Москва мэри Сергей Собянин Россия пайтахтында коронавирус жағдайлары сезилерли дәрежеде пәсейгенине тийкарғы себеп қала халқының 60 процентинде коронавирус инфекциясына қарсы «жәмәәтлик иммунитет қәлиплесиўи», деп атап өтти.

Дерек:https://www.gazeta.uz/uz/2020/07/17/herd-immunity/?utm_source=push&utm_medium=telegram

@QaraozekHakimligi
💰 Онлайн-микроқарызлар

Ҳәзирги күни 12 банк тәрепинен мобил телефон программалары арқалы онлайн микроқарыз алыў имканияты жаратылған. Бул хызметтен тийкарынан банктың клиентлери (ис ҳақы жойбары бойынша банкта карта ашқанлар) пайдаланыўы мүмкин. Кредиттиң анық суммасы скоринг анализинен кейин белгили болады. Кредитлер 1 айдан 18 айға шекем бериледи.

✔️Ипотека банк:
◦ мүддети – 18 айға шекем;
◦ проценти – жыллық 23 %;
◦ муғдары – 22.3 млн. сўмға шекем;

✔️Инфинбанк:
◦ мүддети – 18 айға шекем;
◦ проценти – жыллық 23,99 %;
◦ муғдары – 16 млн. сўмға шекем;

✔️Жипек жолы банк:
◦ мүддети – 12 айға шекем;
◦ проценти – жыллық 24 %;
◦ муғдары – 20 млн. сўмға шекем;

✔️Санаатқурылысбанк:
◦ мүддети – 12 айға шекем;
◦ проценти – жыллық 24 %;
◦ муғдары – 22.3 млн. сўмға шекем;

✔️Асака банк:
◦ мүддети – 12 айға шекем;
◦ проценти – жыллық 24%;
◦ муғдары – орташа бир айлық ис ҳақы;

✔️Миллий банк:
◦ мүддети – 12 айға шекем;
◦ проценти – жыллық 24%;
◦ муғдары – 5 млн. сўмға шекем;

✔️Агро банк:
◦ мүддети – 12 айға шекем;
◦ проценти – жыллық 24%.
◦ муғдары – 5 млн. сўмға шекем;

✔️Трастбанк:
◦ мүддети – 12 айға шекем;
◦ проценти – жыллық 24%;
◦ муғдары – 5 млн. сўмға шекем;

✔️Халық банки:
◦ мүддети – 3 айға шекем;
◦ проценти – жыллық 24%ға шекем;
◦ муғдары – 3 млн. сўмға шекем;

✔️Микрокредитбанк:
◦ мүддети – 3 айға шекем;
◦ проценти – жыллық 24%;
◦ муғдары – орташа бир айлық ис ҳақы ярымы;

✔️Туран банк:
◦ мүддети – 3 айға шекем;
◦ проценти – жыллық 24%;
◦ муғдары – 2,2 млн. сўмға шекем;

✔️Алоқа банк:
◦ мүддети – 1 ай;
◦ проценти – жыллық 24%;
◦ муғдары – 2,2 млн. сўмға шекем;

☝️Банк хызметлери хаққында қосымша мағлыўматларды банклердиң рәсмий сайтлары ҳәм телефонлары арқалы алыўды усыныс етемиз.

👇 Каналға ағза болың👇
https://t.iss.one/joinchat/AAAAAFhLpYZJWewSbNJ7Cw
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
БРИФИНГ

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қаҳраман Раматуллаевич Сариевтиң аймақтағы эпидемиологиялық жағдай бойынша өткерген онлайн брифинги

Текстти оқыў: https://karakalpakstan.uz/uz/news/show/2200

@QaraozekHakimligi
❗️Бүгин Өзбекстанда 579 адамда коронавирус анықланды, 4 наўқас көз жумды, 92 наўқастың аўҳалы аўыр

Жаңа кеселлениўлер: 441 — наўқаслар арқалы жуқтырған, 138 — шет елден келген (карантин шөлкемлеринде).

🛏 Даўаланып атырғанлар — 6976 .

@ssvmatbuotkotibi

@koronavirusinfouz
#ниқобтақинг
#масофасақланг
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Абитуриент – 2020 : ТАТУ Нөкис филиалы сизлерди шақырады.

@QaraozekHakimligi.
Бакалавриат тәлим бағдарларының қазақ ҳәм түркмен тиллеринде оқытылатуғын топарларына ҳүжжет тапсырған абитуриентлер дыққатына!

Бакалавриат тәлим бағдарларының қазақ ҳәм түркмен тиллеринде оқытылатуғын топарларына ҳүжжет тапсырғанда сизиң улыўма билим бериў мектебиниң қазақ ямаса түркмен тили бойынша классларын питкергениңиз есапқа алынатуғынлығын ескертемиз.

Әпиўайы етип айтқанда, абитуриент бакалавриат тәлим бағдарларының қазақ ҳәм түркмен тиллеринде оқытылатуғын топарларына ҳүжжет тапсырыўы ушын мектепте усы тиллерде оқытылатуғын классларды питкерген болыўы шәрт.

Мектепте басқа тиллер бойынша питкерген абитуриентлердиң ҳүжжетлери қабыл етилмейди.

Ҳүжжетлер тексерилип, абитуриентлерди имтиханларға жибериўде усы талаплар қатаң түрде есапқа алынатуғынлығын ескертемиз.

Егер абитуриент буннан бийхабар болып ҳүжжет тапсырған болса, 20-июльға шекем (усы күни де) өзгертиўин сораймыз. 20-июльдан кейин өзгертиў имканияты болмайды.

Дерек:Karinform.uz

@QaraozekHakimligi
COVID-19 кеселлигиниң ерте пайда болыўшы белгиси анықланды

 Испан илимпазлары изертлеўлерине көре,  коронавирус жуққанының ең ерте пайда болыўшы белгиси бул аўыз бослығы силекей қабатында пайда болыўшы жаралар (таспалар) — энантема есапланады. Илимпазлар бул ҳаққында "JAMA Dermatology" илимий журналында жәриялаған, деп мағлыўмат бермекте 'Kun.uz'.

40 жастан 69 жасқа шекемги  наўқаслар арасында өткерилген изертлеўлер наўқаслардың 29 пайызында аўыз бослығында жаралар(таспалар) пайда болғанын көрсеткен. Итибарлы тәрепи, бул белги қалған симптомлар (дене температурасы көтерилиўи,  буўлығыў,  дәм,  ийис билмеў ҳәм басқалар ) дан көре орташа еки күн алдын пайда болған.

Ҳәзирги ўақытта илимпазлар бул симптомның дүня бойлап қаншелли көп бақланып атырғаны бойынша анық мағлыўмат айта алмайды,  оның ушын жаңа изертлеўлер өткерилиўи кереклиги билдирилген.

Буннан алдын Россия Денсаўлықты сақлаў министрлиги де коронавирусқа шалынғанлықтың дәслепки белгиси теридеги өзгерислер болыўы мүмкинлигин билдирген еди. 

Дерек: KRuz.uz

@QaraozekHakimligi
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Үйде отырып карантинди кеүилли хам пайдалы өткериуди калейсизбе?


Олай болса,Қарақалпақстан футбол ассоциациясы тәрепинен 2020 жыл 1-августь күнине шекем жарияланган акцияга катнасың!
Акцияда 7 жастан 12 жас аралықлар қатнасса болады. Акция шәртлери еки аяқта топты көп теўгенге ҳәм бас пенен топты көп урғанға, 1,2 орынды ийелегенлерге саўғаларымыз бар.
Видеоларды @KKFA_admin адресине жөнетсеңиз болады.
⚡️⚡️⚡️Нөкис қаласына кирип-шығыў, қала ишинде автомобильде ҳәрекетлениў 1-августқа шекем тоқтатылды. Орайлық дийқан базары, қурылыс базары ҳәм ири саўда орайларының жумыслары да ўақытша тоқтатылды

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызметиниң «Karakalpakstan.uz»ға хабар бериўинше, эпидемиологиялық жағдайға байланыслы 2020-жылдың 20-июль сәнесинен баслап пайтахтымызда бурынғыдан өзгеше түрде жаңа тәртип енгизилмекте. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети хабар бермекте.

Бул ҳаққында бүгин Нөкис қаласына коронавирус инфекциясының кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша Нөкис қалалық арнаўлы комиссияcының 01/П-44-санлы мәжилис протоколы қабыл етилди.

Усы ҳүжжет тийкарында, Нөкис қаласы аймағында инфекцияның ҳәўиж алыўының алдын алыў мақсетинде 2020-жылдың 20-июль сәнесинен 2020-жылдың 1-август сәнесине шекем төмендеги күшейтилген карантин шеклеўлери орнатылмақта:

- Нөкис қаласы аймағына арнаўлы рухсатнамасыз (стикер) автотранспортлардың кириўи, шығыўы ҳәм қала ишинде ҳәрекетлениўи;

- Орайлық дийқан базары, қәнигелестирилген қурылыс базары, сондай-ақ, ири саўда орайларының жумысы жоқарыда белгиленген аралықта ўақытша тоқтатылады.

Протоколға муўапық, сондай-ақ, тийисли жуўапкерлерге Нөкис қаласындағы барлық пуқаралардың өзин-өзи басқарыў жыйынларында биринши дәрежели азық-аўқат өнимлери ярмаркаларын шөлкемлестириў ўазыйпалары жүкленген.

Ҳүрметли Нөкис қаласының турғынлары!

Сизди пайтахтымыздағы эпидемиологиялық жағдайды есапқа алып, өзиңиздиң ҳәм өзгелердиң денсаўлығына бийпәрўа болмаған ҳалда енгизилип атырған талапларға қатаң әмел етиўге шақырамыз!

Дерек:@karinformuz

@QaraozekHakimligi
Бүгин жоқары оқыў орынларының бакалавриат билимлендириў бағдарларына ҳүжжет тапсырыўдың соңғы күни. Нелерге үлгерип қалыў керек?

