ҒƏЛЛЕ ӨНИМИН ЖЫЙНАЎҒА АРНАЛҒАН ТАКТИКАЛЫҚ ОҚЫЎ ШЫНЫҒЫЎЫ.
2020-жылдың 3-июнь күни Қараөзек районында ғәлле орым-жыйымына пухта таярлық көриў, комбайнлар ҳәм автотранспорт техникаларын дала шәраятында көзден өткериў, ғəлле өнимин шөлкемлескенлик пенен орып жыйнап алыў, талан-тараж болмаўына жол қоймаў, өнимлерди жыйнаў, тасыў ҳәм қабыл етиў дәўиринде жүз бериўи мүмкин болған айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм ақыбетлерин сапластырыў, сондай-ақ, айрықша жағдайларда олардың алдын алыў ҳәм ҳәрекет етиўши мәмлекетлик тармағының райондағы төменги тармағы хызметлериниң күш ҳәм қуралларының ҳәр қыйлы жағдайларда туўры басқарыў сондай-ақ, тийисли хызметлер менен биргеликте ҳәрекет етиўин шөлкемлестириў мақсетинде, карантин қағыйдаларына қатаң әмел еткен ҳалда арнаўлы тактикалық оқыў шынығыўы өткерилди.Оқыў шынығыўының тийкарғы мақсети, ғәлле орым-жыйымы мәўсими дәўиринде айрықша жағдайларының алдын алыў.
Оқыў шынығыўы үш басқыштан ибәрат болып, биринши басқышта “Қараөзек машина трактор паркинде” комбайнлар ҳәм ғәллени тасыўшы жүк автомобиллериниң ғәлле орым-жыймына таярлығы, керекли болған
әсбап-үскенелери менен тәмийинленгенлиги ҳәмде айрықша жағдайларда олардың алдын алыў ҳәм ҳәрекет етиўши мәмлекетлик тармағының райондағы төменги тармағы хызметлериниң таярлығы жағдайы үйренилди.
Екинши басқышта ғәллени орып-жыйнап алыўда қатнасатуғын жумысшыларға шәрт-шәраятларды жаратыў яғный, дем алыў орны, мәдений ҳәм турмыслық хызметиниң шөлкемлестирилгенлиги, зәрүр болған товарлар менен тәмийинленгенлиги, ишимлик суўы барлығы, азық-аўқат ҳәм медициналық пункттиң шөлкемлестирилгенлиги “Мәденият” аўыл пуқаралар жыйынындағы “Абат” фермер хожалығы даласында өткерилди.
Үшинши басқышта ғәллени қабыл етиў шақапшасынан ғәллени
орып-жыйнап алыў майданына шекемги аралықтағы жөнелисли маршрутда ишки ислер бөлими тәрепинен қосымша рәўиште қадағалаў постының
ис хызмети үйренилип шығылды.
Төртинши басқышта “Шымбайдәнөнимлери” ЖШЖне қараслы Қараөзек дән қабыл етиў шақапшасының таярлығы, яғный, дән анализи лабораториясының жағдайы, ғəлле өнимин қабыл етип алыў, сақлаў ҳәм өрт қәўипсизлиги жағдайлары үйренилип шығылып, айрықша жағдайлар бөлими 6-санлы кәсиплестирилген өрт қутқарыў бөлекшеси қутқарыўшылары тәрепинен дән қабыл етиў шақапшасында өрт пайда болғанда өртти тезлик пенен сапластырылыўы әмелий тәрзинде көрсетип берилди.


Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
👇👇👇 @QaraozekHakimligi
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Камалак жулдызлары.

Жалелова.Асия.Қараөзек районы 10-санлы мектептиң 2-класс оқыўшысы "Камалак жулдызлары"Республикалық балалар фестивалы жеңимпазы.

Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.

@QaraozekHakimligi.
“ҚАРАӨЗЕКЛИ РАСУЛ” ФЕРМЕР ХОЖАЛЫҒЫ РЕСПУБЛИКАМЫЗДА БИРИНШИ БОЛЫП БИЙДАЙ ТАПСЫРЫЎ ЖОБАСЫН ОРЫНЛАП ШЫҚТЫ.
Караөзек районы быйылғы 2020-жылғы бийдай зүрәәти ушын 4300 га майданға бийдай егип, оннан мәмлекетке 9693 тонна бийдай өнимин жетилистириўди режелестирген. Нәтийжеде фермер хожалықлары усы майданлардан күтилгендегидей өним топлап бийдай түйеклеў жумысларын шөлкемлескенлик пенен баслап жиберди. Район аймағында фермер хожалықлары бийдайдан мол өним топлап мәмлекетлик жобаларын орынлап шықпақта. Райондағы Қараөзек аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан “Қараөзекли Расул” фермер хожалығы район ҳәм Республика көлеминде биринши болып мәмлекетке бийдай тапсырыў жобасын орынлап шықты. Фермер хожалығы 39 тонна орнына
65 тонна бийдай тапсырып зүрәәтликти гектарына 65 центнерге жеткерип, мәмлекетлик жобасын 167%ке орынлады. Районда бийдай жыйын терим мапазы шөлкемлескенлик пенен даўам етпекте.

Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
Давлатимиз раҳбари Тошлоқ туманидаги «Уз-Сеганг» қўшма корхонасида иш жараёни билан танишди.
Бу ерда йилига 16 минг тонна қишлоқ хўжалиги маҳсулотларини қайта ишлаш ва экспорт қилиш имконияти мавжуд. 100 миллиард сўм эвазига замонавий логистика маркази ташкил этилган. Италия, Туркия, Жанубий Корея ва Хитойдан илғор технологиялар келтириб ўрнатилган.
Президент бу корхонани хомашё билан таъминлаш, янги боғлар ва лаборатория ташкил этиш масалаларига эътибор қаратди, тегишли кўрсатмалар берди.

Глава государства ознакомился с деятельностью совместного предприятия «Уз-Сеганг» в Ташлакском районе.
СП способно перерабатывать и экспортировать 16 тысяч тонн сельхозпродукции в год. Здесь создан современный логистический центр стоимостью 100 миллиардов сумов, который оснащен передовыми технологиями из Италии, Турции, Южной Кореи и Китая.
Президент уделил внимание вопросам снабжения предприятия сырьем, организации новых садов и лабораторий, дал соответствующие поручения.

#Mirziyoyev #safar #Fargona #mevasabzavotchilik