«ҚОЙБАҚ»ТА ГҮЗ-ҚЫЗ МӘЎСИМИНЕ ТАЯРЛЫҚ ЖУМЫСЛАРЫ ҮЙРЕНИЛДИ
Президент Халық қабыллаўханалары хызметкерлери тәрепинен Республикада дүзилген Исши топар менен биргеликте Қараөзек районындағы «Қойбақ» АПЖ дағы социаллық объектлер ҳәм шаңарақлардың қыс мәўсимине таярлық жағдайлары үйренилди. Үйрениўлер даўамында социаллық объектлерде ысытыў системаларының оңлаў талап етилетуғын жағдайлары, көмир өнимлери ҳәм газ балонларының өз ўақтында жеткерилип бериў ҳалатлары, сақланыў тәртиплери ҳәм сыпатлары көрилди. Сондай-ақ, сектор ҳәм мәҳәллелер бойынша биринши нәўбетте социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж шаңарақлардың дизимине тийкар, “Темир дәптер”ге киргизилген шаңарақларға көмир, газ балонлары жеткерип берилмекте.

Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

@QaraozekHakimligi
ОН ҲАЯЛ-ҚЫЗ ҚАЙТА КƏСИПКЕ ТАЯРЛАНДЫ
Бүгинги күнде районымызда жасаўшы социаллық қорғаўға мүтəж ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша бир қанша нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда жумыссыз пуқараларды жумыс пенен бəнт етиў исбилерменликке тартыў, кәсип-өнерге оқытыў мақсетинде район көлеминде жасаўшы кем тәмийинленген социаллық қорғаўға мүтəж шаңарақлардан 10 жумыссыз ҳаял-қызларды районымыздағы Агроэкономика техникумында тигиўшилик кәсиби бойынша 3 ай мүддетке қайта кәсипке оқытып шеберлигин арттырды. Бундағы гөзленген тийкарғы мақсет жәмийетте ҳаял-қызлардың бəнтлигин тəмийинлеў болып табылады.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
«ҚОЙБАҚ»ТА МҮТƏЖ ШАҢАРАҚЛАРҒА ЖƏРДЕМ БЕРИЛДИ
Бүгин район ҳəкими райондағы «Қойбақ» АПЖ да болып, социаллық обьектлердиң гүзги-қысқы мəўсимге таярлығы халықтың ишимлик суўға мүтəжликлерин үйрениў мақсетинде усы орынлардың хызметкерлери менен ушырасып қыйнап атырған машқалалары менен танысты. Сондай-ақ жəрдемге мүтəж шаңарақлардан Қуралай Тоғызақова ҳəм Тамара Жолмурзаевалардың жағдайларынан хабар алып, азық-аўқатлық өнимлер менен балларына қысқы кийим-кеншеклер саўға етилди. Бундай қайырқомлық ислер даўам етип атыр.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

@QaraozekHakimligi