Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Экология мəмлекетлик комитети тəрепинен «Тоза ҳудуд» мəмлекетлик унитар кəрханасының районлық филиалларына жаңа автомобиллер тапсырылды.

Каналға ағза болыў: ➡️@QresMinistrlerKenesi
ЕСИМӨЗЕК ҲƏМ МƏДЕНИЯТ БƏЙГИ СЫЗЫҒЫНА ЖАҚЫНЛАСТЫ.

Райондағы “Есимөзек” ҳəм “Мəденият” аўыл пуқаралар жыйынының фермер хожалықлары күн сайын пахта теримине пəт ендирип, бəйги сызығына жақынласпақта. Мəўсим басынан бүгинги күнге “Есимөзек” АПЖ 95,6% “Мəденият” АПЖ 94,2 % пахта зүрəəтин жетистирип, район қырманына салмақлы үлеслерин қоспақта. Район ҳəкиминиң басшылығында сектор басшылары менен биргеликте усы хожалықлардағы алдыңғы теримшилерге ҳармасын айтып, теримшилерге фермерлер тəрепинен жаратылған шараятлар менен танысты. Сондай-ақ усы күни алдағы теримшилер хошаметленип, баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
👇👇👇
@QaraozekHakimligi

ТИЛ МИЛЛЕТИҢ БАЙЛЫҒЫ.

Тил-ҳәр бир миллеттиң үлкен байлығы, бийбаҳа мүлки болып есапланады. Ҳәр бир халық, ҳәр бир миллет өзи ҳүрметлейтуғын ҳәм қәдирлейтуғын тилге ийе. Ҳәзирги дәўирде, тил социаллық раўажланыўда әҳмийетли орын ийелейди. Тил-ҳәр бир миллет өзлигиниң ажыралмас белгиси болып есапланады. Усы жылы «Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик тили ҳаққында»ғы нызамы қабыл етилгенлигине 31 жыл толады. Ҳәр жылы 21-октябрь елимизде өзбек тилине мәмлекетлик тил статусы берилген күн сыпатында кең түрде белгиленеди. Сол мүнәсебет пенен районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 2-санлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектебинде «Тил миллеттиң байлығы» атамасында руўхый ағартыўшылық илажы өткерилди. Илажға Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қараөзек районлық бөлими баслығы М.Атажанов, мектептиң бирлеспе баслықлары, оқытыўшылар ҳәмде оқыўшы жаслар қатнасты. Илаж барысында оқыўшы жаслар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди.

Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
ҚАРАӨЗЕКТЕН 5 ҲАЯЛ-ҚЫЗ ЖОҚАРЫ ОҚЫЎ ОРНЫНА ГРАНТ ТИЙКАРЫНДА ОҚЫЎҒА ҚАБЫЛЛАНДЫ
Президентимиздиң басламасы менен быйылғы оқыў жылынан баслап ҳаял-қызлардың жоқары билим алыў имканиятын кеңейтиў мақсетинде 4 процентлик мәмлекетлик грант тийкарында квота ажыратылғаны елимизде ҳаял-қызлар ушын үлкен имканият болды. Усы тийкарда Қараөзек районы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими тәрепинен 81 ҳаял-қыздың мүрәжатлары көрип шығылып, оларға усыныснамалар берилди. Районнан усы имканият тийкарында 5 ҳаял-қыз жоқары балл топлап, студент болыў бахтына мияссар болды. Соннан Қарақалпақстан медициналық институтына екеўи, Қарақалпақ мәмлекетлик университетине үшеўи, грант тийкарында оқыўға қабыл етилди. Буның ушын жасларымыз Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигине шексиз миннетдаршылығын билдирди. Солардың ишинде Гулназ Турабаева Қарақалпақстан медицина институтының студенти болыўға еристи. Гулназ Турабаева кишкенелигинен шыпакер болыўды əрман еткен. Оның ендиги мақсети халықтың ден-саўлығын беккемлеў, сапалы медициналық хызмет көрсетиў бағдарында елимизде алып барылып атырған ислерге өз үлесин қосыў ушын терең билим алыў болып табылады. Қараөзек районлық мəҳəлле ҳəм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлиминиң жуўаплы хызметкерлери Гулназды ерискен табысы менен қутлықлап арнаўлы сертификат ҳəм саўғаларын тапсырды. Елимизде ҳаял-қызлардың жоқары билимге ийе болыўы ушын жаратылып атырған кең имканиятлар олардың кəсип ҳəм өнерге ийе болыўы арқалы өмирде өз орнын табыўына негиз болады.

Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
Хитой ва Жанубий Корея билан ҳамкорликдаги лойиҳалар ижросини танқидий кўриб чиқишга бағишланган йиғилиш ўтказилди. “Йўл хариталари” ижроси оқсаётгани, иш тизимли олиб борилмаётгани кўрсатиб ўтилди.
Барча қўшма лойиҳаларни танқидий кўриб чиққан ҳолда, уларни белгиланган муддатларда сифатли амалга ошириш бўйича янгиланган “йўл хариталари” тайёрлаш, келгуси йил учун янги истиқболли дастурлар ишлаб чиқиш топшириқлари берилди.

Состоялось совещание, посвященное критическому анализу реализации проектов в сотрудничестве с Китаем и Южной Кореей. Указано в частности на задержки в реализации «дорожных карт», отсутствие системной работы.
Поручено критически пересмотреть все совместные проекты, подготовить обновленные «дорожные карты» по их качественной и своевременной реализации, разработать новые перспективные проекты на следующий год.

#Mirziyoyev #yigilish #eksport #investitsiya

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter