1-декабрь – Қарақалпақ тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн

Қәдирли дослар!

Ең дәслеп, бәршеңизди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан бүгинги қутлы сәне 1-декабрь – Қарақалпақстан Республикасының “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилгениниң 35 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлаймыз.

Бәршеңизге мәлим, Тил – бул қарым-қатнас қуралы болыўы менен бирге, нешше әсирлер даўамында өзиниң қәдир-қымбатын жойтпай, бизге жетип келген бийбаҳа ғәзийне болып табылады.

Соны айрықша атап өтиўимиз тийис, ҳәр бир халықтың өзине тән өзгешелигин, ҳəр бир елдиң раўажланыў басқышларын ҳәм келешегин белгилеўде ана тилиниң тутқан орны айрықша саналады.

Мине, усы бийбаҳа байлығымызды көздиң қарашығындай сақлап, келешек әўладқа сап ҳалында жеткериў бәршемиздиң әдиўли ўазыйпамыз болып табылады. Сонлықтан, бул ўазыйпаның әҳмийетин түсинип, жасларымызды ана тилимизге, миллий қәдириятларымызға садықлық руўхында тәрбиялаў жолында бәршеңиз пидайылық көрсетесизлер деп беккем исенемиз.

Сизлерди және бир мәрте Қарақалпақстан Республикасының “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилгениниң
35 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, елимиздиң буннан былай да раўажланыўы жолындағы ийгиликли ислериңизде тасқын табыслар тилеймен.

Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
1-декабрь – Қарақалпақ тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн

Әзиз дослар!
Ең дәслеп, бәршеңизди Қараөзек районы ҳәкимлиги атынан 1-декабрь – Қарақалпақстан Республикасының “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилгениниң 35 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлаймыз.
Тил-бул миллеттиң байлығы.
Тил тек сөйлесиў қуралы емес, бәлким халықтың мәденияты, үрп-әдети, оның турмыс тәризи, тарыйхы болып табылады.
Тил – бул халықтың тарийхын, мәдений мийрасларын, турмыс тәризин, үрп-әдет ҳәм салт-дәстүрлерин өзинде жәмлестирген бийбаҳа ғәзийне.
Бүгинги күнде қарақалпақ тилиниң халқымыздың социаллық турмысында абыройы ҳәм орнын және де арттырыў, өсип киятырған жасларымызды Ўатанды сүйиўшилик, миллий дәстүр ҳәм үрип-әдетлерге садықлық, уллы ата-бабаларымыздың бай мийрасының даўамшысы руўхында тәрбиялаў, елимизде мәмлекетлик тилди толық енгизиўди тәмийинлеў бойынша бир қатар әмелий жумыслар алып барылмақта.
Буған мысал ретинде қарақалпақ тилиндеги жаңа сабақлықлар менен қолланбалардың, әдебий китаплардың, китапша ҳәм монографиялардың баспадан шығарылып, қарақалпақ тилин раўажландырыўға бағышланған илимий әнжуманлар менен басқа да илажлардың шөлкемлестирилип киятырғанлығын атап өтсек болады.
Ҳүрметли Ўатанласлар!
Сизлерди және бир мәртебе Қараөзек районы ҳәкимлиги ҳәм өзимниң атымнан 1-декабрь–Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн мүнәсибети менен гүллән халқымызды қутлықлайман.

Анвар Баймуратов
Қараөзек районы ҳәкими.

👇👇👇 
@QaraozekHakimligi
#спорт_жетискенлик

⚡️Усы жылдың 25-30-ноябрь күнлери Наўайы қаласында 2008-2009-жыллары туўылған қыз баллар арасында спорттың  «Еркин гүрес  ҳәм ҳаяллар гүреси»  бойынша  Өзбекстан Республикасы чемпионаты болып өтти.
Жарысқа Қараөзек районы спорт мектебиниң тәрбияланыўшылары Д. Утебаева 43 кг салмақта 2-орын, Ж. Умирзақова 46 кг салмақта 3-орынларды жеңип алыўға мияссар болды.
Спортшыларды таярлаған тренерлер А. Сипанова, А. Шектибаева.
Келешекте спортшы қызларымыз Өзбекстан, азия ҳәм жәҳән чемпионлары болып жетилисиўине тилеклес болып қаламыз!

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
👇👇👇 
@QaraozekHakimligi.
#Жасыл_мәкан

Районда әтирап аймақты абаданластырыў, көше бойларына терек ҳәм мийўели нәллерди егиў жумыслары даўам етпекте.
Бул иске районлық абаданластырыў бөлими, тоғай хожалығы ҳәм райондағы мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынлары турғынлары, жасларымыз белсендилик пенен қатнасып, районымызды жасыл мәканға айландырыўға салмақлы үлеслерин қосып атыр.
Бүгинги күнде район орайынан өтиўши жол бойлары, мәкеме әтираплары жаңадан егилетуғын орынлар тегисленип, жасыл маканға айландырылмақта.
Быйылғы гүз мәўсиминде район бойынша 375 мың дана декоратив ҳәм мийўе нәллер егилиў режелестирилип, ҳәзирдиң өзинде егис майданларына 320 мыңнан аслам мийўели ҳәм декоратив терек нәллери отырғызылды.
Бүгинги иләжға қатнасқан белсендилерге түски ўақытта ыссы аўқат шөлкемлестирилип, йошлы концерт бағдарламалары қойып берилди.
Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi.
#Жасыл_мәкан

⚡️Бүгинги өткерилген "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңбериндеги нәл егиў ҳәм абаданластырыў жумысларына төрт сектор басшылары қатнасып, бағ жаратылатуғын орынға мийўе нәллерин екти.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi