ЖЫНАЯТШЫЛЫҚТЫҢ АЛДЫН АЛЫЎҒА ҚАРАТЫЛҒАН ИЛАЖ

Бүгин районлық кəсип-өнер мектеби залында жынаятшылық ҳəм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға қаратылған илаж болып өтти. Илажға ҳəким орынбасарлары, районлық Мəҳəлле ҳəм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими, районлық ИИБ хызметкерлери ҳəм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының баслықлары қатнасты.Илажда сөзге шыққанлар бүгинги күнде жынаятшылық ҳəм ҳуқықбузарлықлардың түрли көринислерин, оның келип шығыў себеплерин айтып өтиў менен бирге мектеп оқыўшылары арасында ҳəр қыйлы жынаятшылық ҳəм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша бирге ислесиўде пикир усынысларын билдирди.

Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
АНА ТИЛИ-МИЛЛЕТТИҢ КӨРКИ.

Дүнья тарийхынан баслап, әзел-әзелден ҳәр бир бир елдиң, ҳәр бир мәмлекеттиң дини, мәденияты, тарийхы, сондай-ақ ана тили қәлиплесип келген. Соның ишинде ана тилиниң раўажланыўы әҳмийетли саналып келеди.
Солар қатары Өзбекстан Республикасының да өз алдына усындай әҳмийетли байрамы бар. Бул мәмлекетимиздиң ана тили болған өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилиўи есапланады. Ҳәр жылы 21-октябрь "Өзбек тили" байрамы сыпатында елимизде кең түрде нышанланып келинеди. Усы жыл болса бул байрамға саррас 31 жыл толады. Өткен дәўир ишинде өзбек тилиниң және де сайқалланыўы, әдебийлиги, тарийхыйлығы, дүнья аренасындағы әҳмийетин ҳәм де дәрежесин жоқарылатыўға қаратылған бир қатар мәдений, руўхый-ағартыўшылық изленислер, илимий изертлеўлер алып барылмақта.
Ҳәр жылы бул байрам көтериңки руўхта ҳәр бир тараўда, кең жәмийетшиликте белгилениўи үрдиске айланған. Себеби мәмлекетимизде ана тилимизди және де раўажландырыў ҳәм жетилистириў, оның миллий руўхын арттырыў, мәденият ҳәм көркем өнерин жоқары дәрежелерге көтериў, сондай-ақ латын графикасына тийкарланған өзбек алфавитин енгизиў тараўында қабыл етилген мәмлекетлик бағдарламаның орынлаўыныўын тәмийинлеў барысында әмелге асырылып атырған ислер мақтаўға ылайық.
Миллетти миллеттен ажыратып турыўшы бул бийбаҳа байлығымыз тил арқалы дүньяға танымалы көплеген дәстанлар, повестьлер, романлар жазылса, ана тилди улығлаўшы бир қатар нақыл-мақаллар көркем әдебиятымызды еле де байытып турмақта. Атап айтсақ, "Тилге итибар-елге итибар", "Тил елдиң көрки", ҳ.т.б.
Адамлардың өз-ара байланыс қуралы, Алла-тааланың уллы инамларынан болған тилимизди таза ҳалында сақлаў, оған ҳүрмет көрсетиў, қәдирлеў сыяқлы әҳмийетли пазыйлетлерди ҳәр биримиз терең сезиниўимиз керек. Мәмлекетимиздиң бәрше халқын 21-октябрь "Өзбек тили"не мәмлекетлик тил бийлиги берилген күни байрамы менен шын жүректен қутлықлайман. Ана тилимиз әсирден-әсирге, әўладтан-әўладқа мийрас болып, таза ҳалында жетип барыўда ҳәр биримиз үлкен үлес қоссақ, Ана-Ўатан алдындағы перзентлик парызымызды орынлаған боламыз.


Район ҳəкиминиң руўхый-ағартыўшылық ислери нәтийжелигин арттырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси.

