КЕҢПЕЙИЛЛИК ҲӘПТЕЛИГИ ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ

⚡️16-ноябрь– "Халықаралық кеңпейиллик күни" мүнәсибети менен Қараөзек районы “Қутлы мәкан” мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 28-санлы мектепте “Ағартыўшылық ҳәм миллетлерара татыўлық” сүрени астында “Өзбекстан – кеңпейил дияр” атамасында мәдений-ағартыўшылық илаж шөлкемлестирилди.
Иләжда социаллық-руўхый орталық турақлылығын тәмийинлеў, миллетлерара татыўлықты беккемлеў, жасларды жат идеялар тәсиринен қорғаў, жәмийетимизде халқымыз, әсиресе жасларымыз арасында кеңпейиллик, өз-ара ҳүрмет ҳәм мийрим-шәпәәт сезимин күшейтиў, жас әўладты Ана-Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Иләж даўамында қәбилетли оқыўшы жаслар тәрепинен концерт бағдарламалары қатнасыўшылар нәзерине усынылды.
Буннан соң мектеп жаслары тәрепинен “Дослық ушын” терек нәллери егилди.

➡️@QaraozekHakimligi
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#сиз_ушын_пайдалы

❗️Тамшылатып суўғарыў арқалы көп шығынсыз, 20% артық өним аласыз

Видеодағы усыл арқалы жер майданыңыздың қурғап кетпеўин тәмийинлеп, турақлы түрде бирдей нормада ығалландыра аласыз. Сондай-ақ, 15-20% артығы менен де өним алсаңыз болады.

📹 Видеоны егинлерин көп суўғаратуғын танысларыңызға жиберип қойың.
ҚАРАӨЗЕК РАЙОНЫ ИШКИ ИСЛЕР БӨЛИМИ ЕСКЕРТЕДИ!!!

Пиротехника өнимлери айрықша жағдайлар, яғный, өрттиӊ келип шығыўына ҳәмде аўыр жарақатлар жеткизилиўи мумкин.
Барлық ата-аналардан перзентлериӊиз тәғдирине бийпарқ қарамастан, оларды барқулла қадағалаўыӊызды сорап қаламыз!

ҲҮРМЕТЛИ РАЙОНЫМЫЗ ПУҚАРАЛАРЫ!

Егер Сиз, пиротехника өнимлериниӊ нызамсыз ҳәрекетлери менен байланыслы ҳуқықбузарлық жағдайына гуўа болсаӊыз, бул ҳаққында тезлик пенен, Караөзек районы Ишки ислер бөлиминиӊ 61-465-51-50 ямаса 61-465-52-31 телефон номерине мүрәжат етиўиӊизди сорап қаламыз.

Қараөзек районы Ишки ислер бөлими.

➡️@QaraozekHakimligi
Районда гүзги шүдигарлаўға арналған семинар болып өтти.

⚡️Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў жолындағы қарар ҳәм пәрманлары тийкарында аграр тараўға бир қанша жаңа техника ҳәм технологиялардың енгизилиўи нәтийжесинде тараў жаңа раўажланыў басқышына көтерилмекте.
Қараөзек районында шөлкемлестирилген семинарда, аўыл хожалығын буннан былай да раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған усы реформалардың мазмун-мәниси атап өтилди.
Семинарға, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Ш. Тешаев, район ҳәкими А. Баймуратов, тараўға байланыслы қәнигелер менен фермерлер қатнасты.
Семинарда 2025-жылдың аўыл хожалығы өнимлери егилетуғын егислик майданларды сапалы шүдигарлаў бойынша қәнигелер тәрепинен түсиник жумыслары алып барылды ҳәм механизаторларға азыў-аўқатлық өнимлер тапсырылды.
Буннан соң, семинар қатнасыўшылары районда өткерилип атырған "Жасыл мәкан" акциясына қатнасып, терек нәллерин отырғызды.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
Районда 200 шаңараққа қәўендерлик көрсетилди.

⚡️Бүгин район ҳәкими А. Баймуратов социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақ ағзалары менен ушырасып, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен жәрдемге мүтәж, майыплығы болған шахслардың турмыс шараятын жақсылаў, олардың бул өмирден разы болып жасаўы ушын шараят жаратып бериў жолында тынымсыз мийнетлерин атап өтти ҳәм пуқараларды қыйнап киятырған машқалалары бойынша кеңнен сәўбетлести.
Буннан соң, социаллық жәрдемге мүтәж, бағыўшысын жоғатқан, жасаў шәраяты аўыр, майыплылығы болған 200 шаңараққа қәўендер шөлкемлер тәрепинен таярланған азық-аўқатлық өнимлери берилди ҳәм қәўендер шөлкем басшыларына район ҳәкими миннетдаршылығын билдирип жасы үлкен нураныйлар ақ пәтияларын берди.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi
#Жасыл_макан

#Қараөзек_районы

🌴Қараөзек районында "Жасыл макан" жойбары шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар шөлкемлескенлик пенен даўам етпекте.
Район аймағы бойлап бул илажға, бир қатар мәкеме, оқыў орынларының мийнет жәмәәтлери белсене қатнасып, әтирап аймағына мийўели ҳәм декоратив нәллерин егиў ҳәм жол бойларын абаданластырыў жумысларын алып бармақта.
Бул иләжда район ҳәкими А. Баймуратов жойбар шеңбериндеги исленип атырған жумысларға қатнасыўшылар менен ушырасып, жойбардың мазмун-мәнисин жаслар санасына сиңдириў ҳәр биримиздиң ўазыйпамыз екенлиги ҳәм бул жумыслар келешек әўлад ушын жүдә зәрүр екенлигин атап өтти.
Нәл егиў жумысларына район ҳәкими менен бирге, Өзбекстан мәҳәллери аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқарма баслығы орынбасары М. Бабанязовта қатнасып өзиниң үлесин қосты.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi