНЕН АШЫҚ САБАҚ ӨТКЕРИЛДИ.
Қараөзек районындағы 18-санлы мектептиң «Биология» пәни муғәллими З.Нурбекова «Витаминлер» темасында ашық сабақ өтти. Оған мектептиң 8-класс оқыўшылары белсене қатнасты. Ашық сабақта инсан организми ушын ең зәрүр болған мийўе өнимлериндеги витаминлердиң пайдасы сабақ барысында оқыўшыларға электрон доскалардан пайдаланған ҳалда түсиник берип өтти. Ашық сабақ оқыўшылардың сораўлары менен даўам етип, оған қатнасқан оқытыўшылар өз-ара тәжирийбелер алмасты.
Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
Каналымызға ағза болың👇
@QaraozekHakimligi
МЕКТЕПЛЕРДИҢ ҚЫС МӘЎСИМИНДЕГИ ЖУМЫСЛАРЫ КӨЗДЕН ӨТКЕРИЛДИ.
Қараөзек районлық ХБ бөлимине қараслы мектеплердиң қыс айларындағы жумыслары районлық айрықша жағдайлар бөлими, районлық ХБ хызметерлери менен биргеликте алып барылды. Райондағы “Есимөзек” АПЖ орайындағы 11-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде 2020-2021 жыллардағы гүз-қыс мәўсимине таярлық көриў, мектеп имаратларындағы жылытыў қазанларының қәўипсизлик қағыйдаларына қатаң түрде әмел етиўкереклиги бойынша көргизбели илаж өткерилди. Онда оқыў имаратларының саз ҳалатта екенлиги ҳәм де сыртқы жылытыў тармақларының жыллылық сақлаўшы материаллары (изоляция) менен қапланғанлығын, көмир жанылғысының сыпатлы сақланыўы көзден өткерилди. Сондай-ақ, мәўсимлик от жағарларға билимлендириў мәкемелеринде өрт ҳәм басқада унамсыз ҳәдийселердиң алдын алыў бойынша түсиндириў жумыслары алып барылды.
Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети👇
@QaraozekHakimligi
ИСБИЛЕРМЕНЛЕРДИҢ ЖАСЛАР МЕНЕН УШЫРАСЫЎЫ ӨТКЕРИЛДИ.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың Олий Мажлиске Мүрәжатнамасын ҳәмде 2020-жыл 25-декабрь күни өткерилген «Жаслар форумы» нда билдирилген пикир ҳәм усыныслары жаслар арасында кең түрде үгит- нәсиятланбақта. Усы мүнәсебет пенен Өзбекстан жаслар аўқамы Қараөзек районлық Кеңеси ҳәм Халық банк Қараөзек районлық филиалы хызметкерлери менен биргеликте жаслар менен ушырасыў шөлкемлестирилди. Ушырасыўда оқыўшы жасларға тараў басшылары, банк тәрепинен берилетуғын кредит түрелери олардың пайызлары бойынша түсиниклер берип өтти. Усындай ушырасыў райондағы 33-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде болып, оған «Тербенбес» ЖШЖ баслығы А.Палўанов ҳәм жаслар қатнасты. Ушырасыўда жас исбилермен А. Палўанов исбилерменлик жумысларын басламақшы болған оқыўшылар менен кеңнен пикир алысып, олардың алдағы режелери менен танысты ҳәм жасларға кең түсиниклер берди.
Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети👇
@QaraozekHakimligi