@QaraozekHakimligi
Саноат тармоқларидаги 9 ойлик натижалар ва келгуси вазифалар муҳокамаси бўйича видеоселектор йиғилиши ўтказилди. Шу даврда саноат маҳсулотлари бўйича умумий кўрсаткич 2,7 фоизга камайгани танқидий таҳлил қилиниб, йил якунигача ишлаб чиқариш ҳажмларини таъминлаш чора-тадбирлари кўриб чиқилди.
Саноат корхоналари фаолиятини такомиллаштириш, халқаро бошқарув тизимини жорий этиш бўйича кўрсатмалар берилди.

Состоялось видеоселекторное совещание, посвященное обсуждению продуктивности отраслей промышленности за минувшие 9 месяцев и задач на период до конца года.
Критически проанализированы причины снижения общего объема промпроизводства на 2,7 процента, рассмотрены меры обеспечения намеченных объемов до конца года.
Даны поручения по совершенствованию деятельности промышленных предприятий, внедрению на них международной системы менеджмента.

#Mirziyoyev #videoselektor #iqtisodiyot #sanoat

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Шавкат Мирзиёев: Шундай оғир шароитда ҳар бир соҳага қарор қабул қилиб, жуда катта имкониятлар яратганимизда мана шундай натижалар бўлди

Шавкат Мирзиёев: Такие результаты стали возможными благодаря тому, что в таких сложных условиях были приняты точечные решения по каждой сфере и созданы большие возможности для роста

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Нөкис қаласы жақын келешекте усындай көриниске ийе болады

Видеода Нөкис қаласындағы «Истиқлол» балалар дем алыў орайында, «Өзбекстан» гүзары (алдынғы «Төрткүл» гүзары) бойында ҳәм «Дослық» (бурынғы «Қызкеткен») каналы бойында халықтың дем алыўы ушын жаратылатуғын шараятлар көрсетилген.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги «Өзбекстан» гүзары бойында жайласқан исбилерменлик субъектлери ҳәм халқымызды бирге ислесиўге шақырады.

Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

@QaraozekHakimligi
Толық оқыў:https://kknews.uz/kk/66217.html
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ ТОҒЫЗЫНШЫ СЕССИЯСЫ ҲАҚҚЫНДА МӘЛИМЛЕМЕ

@QaraozekHakimligi
НМПИ қызлар волейбол сайланды командасы Өзбекстан чемпионатының шешиўши туры алдынан 29 упай менен 1-орында бармақта

👉 Толық оқыў: https://karinform.uz/index.php?newsid=11198

@QaraozekHakimligi
РАЙОН ҲӘКИМИ ИСБИЛЕРМЕНЛЕР МЕНЕН УШЫРАСТЫ

Район ҳəкимлигиниң киши мəжлислер залында район ҳəкими Р.Жумабаев ҳəм сектор басшылары район аймағында өз исбилерменлигин жүритип киятырған бир қатар исбилерменлер менен ушырасты. Ушырасыўда район аймағындағы саўда орынларында азық-аўқат қəўипсизлиги, оның ишки базардағы сатылыў баҳаларының турақлылығын тәмийинлеў ҳəм бүгинги күнде исбилерменлердиң еркин өз жумысын даўам еттириўи жолында ҳəр қыйлы тосқынлықларды сапластырыў мəселелери бойынша тоқталып өтти. Ушырасыў даўамында исбилерменлер өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
ТЕРИМШИЛЕР ҚӘЎЕНДЕРЛЕРДЕН МИННЕТДАР.

Бүгинги күнде район пахтакешлери қырманға өзлериниң салмақлы үлеслерин қосып киятыр. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў жəмийети басшылары район ҳəкими менен биргеликте олардың пахта атызларында болып, теримшилерге ҳармасын айтты. Райондағы “Бердақ” аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан “Қараөзекли Батырбай” фермер хожалығының пахта атызындағы теримшилер менен сәўбетлесип, олардың машқалаларын ҳәм пикирлерин тыңлады. Буннан соң алдағы теримшилерге баҳалы саўғалар тапсырылып, оларға үлкен миннетдаршылық билдирди.

Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi