РАЙОНДА БИЙДАЙ ТӘРБИЯ ЖУМЫСЛАРЫ БАСЛАНДЫ.
Бүгинги күнде Қараөзек районындағы фермер хожалықлары 2021 жылдың бийдай өними ушын атыз басларына жергиликли төгин шығарыў жумысларын шөлкемлескенлик жағдайында жүргизип атыр. Райондағы 244 фермер хожалығы өткен жылы 4000 гектар майданға гүзлик бийдай егип, егилген бийдай атызларының ҳәр бир гектарына 5 (бес) тоннадан жергиликли төгин шығарып тәрбия ислерин басландырып жиберди. Районда жәми болып 20 000 (жигирма мың) тонна жергиликли төгин шығарыў белгиленген болса, бүгинги күнге келип 20560 тонна жергиликли төгин, егилген бийдай атыз басларына шығарылды. Ҳәзирги күнде бийдай атызларына жергиликли төгин шығарыў жумыслары даўам етпекте.
Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
👇@QaraozekHakimligi
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Қарақалпақстан телеканалы

#Хабар бағдарламасы.

#Қараөзек районы Гидропоника жумыслары.

@QaraozekHakimligi
ДЫҚҚАТ!

Сексеўил өсимлиги туқымын қабыллаў бойынша график тастыйықланды
Оған муўапық, 2021-жылдың 20-24-январь күнлери аралығында Арал теңизиниң қурыған ултанында тоғай-мелиорация илажларына зәрүр болған сексеўил өсимлиги туқымы қабылланады.

🏘 Яғный, усы жылдың 20-январьда "Мойнақ", 21-январьда "Арал" , 22-январьда "Жайҳун" , 23-январьда "Таллыөзек", 24-январьда "Дослық" мәкан пуқаралар жыйыны аймағы турғынлары тәрепинен жыйналған туқымлар Мойнақ мәмлекетлик тоғай хожалығы имаратында қабылланады.

🏘 Соның менен бирге, усы жылдың 20-январьда "Тикөзек", 21-январьда "Үшсай" , 22-январьда "Бозатаў" , 23-январьда "Мәдели", 24-январьда "Ҳәким ата" аўыл пуқаралар жыйыны аймағы турғынлары тәрепинен жыйналған туқымлар "Таллыөзек" мәкан пуқаралар жыйыны имараты ҳәм "Аква санаат" мәмлекетлик унитар кәрханасы қоймаханасында қабылланады.

🏘 Ал, районның ең шетки аймағы болған "Қазақдәрья" аўыл пуқаралар жыйыны турғынлары тәрепинен жыйналған туқымлар усы жылдың 20-24-январь күнлери аралығында Қазақдәрья тоғай хожалығы имаратында қабылланады.

Туқым қабыллаў азаңғы саат 09:00 ден кешки 18:00 ге шекем даўам етеди. 1 кг туқымға 15 000 (он бес мың) сўм төленеди.

👆Соны да еслетип өтемиз, ҳәр бир аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйыны график тийкарында тастыйықланған сәнеде туқым тапсырыўы шәрт. Басқа күнлери қабыллаўға тыйым салынады.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:@QresMinistrlerKenesi
Президент ҳужжатлари ижроси бўйича янги тизимни йўлга қўйиш масалалари юзасидан йиғилиш ўтказилди.
Сўнгги 4 йилда 2 мингга яқин фармон ва қарорлар қабул қилингани, лекин уларнинг бажарилиши қониқарли эмаслиги қайд этилди.
Ҳужжатларни амалиётда қўллашга кўмаклашиш мақсадида адлия вазири ўринбосарлари марказий идораларга бириктирилди.
Қарорлар ижроси юзасидан манзилли ва тематик ўрганишлар ўтказиш топшириғи берилди.

Состоялось совещание по вопросам организации новой системы исполнения актов Президента.
Указано на неудовлетворительное состояние исполнения указов и постановлений, которых за последние 4 года было принято около 2 тысяч.
В целях содействия практической реализации документов за центральными ведомствами закреплены заместители министра юстиции.
Поручено наладить целевое и тематическое изучение исполнения решений.

#Mirziyoyev #yigilish #ijro #adliya

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Қарақалпақстан Республикасы Киши санаат зоналары дирекциясы таңлаўға мирәт етеди

Толық оқыў:https://karakalpakstan.uz/kk/news/show/2735

@QaraozekHakimligi
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Мойнақта "Бурлак" маркалы автомобиль ойлап табылды

Мойнақ районы турғыны Алёша Өтеўлиев көллерге ҳәм басқа автомобиллер барыў қыйын болған жерлерге барыў ушын "Бурлак" автомобилин ойлап тапты.
Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети хабар бермекте.

Алёша Өтеўлиев он дана автомобильдиң аўсық бөлеклеринен жаңа бир автомобиль жыйнаған ҳәм оны "Бурлак" деп атайды.

Атап айтқанда "Бурлак" "ГАЗ 66", "Матиз", "Тико", "Дамас" ҳәм басқа да автомобиллердиң аўсық бөлеклеринен жыйналған.

@QaraozekHakimligi
Қарақалпақстанның келешектеги раўажланыўын белгилеп берген басламалар

Толық оқыў:https://karakalpakstan.uz/kk/news/show/2736

@QaraozekHakimligi
«ЭЛЕСТА» ФЕРМЕР ХОЖАЛЫҒЫНДА СЕМИНАР ӨТКЕРИЛДИ
Райондағы «Бердақ» АПЖ да жайласқан «Элеста» фермер хожалығында 2021-жылдың аўыл хожалығы жумысларына арналған семинар кеңес болып өтти. Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министри А.Якупов, район ҳәкиминиң аўыл хожалығы бойынша орынбасары С.Досбергенов ҳәм фермер хожалық баслықлары қатнасты. Семинарда тийисли тараў басшылары шығып сөйлеп, егислик майданларды суўғарыўда суў тежеўши технологиялардан утымлы пайдаланыў ҳәм тамшылатып суўғарыў бойынша өзлериниң мәсләҳәтлерин берип өтти. Семинар фермерлердиң сораў жуўаплары менен даўам етти.
Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
👇@QaraozekHakimligi