👉 Толық: https://karinform.uz/index.php?newsid=10938

@QaraozekHakimligi
Ҳафтанинг биринчи иш кунини Президент Шавкат Мирзиёев пандемияга қарши кураш ишларининг танқидий таҳлилидан бошлади. Тошкент шаҳри ва пойтахт вилоятидаги вазият видеоселектор йиғилишида кўриб чиқилди.
Шифохоналарни қўшимча ЎСВ аппаратлари ва бошқа ускуналар, дори-дармон билан таъминлаш, янги даволаш ўринларини кўпайтириш, ПЦР-таҳлил натижаларини тезлаштириш чоралари белгиланди.
Мутасаддиларга барча куч ва имкониятларни сафарбар қилиш топширилди.

Президент Шавкат Мирзиёев начал новую рабочую неделю с критического анализа работы по борьбе с пандемией. На видеоселекторном совещании рассмотрены ситуация в городе Ташкенте и столичной области.
Определены меры по обеспечению больниц дополнительным количеством аппаратов ИВЛ и другого оборудования, лекарствами, увеличению резервных коек, ускорению выдачи результатов ПЦР-анализа.
Ответственным лицам поручено мобилизовать все силы и возможности.

#Mirziyoyev #videoselektor #koronavirus #pandemiya

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
❗️Кеше Өзбекстанның 9 аймағында 566 адамда коронавирус анықланды, 4 наўқас көз жумды, 104 наўқас аўыр аўҳалда

Жаңа кеселлениўлер: 456 — наўқас пенен байланыс арқалы жуқтырған, 110 ы — шет елден келген (карантин шөлкемлеринде).

🛏 Даўаланып атырғанлар — 7386

Толық: @ssvmatbuotkotibi

@QaraozekHakimligi
Қарақалпақстан Республикасы Коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў илажларын муўапықластырыў бойынша оператив Штабының жанында “CALL CENTER” – медициналық орайы өз жумысын баслады.

“CALL CENTER” – медициналық орайы ҳәр күни 24 саат даўамында Қарақалпақстан Республикасы халқыныӊ коронавирус инфекциясынан медициналық жақтан қорғалыўын күшейтиў, инфекцияның белгилери пайда болған жағдайда зәрүр мәсләҳәт ҳәм мәлимлеме бериў, бирлемши емлеў-профилактикалық мәкемеси ҳәм аймақлық шыпакерлер менен байланысты орнатыў, инфекцияға тест тапсырыў ҳәм нәтийжелерин билиў бойынша күни-түни жумыс алып барады.

“CALL CENTER” – медициналық орайына Республикалық емлеў-профилактикалық мәкемелериниӊ жоқары маманлықтағы шыпакерлери бириктирилген.

Ҳүрметли пуқаралар!

Егер Сизде саламатлығыӊыз ҳәм коронавирус кеселлиги менен байланыслы сораўларыңыз болса «CALL CENTER» медициналық мәсләҳәт орайыныӊ қысқа 1105 телефон номерине қоӊыраў етиӊ!

Өзиӊизди ҳәм өзгелерди сақлаӊ!

@QaraozekHakimligi
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары - Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов қатнасындағы онлайн брифинг

Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Адлия вазирлиги ахборот хизмати раҳбари Севара Ўринбоева иштирокида брифинг
1-савол. Ёшим 53 да коллежни ётоқхонасида навбатчи вазифасида ишлайман. Карантин бошлангандан буён иш ҳаққимдан ушлаб қолишади сўрасам ишга келмаганим учун экан. Шу тўғрими? Шунингдек иш берувчи коллеж ёпилиши муносабати билан ўзингизга бошқа иш топинг деган огоҳлантириш хати ҳам берди ваҳоланки коллежни номи ўзгарди ҳалос. Шу ёшимда нафақага бир йил қолган қаердан иш топаман?
© UzReport

Каналга уланиш https://t.iss.one/studio_67
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Адлия вазирлиги ахборот хизмати раҳбари Севара Ўринбоева иштирокида брифинг

2-савол. Пандемия даврида ишдан бўшатиш қанчалик тўғри?
© UzReport

Каналга уланиш https://t.iss.one/studio_67
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Адлия вазирлиги ахборот хизмати раҳбари Севара Ўринбоева иштирокида брифинг

3-савол. Кўчада ниқобни тушириб юрганлиги учун неча сўм жаримага тортилиши керак ва жаримани тўлаш учун қанча муддат берилади?
© UzReport

Каналга уланиш https://t.iss.one/studio_67
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Адлия вазирлиги ахборот хизмати раҳбари Севара Ўринбоева иштирокида брифинг

4-савол. Менинг автомабилимда махсус руҳсатнома бор аёлим соғлиқни сақлаш тизимида ҳамшира кечки пайт шанба ва якшанба кунлари аёлимни ишдан қатаётганимда ўзим билан олиб келишим мумкинми?
© UzReport

Каналга уланиш https://t.iss.one/studio_67